Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:27:21, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МИЙНЕТ ҲАҚЫ, ПЕНСИЯЛАР, СТИПЕНДИЯЛАР ҲӘМ НАПАҚАЛАРДЫҢ МУҒДАРЫН АРТТЫРЫЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин турақлы арттырыў, халықтың социаллық жақтан төмен қатламларын, соның ишинде, майыплығы болған шахсларды буннан былай да социаллық қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў ҳәм республика пуқараларын социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиў мақсетинде:

  1. 2019-жылдың 1-августынан баслап бюджет мәкемелери шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары 1,1 есеге арттырылсын.
  2. 2019-жылдың 1-августынан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында ең кем:

мийнет ҳақы-айына 223 000 сум;

жасына байланыслы пенсиялар — айына 436 150 сум;

балалықтан майыплығы болған шахс­ларға берилетуғын напақа — айына 436 150 сум;

зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа айына 267 650 сум муғдарында белгиленсин.

  1. 2019-жыл 1-августтан баслап:

II топар майыплығы болған шахслардың майыплық пенсияларының ең аз муғдары жасына байланыслы ең кем пенсияның 50 процентинен 75 процентине шекем арттырылатуғыны;

II топар майыплығы болған жалғыз баслы шахслар — пенсионерлердиң пенсияларына үстеме муғдары ең кем мийнет ҳақының 50 процентинен 75 процентине шекем арттырылатуғыны;

бағыўшысын жойытқанлық напақасының муғдары мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзаларының санына әмелдеги процентлер салыстырмасы сақланған ҳалда жасына байланыслы пенсияның ең кем муғдарынан келип шығып белгиленетуғыны белгиленсин.

  1. 2019-жылдың 1-августынан I топар майыплық напақасы, сондай-ақ, 16 жастан үлкен балалығынан I топар майыплық напақасын алыўшыларға ҳәр айда ең кем мийнет ҳақының 25 проценти муғдарында қосымша төлем енгизилсин.
  2. Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, басқа да мәпдар министрликлер менен уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын шөлкемлер ҳәм мәкемелер менен биргеликте бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарларын усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында қайта есаплап шығыўды тәмийинлесин.
  3. Бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пен­сиялар, напақалар ҳәм стипендиялардың арттырылыўына байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс­қары Пенсия қорының қаржылары есабынан әмелге асырылсын.

 Жумыс бериўшилерге мийнет ҳақы муғдарларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан кем болмаған ҳалда төлениўин тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарларын ең кем мийнет ҳақыға муўапық арттырыў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-майдағы «Мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарларын анықлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-5723-санлы Пәрманына муўапық 2019-жылдың 1-сентябринен ең кем мийнет ҳақы муғдары орнына мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары, базалық есаплаў муғдары ҳәм пенсияны есаплаўдың базалық муғдары киргизилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 21-майдағы «Мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын анықлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-5723-санлы Пәрманының 1-бәнтинде:

екинши абзацындағы  «577 170» саны «634 880»  саны менен алмастырылсын;

үшинши абзацындағы «202 730» саны «223 000»  саны менен алмастырылсын;

төртинши абзацындағы «202 730» саны «223 000» саны менен алмастырылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-октябрьдеги «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы ПП-5553-санлы Пәрманы оның 4 ҳәм 8-бәнтлери бурынғысынан өзгеше тәризде 2019-жылдың 1-августынан өз күшин жо­йытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

  

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 12-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF