Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:15:03, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАРЫМЫЗ  БАХТЫН  ЖУРТЫМЫЗДАН  ТАБАДЫ

Көпшилик жақсы биледи, 2017-жыл 30-июнь күни «Камалат» Жаслар жәми­йетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайында шығып сөйлеген Өзбекстан Президенти Ш.Мир­зиёев усы сәнени ғәрезсиз елимизде «Жаслар күни» сыпатында белгилеў басламасын алға қойған еди.

26-августта болса, «Өзбекстан Республикасы жаслары күнин белгилеў күни ҳаққында»ғы Нызам баспасөзде жәрияланды ҳәм күшке кирди. Мине, арадан бары-жоғы еки жыл өтти. Ҳәр жылдағыдай дәстүрге айланған «Жаслар күни»нде бир қатар илажлар, концертлер, спорт жарыслары, таңлаўлар ҳәм ушырасыўлар өткерилди.

Райондағы «Жаслар орайы»нда «Биз ­ баўыры кең Өзбекстан пер­зентлеримиз!» сүрени астында түрли миллет ўәкиллериниң миллий аяқ ойын фестивалы шөлкемлестирилип, бунда қазақ, түркмен, рус, кореец, испан ҳәм дүнья халықлары аяқ ойынларын өз ишине алған ойын­лар көрсетилди. Ке­йинги илаж усы орайдың конференциялар залында «Ҳәким ҳәм жаслар» темасында жаслар менен ушырасыў өткерилип, онда ра­йон ҳәкими А.Сапарбаев жасларды байрам менен қызғын қутлықлады. Сондай-ақ, райондағы қәбилетли жаслар ҳәм өткерилген илажларда белсене қатнасқан жасларды сыйлықлады ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Беруний районлық Кеңеси тәрепинен социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңарақ перзент­лерине еки дана велосипед саўға етилди. «Шимом» аўыл пуқаралар жы­йыны аймағынан байрам мүнәсибети менен үш жас шаңарақларға «Жаслар үйи»нен турақ жай гилтлери тапсырылғанда, топланған жаслар буны үлкен қуўаныш пенен қарсы алды. Орайлық амфитеатрда «Жаслар айлығы» ҳәм «Жаслар күни» мүнәсибети менен «Жаслар ­ келешек қурыўшылары!» сүрени астында гала-концерт шөл­кемлестирилип, оған 1200ден аслам жаслар қатнасты. Сондай-ақ, Ғәрезсизлик майданында усы сүрен астында өткерилген илажға мыңға жақын жаслар қатнас­ты. 26-июнь ­ Халық­аралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Кеңес тәрепинен отыздан аслам руўхый-ағартыўшылық илажлар, спорт жарыслары, ҳәр қыйлы таңлаўлар шөлкемлестирилип, алты мыңға шамалас жаслар қамтып алынды.

***

Президентимиз басшылығында  19-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде жасларымызға бол­ған итибарды және де күшейтиў, оларды мәденият көркем өнер, физикалық тәрбия ҳәм спортқа кең тартыў, жасларға мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, журтымыз жаслары арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша  итибар қаратыл­ған еди. Дүньяда түрли қарама-қарсылықлар күшейип баратырған бүгинги күни жасларымыздың руўхый иммунитетин күшейтиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәр қашан­ғыдан да әҳмийетли екенин заманның өзи көрсетпекте.

Бүгинги күни районымызда Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси басламасы менен «Бес баслама ­ бес имканият» сүрени астында жаслар акциялары өткерилмекте. Акция шеңберинде биринши баслама бойынша «Беруний ­ мениң нәзеримде» темасында сүўретлер таңлаўы жас сүўретши Б.Нурымбетовтың қатнасында шеберлик сабағы өткерилди. «Сиз сүйген қаҳарманлар» жойбары бойынша аяқ ойынға қызығыўшы жаслар ушын Қарақалпақстан Республикасы жаслар устазы, хореограф З.Пирлепесованың қатнасында «Аяқ ойын жилўасы» темасында шеберлик сабақлары, мектеплердиң басланғыш жаслар аўқамы жетекшилери ҳәм «Камалат» сәрдарлары ушын «Сәрдарлық шеберлиги» темаларында семинар-тренинглер өткерилди. 

Екинши баслама бойынша районымыз орайында «Шек бизики!» сүрени астында мыңнан аслам жаслар қатнасыўында марафон, гимнастика залында спорттың көркем гимнастика түри бойынша жарыс, 69-санлы мектепте спорттың муайтай түри бойынша, бассейнде жүзиў спорт жарыслары шөлкемлестирилди.

Үшинши баслама бо­йынша қурылыс ҳәм транспорт колледжинде жаслар арасында компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў бойынша «Мәлимлеме технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыў» темасында семинар-тренинг өткерилди.

Төртинши баслама шеңберинде районда биринши мәрте «Пахтакор» мәҳәллеси Саркоп көшеси 37-жайда жасаўшы Беруний турмыс хызметин көрсетиў кәсип-өнер колледжи оқыўшысы Эльмира Төлегенованың үйинде «Үй китапханасы» шөлкемлестирилди. А.Жаңабаевтың «Үй китапханасы»на Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен 200ден артық көркем әдебий китаплар саўға етилди. Жаслар мәнаўиятын жетилистириў, олар арасында китапқумарлықты кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде «Жас китапқумар ­ 2018» таңлаўы жеңимпазы Шаҳноза Каримбаеваның қатнасында шеберлик сабағы өткерилди.

Бесинши баслама бо­йынша ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысына кең тартыў, олардың исбилерменлик жөнелиси бойынша билим ҳәм көнликпелерин асырыў мақсетинде Өзбекстан жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Гәўҳар Режепованың қатнасында «Исбилермен ҳаял», мәҳәллелердеги бәнт болмаған жасларды исбилерменликке тартыў мақсетинде  «Өзбекстан белгиси» көкирек нышаны ийеси, жас исбилермен Баҳадыр Сапартаевтың қатнасында «Исбилерменлик сырлары» темаларында семинар-тренинглер өткерилип, қатнасыўшыларға бүгинги күни мәмлекетимизде исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлар, «Ҳәр бир шаңарақ ­ исбилермен», «Жаслар ­ келешегимиз» мәмлекетлик бағдарламалары ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди. 

Мәмлекетимиз басшысы алға сүрген бес баслама бүгинги күни теңлеслеримиз ушын бахыт гилти саналады. Себеби, бос ўақтын нәтийжесиз өткермеген, китап оқыўды өзине әдет еткен, жоқары қәбилетке ийе жаслар, әлбетте, бахытлы болыўға ҳақылы. Өйткени, бизиң журтымызда жасларымыз өз ана-Ўатанында бахытлы болыў имканиятына ийе. Мине, усындай имканиятты жаратып берген Ҳүрметли Президентимиз ҳәм ҳүкиметимизге миннетдармыз. Бундай жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланған берунийли жаслар да илим-билим шоққыларын ийелеп, өзлерине билдирилген исенимди, әлбетте, ақлайды.

Лобархан БАЗАРБАЕВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасының әдебий хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF