Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:25:46, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕРРОРИЗМНИҢ ЖӘМИЙЕТКЕ  ҚӘЎПИ

Ҳәзирги ўақытқа келип, диний экстремизм ҳәм терроризм ҳәр қыйлы көринисте жүз бермекте, пуқаралар көбинесе буған итибарсыз, ҳәтте, бийпәрўа болып қалмақта.

Бул ­ оғада ашынарлы жағдай, әлбетте.

ХХ әсирдиң 60-жылларынан баслап дүньяның көплеген аймақлары түрли террористлик шөлкемлердиң ошағына айлана баслады. Мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнде дүньяда 500ге жақын террористлик шөлкемлер хызмет көрсетпекте. 1968-1980-жыллар даўамында олар 6700ге жақын терроршылық әмелиятын орынлаған. Ақыбетинде 3668 адам набыт болып, 7474 адам түрли жарақатлар алған.

АҚШ мәмлекетлик департаментиниң мағлыўматларына көре, ҳәзирги ўақытта дүньяда ҳәр жылы 650ден аслам усындай ҳәдийселер жүз бермекте. Бул дегени ­ ҳәр күни дүньяның түрли мүйешинде кимлердидур қорқыўға салыў арқалы өз мақсетине ерисиўди гөзлеген қопарыўшылық ҳәрекетлери әмелге асырылмақта.

Террористлик шөлкемлер қатарына қосылып қалған l50ден аслам ана-бала ҳәм ҳаял-қызлар Өзбекстан Республикасы басламасы менен өз журтына қай­тарыл­ғанлығын атап өтиўимиз керек.

Динди нықап етип алған бундай экстремистлик топарлар бүгинги күнде жәмийетимиз турмысына иритки салмақта деў мүмкин. Соның ушын, дин нықабы астында жүз берип атырған террористлик ҳәрекетлердиң бет пердесин ашып таслап, оларға қарсы үгит-нәсият жумысларын күшейтиўимиз тийис. Буның ушын ҳәр бир пуқара сергек болыўы, елимиз аймағына диний экстремистлик ҳәм террористлик шөлкем ағзалары ҳәм олардың натуўры диний идеяларының тарқалыўына жол қоймаслығы зәрүр.

Қ.МӘМБЕТНИЯЗОВ.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF