Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:28:29, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТӘРТИП-ИНТИЗАМДЫ   БЕККЕМЛЕЎГЕ   БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Арқа-Батыс әскерий округи руўхый ағартыўшылық орайында «Офицерлер қурамы ортасында әскерий интизам ҳәм ҳуқықый тәртипти беккемлеў ҳәм де әскерий хызмет өтеўдиң қәўипсиз шараятларын тәмийинлеў» атамасында илаж өткерилди.

Оған округ офицерлери ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыўда шығып сөйлеўшилер тәрепинен офицерлер қурамының жеке жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде автотранспортқа ийе болған әскерий хызметкерлер жол транспорт қағыйдаларына қатаң әмел етиў лазымлығы, әскерий хызметкерлердиң денсаўлығын сақлаў ҳәм саламат турмыс тәризи менен өмир сүриў кереклиги  ҳаққында түсиник берилди.

  Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Арқа-Батыс әскерий округи баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF