Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 08:15:22, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИСЛЕНБЕЛЕР — ДӘЎИР ТАЛАБЫ

Раўажланыўдың тийкарғы факторы есапланған жоқары интеллектуал ҳәм руўхый кәмилликке ийе кадрларды таярлаў мәселеси бүгин ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң усы жылдың 24-май сәнесинде Өзбекстан Миллий университетинде жоқары оқыў орынларының ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, академиклер, илимпазлар, жас изертлеўшилер менен ушырасыўында жоқары билимлендириў системасын еле де раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Усы жылдың 27-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен илаж да университет жас алымларының илимий-инновациялық идея­ларын қоллап-қуўатлаў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў бойынша шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри И.Абдурахмонов ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының директоры Н.Мырзамуратовлар шығып сөйлеп, Аралбойы регионындағы инвестициялық жойбарларда университеттиң қатнасыўын тәмийинлеў, усы арқалы тәлим-тәрбия ҳәм илимий-инновациялық искерликке сырт ел инвестицияларын тартыў, келешекте университеттиң жас алымларын сырт мәмлекетлерде илимий стажировкаларға жибериў, келешекте «Start-Up» жойбарларын әмелге асырыў бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын берип өтти.

Ушырасыўға университеттиң жас алымлары, докторант­лар ҳәм орынланып атырған илимий жойбарлардың басшылары қатнасты.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF