Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:24:55, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТУТЫНЫЎШЫЛАРДЫҢ МӘПИН ГӨЗЛЕЎШИ ҲҮЖЖЕТ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 31-май күни «Жаныл­ғы-энергетика ресурсларының айырым түрлери ушын тариф сиясатын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Ҳүжжетке муўапық, буннан былай жанылғы-энергетика ресурсларын сатыў ҳәм олардан үнемли пайдаланыў бойынша базар механизмлерине өтиўде тутыныўшыларға тәсирин жеңиллестириў, жанылғы-энергетика ресурслары ушын баҳаларды белгилеўде, сондай-ақ, тараўға қараслы комплексли мәкемелериниң ресурсларды ислеп шығарыўда рентабелликке ерисиў ҳәм тараўда тариф сиясатын еле де жетилистириў көзде тутылған.

Буннан былай, жеке хожалықларға ыссылық ҳәм ыссы суў тәмийнаты хызметлерин көрсетиўши мәкемелерден тысқары, өз жумыс түрин республика бюджети ҳәм жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырмайтуғын ҳәм мораллық жақтан ескирген, үнемли болмаған ысытыў қазан агрегатларын алмастырмаған мәкемелерге 2019-жылдың 1-июнинен баслап, пайдаланылған тәбийғый газ ушын ҳақы төлеў бойынша әмелдеги тарифлерге асырылған коэффициент 2,0 ден 1,2 ге шекем кемейттирилиўи, жалғанған қуўаты 750 кВа ҳәм оннан жоқары болған суў тәмийнаты кәрханаларына электр энергиясы ушын есап-китапларды дифференциалластырылған тариф бойынша әмелге асырыў талабы енгизилмейди.

Соның менен бирге, жеке турақ жай мүлк ийе­лери ҳәм ширкетлери, коммунал-эксплуатация мәкемелери улыўма турақ жай зәрүрликлерине пайдаланатуғын электр энергиясы ушын есап-санақты электр тәмийнаты шәртнамасына тийкарлана, электр тармағының баланс шегарасындағы точкаға орнатылған есапқа алыў үскенелериниң көрсеткишлерине муўапық жеке хожалық тутыныўшыларына белгиленген тариф бойынша әмелге асырылыўы көзде тутылған.

Буннан тысқары, қарар күшке киргенше электр энергиясы (актив ҳәм реактив энергия ушын) ҳәм тәбийғый газ көлемлери ушын аванс төлемлери әмелге асырылған жағдайда, тутыныўшылар (жеке хожалықлардан тысқары) тариф өзгергенде төлем әмелге асырылған күннен кейинги 2 айдан көп болмаған мүддетке қосымша төлемлерден азат етилиўи белгиленген.

 

Р.МАМУТОВ,

«Ўзэнергоинспекция» Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлиминиң жетекши қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF