Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 16:13:45, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АДАМ САЎДАСЫ ҲӘМ МӘЖБҮРИЙ МИЙНЕТКЕ ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ СИСТЕМАСЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА ЖЕТИЛИСТИРИЎГЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда республикамызда пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, суд-ҳуқық системасын реформалаў бо­йынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ҳуқықбузарлықлардың ерте профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, соның ишинде, әҳмийетли бағдар есапланған адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мәжбүрий мийнетти түп-тийкары менен жоқ етиў бо­йынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Адам саўдасының қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳәм социаллық реа­билитациялаў, сондай жынаятлардың қурбанына айланған пуқара­ларға медициналық, психологиялық ҳәм басқа да жәрдемлерди көрсетиў, адам саўдасына байланысы бар шахс­ларды тергеў ҳәм жуўапкершиликке тартыў, сондай-ақ, бундай жынаятларды әмелге асырыўға имканият жаратып атырған шараятларды сапластырыў бойынша тәсиршең илажлар көрилмекте.

Балалар мийнетине тыйым салынды, аўыл хожалығы жумыслары, аймақларды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў дәўиринде үлкенлердиң мәжбүрий мийнетинен пайдаланыўға шек қойыў бойынша мисли көрилмеген илажлар әмелге асырылмақта.

Пуқаралардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин кепилликли түрде қорғаў және халықаралық майданда мәмлекетимиздиң имиджин арттырыў мақсетинде пуқаралық жәмийетиниң ўәкиллери ҳәм усы тараўдағы сырт ел ҳүкиметлик емес шөлкемлери менен өз-ара бирге ислесиўди тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге ҳәзирги ўақытта адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўға қарсы нәтийжели гүресиўге тосық болып атырған бир қатар унамсыз факторлар сақланып қалып атыр­ғанлығын таллаўлар көрсетип тур. Соның ишинде:

бириншиден, ўәкилликли уйым­лардың интакерлиги жетерли дәрежеде болмай атыр, ўәкилликли уйым­лардың бирден-бир басшылығы астында жетерли дәрежедеги уйымлараралық бирге ислесиўи жоқ;

екиншиден,  усы бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында қалыс ҳәм исенимли мәлимлемени кең жәмийетшиликке ҳәм халықаралық жәмийетшиликке жеткериў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар үйлестирилмеген;

үшиншиден, нызамшылық базасы халықаралық стандартларға муўапық емес, бул болса адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке байланысы бар шахсларды қуўдалаўға ҳәм жазалаўға тосқынлық етпекте.

Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы унамлы имиджин алға қойыўда мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы  бағдарламасы бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы бойынша белгиленген ўазыйпаларға муўапық:

  1. Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша республикалық уйымлараралық комиссия Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў миллий комиссиясы (ке­йинги орынларда — Миллий комиссия) етип қайта шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Миллий комиссия:

а) Миллий комиссия баслығының орынбасары есапланатуғын Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри басшылық ететуғын Адам саўдасына қарсы гүресиў мәселелери бойынша киши комиссиядан;

б) Миллий комиссия баслығының орынбасары есапланатуғын Өзбекстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри басшылық ететуғын Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелери бо­йынша киши комиссиядан ибарат болады, деп белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Миллий комиссияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм аймақлық уйымлардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлердиң жумысы нәтийжелилигин, тығыз бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги жумысларын тәми­йинлеў мақсетинде олардың адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы жумысларын муўапықластырыў;

миллий нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў мақсетинде адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик бағдарламалар және басқа да бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды жетилистириў, сондай-ақ, олардың орынланыўын қадағалаў;

адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажларды таллаў, баҳалаў, мониторинг етиў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, усы тараўдағы жынаятларды анықлаў, тергеў, алдын алыў ҳәм оларға шек қойыў әмелиятын үйрениў;

адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында нәтийжели халықаралық бирге ислесиў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетти шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы тараўда мәлимлемелерди жыйнаў, таллаў ҳәм баянатлар таярлаў.

  1. Миллий комиссия бир ай мүддетте:

Адам саўдасына қарсы гүресиў  мәселелери бойынша киши комиссия ҳаққындағы нызамды;

Мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелери бойынша киши комиссия ҳаққындағы режени;

2019-2020-жылларда адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик уйым­лардың жумысы нәтийжелилигин арттырыў бойынша биринши гезектеги илажлардың режесин («Жол карта») сын ислеп шықсын ҳәм тас­тыйықласын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимлерине адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша аймақлық комиссияларға (кейинги орынларда — Аймақлық комиссиялар) басшылық етиў ўазыйпасы жүкленсин.
  2. Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўындағы миллий нызамшылық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм Миллий комиссияның усыныс хатлары сөзсиз, өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў аймақлық комиссиялардың тий­карғы ўазыйпасы етип белгиленсин.
  3. Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша миллий баянатшы (кейинги орынларда — Миллий баянатшы) институты шөлкемлестирилсин, оның функциялары Миллий комиссия баслығына жүкленсин.
  4. Төмендегилер Миллий баянатшының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында мәмлекетимизде ҳәм дүньяда жүз берип атырған жағдай ҳаққында, усы жынаят түрине байланысы бар шахсларды тергеў ҳәм жазалаў және адам саўдасының қурбанларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр жылы мәлимлеме бериў;

бул тараўда республикамызда әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққындағы исенимли мәлимлемени кең жәмийетшиликке ҳәм халық­аралық жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде Өзбекстан Республикасында аккредитацияланған сырт ел мәмлекетлериниң дипломатиялық корпусы ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханаларын тартқан ҳалда ғалаба хабар қураллары ушын турақлы түрде брифинглер шөлкемлестириў;

адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў тараўында халықаралық жәмийетшилик пенен усы бағдарға қәнигелестирилген шөлкемлер ҳәм ҳуқық қорғаўшылар арасында нәтийжели бирге ислесиўди ҳәм аўызбиршиликти, мәмлекетимизге болып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы тезлик пенен илаж көриўди, сондай-ақ, бул тараўда республиканың халықаралық майдандағы миллий мәплериниң қорғалыўын тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги және Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары минис­трлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте тийисли түрде төмендеги нызамлардың жойбарларын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

а) төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы жойбар:

- адам саўдасы қурбанларын халықаралық стандартларға муўапық идентификациялаў механизмин белгилеў;

- адам саўдасы қурбанларын қайта бағдарлаўдың миллий механизмин енгизиў;

б) балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнетке жол қойылғанлығы ушын жуўапкершилик нормасын белгилейтуғын «Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы жойбар.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў минис­трлиги менен биргеликте Миллий комиссияның рәсмий веб-сайты ислеп шығылыўын ҳәм жумыс ислеўин тәмийинлесин;

Миллий комиссия менен биргеликте, соның ишинде, сырт ел ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет-ресурсларында кең мәлимлеме үгит-нәсиятлаў жумысларын шөлкем­лестириў илажларын әмелге асырсын, бунда мәмлекетлик уйымлардың басшылары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўы нәзерде тутылсын және адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў мәселелери бойынша брифинглер, интернет-конференциялар, телевизиялық көрсетиўлерде олардың қатнасыўларын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Халықаралық мийнет шөлкеминиң халықаралық мийнет нормаларының қолланылыўына жәрдемлесиў ушын үш тәреплеме мәсләҳәтлесиўлер ҳаққындағы 144-санлы Конвенция­сын (Женева, 1976-жыл 21-июнь) ратификацияланғанлығы және Социаллық-мийнет мәселелери бойынша республикалық үш тәреплеме комиссиясының шөлкемлестирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети он күн мүддетте Өзбекстан Республикасы тәрепинен ратифика­цияланған халықаралық мийнет шөлкеминиң конвенцияларын әмелге асырыў бойынша республикалық уйымлараралық комиссияның жумысын сапластырыў ҳаққында ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатына Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша Парламент комиссиясын саплас­тырыў усыныс етилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  4. Министрликлер ҳәм уйымлар еки ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлерди усы Пәрманға муўапықластырсын.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа жүкленсин.

 

    Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

    Ташкент қаласы, 2019-жыл 30-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF