Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:48:40, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕҢГЕНИҢ ЕКИНШИ ТӘРЕПИ...

Бүгинги тез пәтлер менен раўажланып атырған дәўиримизди заманагөй мәлимлеме ҳәм электрон байланыс қуралларысыз көз алдымызға келтириўимиз қыйын.

Мүмкиншиликлеримиздиң кеңейиўине, мүшкилимиздиң аңсат, жумысларымыздың жедел алып барылыўында, қымбатлы ўақтымыздың тежелиўинде күнделикли пайдаланып жүрген қол телефонлардың атқаратуғын хызмети жүдә үлкен. Лекин, теңгениң еки тәрепи болғанындай, унамсыз тәрепиниң де барлығын бийкарлап болмайды. Бул пикиримизди қолымыздағы суд қарары еле де айқынластырады.

1969-жылы Тақыятас районында туўыл­ған, шаңарақлы, еки перзентти камалға келтирген, республикалық психоневрология диспансеринде ислеўши Ещанов Мумин Абдикаримовичтиң қол телефоны көзден өткерилгенде, биз темаға алып шыққан нақылдың әмелдеги көринисин көрдик. Усы жыл 16-апрель күни М.Ещанов өзине ти­йисли болған «Samsung J-2» маркалы қол телефоны арқалы интернет тармағынан диний мазмундағы ҳәрқыйлы материалларды тартып алып, «Одноклассники» сайты ар­қалы пуқара А.Каримовқа телеграмм бағдарламасы арқалы бул диний мазмундағы аудиофайлларды жиберип ҳәм тарқатып жүргенлиги анықланған. Бул диний мағлыўматлар Муҳаммад ибн Аҳмад әл-Беруний орта арнаўлы билим бериў орнының берген экспертиза жуўмағы бойынша алып жүриў ҳәм өзгелерге тарқатыў қадаған екенлиги тастыйықланған.

Өзиниң бул ис-ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы ҲЖҳКниң 1842-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузыўшылықты ислегенликте айыплы деп табылғ­ан М.Ещановтың бул нызамсыз ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

 Б.ҚУРБАНОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF