Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:25:48, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БЕС БАСЛАМА ШЕҢБЕРИНДЕГИ ЖУМЫСЛАР ҮЙРЕНИЛДИ

Усы жыл 13-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңесинде Президентимиздиң жаслар менен нәтийжели бирге ислесиўге қаратылған бес әҳми­йетли басламасы шеңберинде республикамызда әмелге асырыл­ған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша мәжилис болып өтти.

Илажға бир қатар минис­трлик, кәрхана, мәкеме ҳәм жоқары оқыў орынлары басшылары, сондай-ақ, Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Беруний районларының сектор басшылары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев басқарып барды.

Илажда Президентимиздиң мәсләҳәтшиси А.Абдувоҳидов сөзге шығып, мәмлекетимиз басшысының социаллық, руўхый ағартыўшылық тараўларындағы жумысларды жаңа система тийкарында жолға қойыўға қаратылған бес әҳмийетли басламаның мазмунына айрықша тоқтап өтти.

  Илажда атап өтилгениндей, жасларды кәмил ҳәм елимиздиң айдын келешегин қурыўшы инсанлар етип тәрбиялаўда китапқумарлық мәдениятын арттырыў, көркем-өнер ҳәм спортқа кеңнен тартыў, компьютер технологияларынан нәтийжели пайдаланыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ең тийкарғы ўазыйпалардан саналады. Әлбетте, бул илажлар өсип киятырған жас әўладты руўхый жақтан жетик, бәркамал етип тәр­бия­лаўда ҳәм кәсип-өнер ийе­леўинде әҳмийетли болып табылады.

Бул бағдарда республикамызда көркем-өнер тараўына 75 мың, дене тәрбия ҳәм спорт тараўына 133 мың, компьютер технологияларына 11 мың, китапқумарлық мәдениятын арттырыўға қаратылған дөгереклерге 142 мыңға жақын жаслар қамтып алынды. Сондай-ақ, усы жылдың алты айы даўамында 8980 ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленди. Соны айрықша атап өтиў керек, бүгинги күнде Мойнақ, Қанлыкөл ҳәм Тахта­көпир районларында 3 тигиўшилик комплексиниң қурылыс жумыслары жуўмақланды. Бул санаат кәрханалары иске қосылса жаңа жумыс орынларының жаратылыўы тәмийинленеди. 

Сондай-ақ, илажда Нөкис қаласы, Хожели ҳәм Беруний районлары ҳәкимлериниң бес әҳмийетли баслама шеңбериндеги  жумыслардың орынланыўы бо­йынша пикир-усыныслары тыңланды.

Илаж соңында алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды.

А.ОРАЗОВ,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF