Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:14:45, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АВТОМОБИЛЬ САНААТЫН ЖЕДЕЛ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Автомобиль санаатын жедел раўажландырыў ҳәм оның инвестициялық тартымлылығын арттырыўды тәмийинлеў, алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында заманагөй базар механизмлерин ҳәм басқарыў усылларын енгизиў, сондай-ақ, ишки және сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы өндиристи жаратыў мақ­сетинде:

  1. 2019-2023-жылларда Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын раўажландырыўдың тийкарғы көрсеткишлери етип төмендегилер бел­гиленсин:

жеңил автомобильлерди ислеп шығарыў көлемин 350 мың данаға шекем арттырыў;

жеңил автомобильлерди локализациялаў дәрежесин орта есапта 60 процентке шекем жеткериў;

жүк автомобильлери ҳәм автобусларды ислеп шығарыў көлемин 10 мың данаға шекем арттырыў;

автомобильлердиң жыллық экспорт көлемин 100 мың данаға жеткериў;

корпоратив басқарыўдың заманагөй усылларын, сондай-ақ, «ЕRP» автоматластырыл­ған есапқа алыў системасын енгизиў;

халықтың кең қатламлары ушын сатып алыўға қолайлы болған жеңил автомобильдиң жаңа заманагөй модели ислеп шығарылыўын нәзерде тут­қан ҳалда автомобильлердиң модельлер қатарын жаңалаў;

«Ўзавтосаноат» АЖ қурамына киретуғын кеминде еки акционерлик жәмийетиниң акцияларын  жергиликли ҳәм халықаралық фонд базарларында бирлемши ғалаба жайластырыў (IPO) арқалы инвесторларды тартыў.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзавтосанаат» АЖ жетекши сырт ел компаниялары ҳәм халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда бир ай мүддетте төмендегилер бойынша анық усынысларды таярлаў ушын жуўапкер болған «Ўзавтосаноат» АЖ жанында турақлы жумыс алып баратуғын жойбар офисин шөлкемлестириў илажларын көрсин:

Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын 2023-жылға шекем және де жедел раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;

алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында заманагөй базар механизмлерин ҳәм басқарыў усылларын енгизиў;

автомобиль санаатының инвестициялық тартымлылығын, соның ишинде, мотор транспорт қураллары ҳәм олардың комплект­леўши буйымларын ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын барлық кәрханалар ушын салық ҳәм бажыхана режимлерин унификациялаў жолы менен арттырыў;

аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымларды өзлестириў дәрежесин арттырыў ҳәм импорт көлемлерин азайтыў имканиятын беретуғын қосымша өндирислерди шөлкемлестириў;

аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымларды ислеп шығарыўдың тийкарғы сегментлеринде илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе-конструкторлық жумысларын раўажландырыў, миллий инженерлик орайларын шөлкемлестириў;

автомобиль санаатында кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арт­тырыў процесслерин жетилистириў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) 2020-жыл 1-январьға шекем «Ўзавтосаноат» АЖ ҳәм оның үлеси бар бол­ған шөлкемлер тәрепинен товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыў бойынша техникалық тапсырмалар оригинал ислеп шығаратуғын (ОЕМ) ямаса автомобильлердиң лицензиары тәрепинен тастыйықлан­ған (белгилеп қойылған) ямаса усынылған өнимди жеткерип бериўшилерге байланыслы ямаса бундай талап автомобиль өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша тийкарғы, лицензиялық ҳәм инвестициялық келисимлер, сондай-ақ, санаат үлгилерин ислеп шығыў ҳәм жойбарлаў бойынша келисимлер, автомобиль өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыўда техникалық жәрдемлесиў бойынша келисимлер менен орнатылған болса, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУКта экспертизадан өткерилмейди;

б) 2019-жыл 1-октябрьден кейин дүзилетуғын шәртнамалар бойынша «UzAutoMotors» АЖ тәрепинен ислеп шығарылатуғын автомобильлерге акциз салығы бийкар етиледи;

в) 2019-жыл 1-октябрьден баслап елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғанлығы ушын жыйым автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төленеди;

г) «Ўзавтосаноат» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың тийкарғы жумыс түрине байланыслы болмаған, 1-қосымшада көрсетилген активлери төмендегише сатылыўы мүмкин:

қосымша қун салығын (көшпес мүлк ушын) ҳәм ҳақыйқый баҳасын (хожалық жәмийетлериндеги үлеслери ҳәм акциялар пакети ушын) есапқа алған ҳалда олардың баҳасын баҳаламастан «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына басланғыш баҳасы бо­йынша аукционға қойыў арқалы;

саўдаға қойылған ўақыттан баслап еки ай ишинде талапкерлер бар болмаған жағдайда, бас­ланғыш баҳасын бас­қышпа-басқыш түсирип барыў арқалы.

  1. «Автосаноат инвест» ЖШЖ ҳәм «Ўзавтосаноат» АЖниң «Ўзавтосаноат» АЖ ҳәм «Автосаноат инвест» ЖШЖниң тийисли түрде устав капиталын азайтыў есабынан «Өзбекстан металлургия комбинаты» АЖниң устав капиталындағы «Автосаноат инвест» ЖШЖниң үлесин баланс баҳасында Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине тапсырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги бир ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған илажлардың әмелге асырылыўын тәмийинлесин.

  1. «Ўзавтосаноат» АЖ 2-қосымшаға муўапық дизим бойынша дилерлик шөлкемлердиң устав қорлары (капиталлары)ндағы үлеслердиң сатылыўын тезлетсин.
  2. Төмендегилер:

2019-2023-жылларда Өзбекстан Республикасы автомобиль санаатын буннан былай да раўажландырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;

импорт етиўде жергиликли ислеп шығарыўшыларға қосымша қун салығын төлеў мүддетин 120 күнге созыў имканияты берилетуғын автотранспорт қураллары, тиркемели ҳәм аспа техникалар, олардың комплектлеўши буйымлары және олардың аўысық бөлеклерин ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын товарлар, материаллар ҳәм технологиялық үскенелердиң дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм «Ўзавтосаноат» АЖ:

а) еки ай мүддетте:

коммерциялық банклер менен биргеликте мәмлекетимизде ислеп шығарылатуғын автомобильлерди локализациялаў бойынша жойбарларды қаржыландырыў ушын сырт ел банк­лери ҳәм экспорт-кредит агентликлериниң жеңиллетилген кредит линияларының тартылыўын;

Өзбекстан Республикасы аймағында автомобильлерди ислеп шығарыўды шөлкемлестириў бойынша жойбарларды әмелге асырыў бөлиминде жетекши сырт ел компаниялары менен сөйлесиўлердиң жуўмақланыўын тәмийинлесин;

б) 2019-жыл 1-декабрьге шекем:

5-қосымшаға муўапық «Ўзавтосаноат» АЖниң 2019-2022-жылларда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлары бо­йынша «General Motors» компаниясы менен сөйлесиўлердиң жуўмақланыўын ҳәм келисимлердиң дүзилиўин;

5-қосымшада нәзерде тутылған инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға сырт ел банклери, экспорт-кредит агентликлери, сондай-ақ, инвестициялық компаниялар ҳәм қорлардың қаржылары есабынан ең қолайлы шәртлерде кеминде 700 миллион АҚШ долларын тартыўды;

автомобиль санаатын инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўға, соның ишинде, 6-қосымшаға муўапық автомобиль санааты кәрханаларының устав капиталларындағы «Ўзавтосаноат» АЖниң үлеслери (акциялары)н сатыў арқалы инвесторларды тартыўды тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм «Ўзавтосаноат» АЖниң елимизде ислеп шығарыл­ған жаңа автотранспорт қуралларын рәсмий дилерлик шөлкеми (кейинги орында — рәсмий дилер)не сатып алыўшылар тәрепинен алдынғы пайдаланылған өзлерине тийисли автотранспорт қуралларын тапсырыў ҳәм олардың баҳасындағы айырмашылықты төлеў арқалы жергиликли автомобильлердиң тазасын сатып алыў имканиятын беретуғын «TRADE-IN» бағдарламасын 2019-жыл 1-октябрьден енгизиў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

«TRADE-IN» бағдарламасы шеңберинде төмендегилер белгиленсин:

а) рәсмий дилер тәрепинен физикалық шахслардың алдынғы пайдаланылған автотранспорт қуралларын сатыўда қосымша қун салығын есаплаў ушын қосымша қун салығының суммасын өз ишине алған сатылып атырған объекттиң сатыў баҳасы менен баланс баҳасы арасындағы унамлы айырмашылық салыққа тартыў базасы болып есапланады;

б) рәсмий дилерлер тәрепинен әмелге асырылатуғын төмендеги алып-сатыў шәртнамаларына байланыслы мәжбүрий нотариаллық рәсмийлестириў енгизилмейди:

белгиленген формадағы есап-мағлыўматларды қарыйдарға бериў тәртибин енгизиў арқалы алдын­ғы пайдаланылған автотранспорт қуралларының алып-сатыў шәртнамаларына;

миллий өндирислик заводлардың рәсмий дилерлеринен сатып алынған жаңа автотранспорт қуралларының алып-сатыў шәртнамаларына;

жергиликли өндирислик заводлардың рәсмий дилерлеринен сатып алын­ған жаңа автотранспорт қуралларының алып-сатыў шәртнамаларына;

  1. «Өзстандарт» агентлиги, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги ҳәм «Ўзавтосаноат» АЖ алдын­ғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда:

2019-жылдың 1-ноябрине шекем аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымлардың қәўипсизлик ҳәм сапа көрсеткишлерин тәмийинлейтуғын үлги тәжирийбе бағдарламаларын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2019-жылдың 1-декабрине шекем Пскент автомобиль полигоны негизинде автомобильлерди ҳәм олардың аўысық бөлеклерин сынақтан өткериў базасын шөлкемлестириў және оны зәрүр техника ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў илажларының режесин ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

2020-жыл 1-январьға шекем автотранс­порт қураллары, аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши буйымларды толығы менен сынақтан өткериўди тәмийинлеў ушын жергиликли лабораторияларды зәрүр техника ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў бойынша Комплексли бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2020-жыл 1-мартқа шекем «Автомобильлер ушын орташа корпоратив жанылғы үнемлеўши» стандартын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Төмендегилер:

Автомобиль санаатын жедел раўажландырыўға байланыслы илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелде орынлаў бойынша жумысшы топар қурамы 7-қосымшаға муўапық;

усы қарарды әмелге асырыў бойынша толық әмелий илажлардың режеси 8-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жумысшы топар (Ходжаев):

усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың толық орынланыўын муўапық­ластырыўды ҳәм қадағалаўды;

усы қарардың орынланыўы ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр 15 күнде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине киргизип барылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдеги «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын буннан былай да тәртипке салыў ҳәм бажыхана-тариф жағынан тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3818-санлы қарарына 9-қосымшаға муўапық қосымша киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — қаржы министри Ж.А.Қўч­қаровқа жүкленсин.

 

       Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

       Ташкент қаласы, 2019-жыл 18-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF