Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:44:36, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗ ҮЙИҢ БОЛҒАНҒА НЕ ЖЕТСИН!

Күшли социаллық қорғаў, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм майыпларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири. Бундай дыққат-итибарды елимиздиң қәлеген орнында көриў мүмкин.

Жақында Беруний районында 12 ҳаял-қыз, турақ жайға мүтәж болған 6 ҳаял-қыз ­ жәми 18 ҳаял-қызға ажыратылған үйлердиң басланғыш төлемлери район ҳәкимлиги ҳәм Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржылары есабынан төлеп берилгенлиги мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўының айқын көриниси болды.

Жаңа үйлердиң гилтлерин тапсырыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова қатнасты.

«Өз үйиң болғанға не жетсин!». Бүгин заманагөй, ықшам ҳәм қолайлы жаңа үйлерге көшип өткен ҳаял-қызлар пүткиллей жаңа турмыс тәризин баслады. Олардың усындай дыққат-итибар ҳәм ғамқорлық ушын мәмлекетимиз басшысы ҳәм оның инсансүйиўшилик сиясатына миннетдаршылығы шексиз.

 

Л.БАЗАРБАЕВА,

Беруний районы «Халқ минбари» газетасының әдебий хызметкери.

СҮЎРЕТТЕ: жаңа үйлердиң гилтлерин тапсырыў мәресиминен көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF