Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:41:36, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ОЛАР МИЙНЕТ ҚАТНАСЫҚЛАРЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ЖОЙБАРДЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРАДЫ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының қарары менен жәрияланған ҳәм усы жыл 28-март ҳәм 30-апрель күнлери аралығында өткерилген «Ҳәрекетлер стратегиясы, «Жедел инвести­циялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаўда МКШлардың белсендилигин қоллап-қуўатлаў» темасындағы биринши таңлаўда Әмиўдәрья телевидениеси «Мәжбүрий мийнет — инсан ҳуқықларына қайшы келеди» темасындағы жойбары менен қатнасып грант жеңимпазы болған еди.

— Бул жойбар нызамсыз мийнет миграциясынан, мәжбүрий мийнет ҳәм кемситиўлерден жәбирленген адамларды ҳуқықый ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, системалы түрде профилактикалық үгит-нәсият және реабилитациялық бағдардағы жумысларға бағышланып, оған 30 миллион сумлық қаржы ажыратылды,-дейди Әмиўдәрья телевидениесиниң бас редакторы Ғуломжон Еш­ниёзов. — Жойбар бойынша 10 айлық мүддет ишинде бир қатар илажлардың әмелге асырылыўы реже­лестирилген.

Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўды қадағалаў бойынша қабыл етилген нызамлар және халық­аралық шәртнамалардың мазмун-мәниси туўралы кең жәмийетшиликти хабардар етиў, халық арасында мәжбүрий мийнетке жол қоймаў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм бул бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың мазмун-мәнисин түсиндирип барыў жойбардың тийкарғы мақсетлериниң бири болып есапланады.

Сондай-ақ, әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы ҒХҚ, атап айтқанда, интернет сайтлары ар­қалы исенимли хабар жеткерип бериледи. Мийнет ҳаққындағы нызамларды бузған шахсларға жәмийетшиликтиң тәсирин күшейтиў ҳәм оларды жуўапкершиликке тартыў туўралы ўәкилликли уйымларға усыныслар киргизиўди қоллан­ған ҳалда халық арасында кең түрде мәлимлеме-түсиник жумыслары алып барылады. Халық пенен қайта байланыс механизмлери енгизиледи. 2019- 2020-жыллардағы Бәнтлик бағдарламаларының орынланыўы ҳәм районда жаратылып атырған жумыс орынлары ҳаққында кең жәмийетшиликти хабардар етип барыў сыяқлы жумыслар да жойбарға киргизилген.

Усы ўазыйпалар Әмиў­дәрья телевидениеси, сондай-ақ, райондағы басқа да ҒХҚ менен биргеликте таяр­ланған көрсетиўлер, мақалалар ҳәм социаллық роликлер арқалы түсиндирип барылады. Белгиленген мүддет ишинде жәми 20 дан аслам көрсетиў ҳәм информациялық бағдарламалар эфирге бериледи.

Телеканалда «Ҳуқықтаныўшы минбери» көрсетиўи шөлкемлестирилип, онда ҳуқықтаныўшылардың мийнет қатнасықларына байланыслы мәселелер бойынша шығыўлары шөлкемлестириледи. «Жумысқа мәрҳамат» көрсетиўи шөлкем­лес­тирилип, райондағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос жумыс орынлары, жаңадан жаратылған жумыс орынлары туўралы мағлыўматлар берилип барылады.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF