Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:35:41, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«МИЙНЕТ  СҮЙГИШ ШАҢАРАҒЫМ»

Жақында Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер интернационалистлер ҳәм ма­йыплары Бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлиминде Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси менен биргеликте «Мийнет сүйгиш шаңарағым» атамасында семинар болып өтти.

Онда усы Бирлеспениң Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Парламент комиссиясының «Мийнет сүйгиш шаңарағым» жойбары бойынша мәмлекетлик грантының жеңип алыныўы ҳаққында сөз етилди.

Оған пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан Өнерментлер аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқ­армасы, Қарақалпақстан Республикасы Фермерлер, дийқан хожалықлары, қыйтақ жер ийелери Кеңеси, Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими ҳәм ғалаба хабар қуралларынан ўәкиллер қат­насты.

 Илажда Өзбекстан «Ветеран» жаўынгер интернационалистлер ҳәм майыплары Бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Б.Таджимов сөзге шығып, Аўғанстан ҳәм басқа шегараланған аймақларда әскерий ҳәрекетлердиң қатнасыўшылары болған жаўынгер интернационалистлер, ма­йыплар ҳәм қайтыс бол­ған жаўынгерлердиң шаңарақ ағзаларының мәплерин гөзлеп, оларға қолайлы турмыс шараятларын жаратыў, пуқаралық жәми­йетин қәлиплестириўдеги белсендилигин тәмийинлеў мақсетинде дүзилген жәмийетлик бирлеспе екенлигин айтып өтти.

  Атап өтилгениндей, Бирлеспениң тийкарғы мақсети — Өзбекстан жаўынгер интернационалист­лери, урыс майыплары ҳәм қайтыс болған жаўынгерлердиң шаңарақ ағзаларын социаллық жақтан қорғаў бойынша мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда белсене қатнасып, олардың медициналық ҳәм руўхый жақтан саўалландырыў ҳәм реабилитациясын тәмийинлеўге жәрдемлесиўден ибарат.

Бирлеспеде қәнигеликке ийе болмаған, яғный, денсаўлығына байланыслы кәсибин өзгертиўге мүтәж болған ямаса басқа кәсип ийелеў зәрүрлиги болған майыплар арнаўлы оқыў-ислеп шығарыў орайларында қәнигелигин арттырыў мүмкиншилигине ийе.

Жаўынгер интернационалистлер исбилерменлик, шарўашылық, қусшылық пенен шуғылланып, ыссыхана ашыўы ушын жеңиллетилген кредитлер алыў имканиятына ийе. Аўған урысы қатнасыўшылары турақлы түрде социаллық жақтан қоллап-қуўатланып, оларға бирлеспе тәрепинен материаллық жәрдемлер берилип келинбекте.

Семинар барысында  Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы Б.Қутыбаев қатнасыўшыларға жойбардың мақсети ҳаққында кеңирек мағлыўмат берди.

— Өзим мал шарўашылығына қызығаман. Егер мәмлекет маған кредиттен жәрдем берсе ҳәм қоллап-қуўатласа бағшылық, дийқаншылық пенен шуғылланып, халыққа өзимниң хожалығымнан жетистирген өнимлерим менен хызмет көрсетиўди мақсет еттим,-дейди Хожели ра­йоны турғыны М.Тәжи­баев.

Семинар жуўмағында қатнасыўшылар өзлериниң қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўаплар алды.

 

А.Жиенбаева,

ҚМУ, журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF