Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:31:23, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИСМ — АДАМНЫҢ ЖОЛДАСЫ

Перзент дүньяға келгеннен кейин ата-ананың биринши ўазыйпасы ­ оған жақсы исм қойыў. «Нийетиң ­ жолдасың» дегениндей, жақсы нийетлер, арзыў-үмитлер менен қойылған исм ­ адамның жолдасы.

Бул ҳаққында Қураны Кәрим ҳәдислеринде де перзентке жақсы исм таңлаў ата-ананың ўазыйпасы екенлиги билдирилген.

Ата-бабаларымыздан кия­тырған бул үрп-әдетлеримиз бүгинги турмысымызда да өз әҳмийетин жойтқан жоқ. Перзент дүньяға келгеннен баслап жақсы нийет пенен исм таңлаў, бул ҳаққында жасы үлкенлердиң пикирин тыңлаў жақсы әдетлеримиздиң бири. Гейде исм қойыўға оғада итибар менен қарап, ойланып-тол­ғанып, қәтешилик кетпеўи ушын қағазға түсирип келетуғын инсанларды көрип қуўанамыз ҳәм ҳәўесимиз келеди. Лекин, бес бармақ бирдей емес, айырым жағдайларда ПҲАЖ бөлимине келип гүўалық алар ўақытта: «Қандай ат қойсам екен?» деп ойланып, гез келген исм­лерди қойып жиберетуғынлар да табылады. Исм қойыўға жеңил көзқараста болыўға болмайды. Себеби, өмири даўамында өзине қойыл­ған ат пенен шақырылатуғын болғаннан ке­йин исм адамның жолдасы болып қалады. 

ПҲАЖ бөлимине келип базыда ядына түскен кинофильм қаҳарманларының атларын ойланбастан қоятуғынлар да жоқ емес. Әсиресе, бул жас ерли-за­йыплылар арасында көбирек ушырайды. Мәселен, шет ел кинофильмлери қаҳарманлары исмлери бизиң менталитетимизге туўры келе ме! Ол исмниң қандай мағананы аңлататуғыны ҳеш ойландырмайды.

Ата-бабаларымыз исм таңлағанда келешегине жақсы нийет пенен, мәнисине итибар берип «жети өлшеп, бир кесип» исм қойған. Мәселен, Гүлайым, Гүлпаршын, Гүлистан ­ батырлыққа, әлемди гүлистанға айландырсын деп, ал, Саҳыпжамал ­ дүньядағы теңи-тайы жоқ сулыўлық ийеси болсын деп жақсы нийет пенен қойған. Себеби, исм адамның жолдасы ­ оны инсаныйлыққа, уллылыққа шақырып туратуғын күш есапланады. Туўылған перзенттиң камалаты ­ өз исмине садық, ылайық инсан болып жетилисиўине тилеклеслик пенен белгили бир мақсетке жетелейди.

Исм таңлаўда итибарлы болайық!

Г.ДОЩАНОВА,

Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF