Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:39:40, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛЫҚ ҲӘКИМШИЛИГИН ЖЕТИЛИСТИРИЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетте салық сиясатын жетилистириў, салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў, салық жүгин избе-из азайтыў, салық системасын әпиўайыластырыў ҳәм салық есапларын түп-тийкарынан қыс­қартыў бойынша комп­лексли илажлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясының әмелиятқа енгизилиўи нәтийжесинде мийнетке ҳақы төлеў қорына салық жүги азайтылды, айланыс қаржыларынан алынатуғын салықлар оптималластырылды, мәмлекеттиң мақсетли қорларына мәжбүрий ажыратпаларды бийкарлаў ҳәм юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығы ставкасын азайтыў арқалы салық системасы қайта көрип шығылды.

Салық системасын буннан былай да жетилистириў, экономикада жасырын айланысты қысқартыў ҳәм Өзбекстан Республикасы салық сиясатын жетилистириў концепциясының тий­карғы бағдарларын әмелге асырыў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық исбилерменлик субъектлери анықланған салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықты тән алып, мәмлекетлик салық хызмети уйымларының салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы қарарын алған күннен баслап он күн мүддет ишинде финанслық жәриймаларды ықтыярлы түрде төлесе, исбилерменлик субъектлериниң лаўазымлы шахслары ямаса хызметкерлери ямаса исбилерменлик жумысы менен шуғылланатуғын пуқаралар усы ҳуқықбузарлық ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.
  2. 2020-жыл 1-январьдан баслап:

қосымша қун салығын төлеўге өтетуғын юридикалық шахслар ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер мәмлекетлик салық хызмети уйымларында усы салықтың төлеўшиси сыпатында мәжбүрий есапқа алынатуғыны ҳәм усы қосымша қун салығының суммасын есап­қа алыўдың шәрти есапланатуғыны;

қосымша қун салығын төлеўге өтиўде усы салық суммасы қосылған қун салығын төлеўге өтилген сәнеден алдынғы ақырғы 12 айда сатып алынған товар-материаллық резервлердиң тастыйықланған қалдықлары бойынша реализация көлемине сәйкес келетуғын үлес­те есапқа алынатуғыны;

қосымша қун салығын төлеўге өтиў ямаса бирден-бир салық төлемин төлеўден бас тартыў ҳаққындағы хабар қосымша қун салығын төлеўге өтилетуғын ай басланыўынан алдын он жумыс күнинен кешиктирместен усынылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер:

Салық ҳәкимшилигин жетилистириў страте­гиясы (кейинги орынларда — Стратегия) 1-қосымшаға муўапық;

Салық ҳәкимшилигин жетилистириў страте­гиясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда — «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық мақуллансын.

«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң тийкарланған есап-санақлары бо­йынша ҳәр жылы ажыратылатуғын бюджет қаржылары, Мәмлекетлик салық комитетиниң бюджеттен тысқары қаржылары, халықаралық финанс институтларының қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети:

а) үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларды киргизсин:

сырт ел пуқаралары тәрепинен Өзбекстан Республикасы шегарасын кесип өтиўде сатып алынған товарлар ушын төленген қосымша қун салығын қайтарыў («Tax free») тәртибин белгилеў;

салықлар бойынша төлемлерди кейин ала бөлип-бөлип проценти менен қайтарыў арқалы азайтыўды нәзерде тутатуғын «инвестициялық салық кредитлери» институтын енгизиў;

салық төлейтуғын — юридикалық шахс ямаса жеке тәртиптеги исбилермен оған қарата қолланылған финанслық жәриймалар ҳаққындағы қарарды алған күннен баслап, қолланыл­ған финанслық жәриймалар муғдарының 50 процентин он күн даўамында ықтыярлы түрде төлегенде, оны жәрийма суммасының қалған бөлегин төлеўден азат етиў бойынша  финанслық жәриймаларды өндириўдиң әпиўайыластырыл­ған тәртибин енгизиў;

юридикалық шахслар ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен салық салыўдың әпиўайыласты­рылған тәртибин қолланыў мақсетинде жалпы түсимниң шекленген муғдарын жасалма түрде төменлетиўге қаратылған ис-ҳәрекетлерге (бөлиниў, жаңа исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў ҳәм бас­қалар) шек қойыў илажларын көриў, усы жағдайлар анықланғанда төлениўи керек болған салықлардың суммасына мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен дүзетиў киргизиў ҳәм оларды суд тәртибинде өндириў механизмлерин енгизиў;

б) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме техноло­гиялары ҳәм коммуника­цияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-декабрьге шекем бухгалтериялық есапты әмелге асырыў ҳәм салық төлеўшилер ушын және салық уйымлары арасында реал ўақыт режиминде мағлыўматлар алмасыў имканиятын беретуғын, салық есабын тапсырыў сис­темасы менен интеграцияланған бухгалтериялық есаптың бирден-бир мәлимлеме системасын (кейинги орынларда — Бирден-бир мәлимлеме системасы) ислеп шықсын ҳәм енгизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў минис­трлиги ҳәм Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте үш ай мүддетте «Uztrans» бирден-бир интер­актив мәлимлеме системасы базасында төмендегилерди тәмийинлейтуғын «Жүк тасыўлар мониторинги» мәлимлеме платформасын (кейинги орынларда — Мәлимлеме платформасы) ислеп шығыўды тәмийинлесин:

жүк тасыўшылар тәрепинен товардың бақлаў ҳүжжетлерин (счёт-фактура) (инвойс), жүк хаты ҳәм басқа да ҳүжжетлерди) дизимнен өткериў;

жүк жибериўшилер ҳәм оны қабыл етип алыўшылар тәрепинен реал ўақыт режиминде товарлардың ҳәрекетин мониторинг етиў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020-жыл 1-январьдан баслап:

Бирден-бир мәлимлеме системасынан пайдаланатуғын исбилерменлик субъ­ектлериниң финанслық-хожалық жумысы усы бағдарламалық өнимди қолланған дәўиринде тексерилмейди;

жүк тасыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен товардың бақлаў ҳүжжетлерин Мәлимлеме платформасында мәжбүрий тәртипте дизимнен өткериў тәртиби енгизиледи.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) еки ай мүддетте:

хожалық жүргизиўши субъектлерди мәмлекетлик салық хызмети уйымларында қосымша қун салығын төлеўшилер сыпатында есап­қа алыў тәртибин ислеп шықсын;

онлайн қадағалаў-касса машиналарының чеклери менен тастыйықланған қәрежетлер бойынша физикалық шахсларға дәрамат, мүлк ҳәм жер салықлары бойынша шегирмелер бериў ямаса чеклерде көрсетилген қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарып бериў тәртибин енгизиў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усыныслар киргизсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;

б) 2020-жыл 1-январьдан баслап:

мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилиги (KPI) көрсеткишлеринен келип шығып, оларды материаллық хошаметлеў, хызметте лаўазымын көтериў, сыйлықлаў, интизамий илажларды қолланыў системасын енгизсин;

Саўда-санаат палатасы ҳәм Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәми­йетлери федерациясы менен биргеликте инсаплы исбилерменлерди хошаметлеў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды раўажландырыў мақсетинде «Чекти талап ет ҳәм саўға утып ал» ғалабалық акциялардың өткерилиўин шөлкемлестирсин;

в) Стратегияны әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапалы ислеп шығылыўын тәми­йинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа мәпдар уйымлар менен биргеликте ғалаба хабар қураллары ҳәм интернет ресурсларында усы қарардың мазмуны және әҳмийетиниң кеңнен сәўлелендирилиўин тәмийинлесин ҳәм Стратегияны әмелге асырыў шеңберинде ғалаба хабар қураллары, илимий шеңбер және сырт ел экспертлери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин кеңнен тартқан ҳалда орынларда ушырасыўлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм баспасөз конференцияларын шөлкемлестирсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 10-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF