Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:01:06, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫ  ҲӘМ  ЭКОНОМИКАНЫ  ЭНЕРГИЯ  РЕСУРСЛАРЫ  МЕНЕН  ТУРАҚЛЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ,  НЕФТЬ-ГАЗ  ТАРМАҒЫН  ФИНАНСЛЫҚ  ЖАҚТАН  ЖАҚСЫЛАЎ ҲӘМ  ОНЫҢ  БАСҚАРЫЎ  СИСТЕМАСЫН  ЖЕТИЛИСТИРИЎ  ИЛАЖЛАРЫ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда жанылғы-энергетика тармағын комплексли раўажландырыў ҳәм энергия ресурсларына барған сайын артып баратырған талапты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы бол­ған энергия дәреклерин диверсификациялаў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, геологиялық излеў жумыслары, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм баҳаларды қәлиплестириў жумысларының нәтийжесизлиги республика экономикасы ҳәм халқының энергия ресурслары менен толық тәмийинленбеўине, нефть-газ тармағы кәрханаларының финанслық жағдайларының төменлеўине алып келди.

Соның ишинде, соңғы 20 жылда газ қазып алыў көлеми 8 процентке асқаны менен елимиз кәрханалары тәрепинен оны қазып алыў көлеми 29 процентке төменледи, 2008-2018-жылда тас­тыйықланған тәбийғый газ резервлери 4 процентке қысқарды, өткен 5 жыл даўамында тәбийғый газдиң тәбийғый резервлериниң орнын толықтырыў бойынша орташа көрсеткиш 70 процентке шамалас көлемди қурады.

2017-2018-жылларда финанслық қаржылардың ҳәм материаллық-техникалық ресурслардың жетиспеўшилиги нәтийжесинде тәбийғый газ қазып алыўдың өсими прогноз көрсеткишлерине салыстырғанда 42 процентти ғана қураған.

Тәртипке салыў функцияларын ҳәм коммерциялық жумысты өзинде бирлестирген басқарыўдың ескирген ҳәм ашық-айдын болмаған системасы нефть-газ тармағы кәрханаларында заманагөй менеджментти енгизиўге, олардың финанслық турақлылығын ҳәм рентабельлилигин арттырыўға тос­қынлық етпекте.

Республика экономикасы ҳәм халқының энергия ресурсларына болған талабын толық қанаатландырыў, нефть-газ тармағы кәрханаларын финанслық жақтан жақсылаўды тәмийинлеў, қабыл етилген халықаралық әмелият тийкарында саламат бәсекини раўажландырыў ушын қолайлы шараятларды жаратыў, заманагөй санлы технологияларды ҳәм алдынғы басқарыў усылларын енгизиў мақсетинде:

  1. Халықаралық консалтинг компаниялары ҳәм халықаралық қаржы инс­титутлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы ислеп шығылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концеп­циясын әмелге асырыў бойынша республикалық жумысшы комиссия (кейинги орынларда-Республикалық жумысшы комиссия) 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.

 Республикалық жумысшы комиссия (А.Н.Арипов) бир ай мүддетте:

а) әмелге асырылатуғын реформаларды есапқа алған ҳалда Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «жол карталары»н тастыйықласын ҳәм онда төмендегилерге айрықша итибар қаратсын:

углеводород шийки затын қазып алыў көлемин көбейтиў;

газ-транспорт системасын модернизациялаў;

тәбийғый газди қазып алыў, қайта ислеў, жеткерип бериў ҳәм сатыўды есап-санақ етиў ҳәм қадағалаў жумысларын жетилистириў;

инвестициялық жойбарларды сын көзқарастан үйрениў ҳәм оптималластырыў, сондай-ақ, оларды әмелге асырыў механизмлерин жетилистириў;

нефть-газ тармағы кәрханаларында финанслық тәртипти беккемлеў ҳәм баҳаның қәлиплесиўин жетилистириў;

б) Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясының ҳәр бир бағдары бойынша жумысшы комиссиялар қурамын тастыйықласын;

в) шөлкемлестирилип атырған жумысшы комиссиялар менен биргеликте Өзбекстан Республикасының нефть-газ тармағын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў ушын халықаралық қаржы институтлары, сырт ел ҳүкиметлериниң қаржы шөлкемлери (кейинги орынларда — ХҚИ/СҲҚШ) ҳәм консалтинг компанияларын тартыў илажларын көрсин;

г) Энергетика министрлигинде бас­қарма хызметкерлериниң саны 20 штат бирликтен аспаған, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Жаныл­ғы-энергетика тармағын раўажландырыў қорының қаржылары, ХҚИ/СҲҚШ  техникалық жәрдемлесиў қаржылары (грантлары) есабынан қаржыландырылатуғын нефть-газ тармағын реформалаўды муўапықластырыў бо­йынша жойбар офиси шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Монополияға қарсы гүресиў агентлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлигиниң Азия раўажланыў банкиниң техникалық жәрдеминде таярланған ҳәм төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Өзбекнефтьгаз» АЖ басқармасы системасын жетилистириў ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў структурасын қәлиплестириў бойынша усынысларына келисим берилсинF

«Өзбекнефтьгаз» АЖға «Өзбураўлаўнефтьгаз» АЖ, «Өзнефтьгазқазыпшығарыў» АЖ, «Өзнефтьөним» АЖ, «Өзнефтьгазмаш» АЖларды қосыў, «Өзбекнефтьгаз» АЖ атқарыўшы аппараты қурамында сапластырылып атыр­ған буўынлардың ўазыйпалары ҳәм функцияларын орынлайтуғын тийисли бөлимлерди шөлкемлестириў арқалы система басқарыўында артықша буўынларды қысқартыў;

«Өзтрансгаз» АЖны «Өзбекнефтьгаз» АЖ қурамынан шығарыў «Өзбекнефтьгаз» АЖның «Өзтрансгаз» АЖ устав капиталындағы үлесин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине (кейинги орынларда — Агентликке) бериў;

«Өзтрансгаз» АЖның газ тәмийнаты бойынша аймақлық филиаллары негизинде «Аймақгазтәмийнат» АЖны шөлкемлестириў ҳәм Агент­ликти оның акционери етип белгилеў.

  1. Төмендегилерге:

а) «Өзтрансгаз» АЖға:

тәбийғый газди кейин ала бирден-бир оператор сыпатында жеткерип бериў, соның ишинде, экспорт ҳәм импорт етиў ушын газ қазып алатуғын ҳәм қайта ислейтуғын шөлкемлер, соның ишинде, өнимди бөлистириў ҳаққындағы келисимлер тийкарында жумыс алып баратуғын қоспа кәрханалар ҳәм сырт ел компанияларынан сатып алыў;

тиккелей шәртнамалар тийкарында магистраль газ қубырына жалған­ған тутыныўшыларға, соның ишинде, «Аймақгазтәмийнат» АЖ менен комиссия шәртнамалары тийкарында газди бөлис­тириў тармақларына жалғанған тутыныўшыларға тәбийғый газди сатыў;

б) «Аймақгазтәмийнат» АЖға:

газ бөлистириў тармақларын ҳәм тийисли үскенелерди қәўипсиз экс­плуатация қағыйдаларының нормативлик талапларына әмел еткен ҳалда экс­плуатациялаў;

суйылттырылған газди сатып алыў, жеткерип бериў, сақлаў ҳәм халық және социаллық тараў объектлерине сатыў функциялары жүкленсин.

  1. Өндирис бөлимлери үстинен тиккелей басқарыў орнатыў мақсетинде нефть-газ қазып шығарыў ҳәм газди қайта ислеў шөлкемлери юридикалық шахс шөлкемлестирместен, 2-қосымшаға муўапық «Өзбекнефтьгаз» АЖның структуралық бөлим (бас­қарма, завод)лери етип қайтадан шөлкемлестирилсин.
  2. Айырым шөлкемлер «Өзбекнефтьгаз» АЖға ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлерге қосыў арқалы 3-қосымшаға муўапық қайта шөлкемлестирилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Агентлик, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Экономика ҳәм санаат министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

«Өзнефтьөним» АЖ қарамағындағы фермер хожалықларына хызмет көрсетиўши 1 381 автомобильге жанылғы қуйыў шақапшаларын исбилерменлик субъектлерине аукцион саўдалары арқалы сатыў ҳәм узақ, жетип барыў қыйын болған елатлы пунктлерде жанылғы өнимлеринен пайдаланыў имканиятын тәмийинлеўдиң альтернатив системасын енгизиў;

газ тәмийнаты бойынша ўәлаят, ра­йонлараралық (қала) филиалларына ямаса олардың участкаларына бириктирилген газ тәмийнаты объектлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында газди бөлистириў тармақлары ҳәм тийисли үскенелерди эксплуатациялаў ҳәм тутыныўшыларға тәбийғый газди сатыў функцияларын орынлаў ушын жеке меншик операторлардың басқарыўына бас­қышпа-басқыш бериў;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың тийкарғы жумыс түрине байланыслы болмаған, соның ишинде, алдын қабыл етилген ҳүкимет қарарларына муўапық сатыў нәзерде тутылған активлерди, сатыўға қойылған ўақыттан баслап бир ай даўамында талапкер болмаған жағдайда басланғыш баҳаны басқышпа-басқыш азайтыў жолы менен сатыў;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ қурамына киретуғын шөлкемлердиң базарлар, саўда ҳәм шарўашылық комплекслери устав капиталындағы үлеслерин 4-қосымшаға муўапық жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларына бериў;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың сервис шөлкемлери ҳәм бас­қа да шөлкемлердиң устав капиталындағы үлеслерин 5-қосымшаға муўапық Агентликке бериў;

тәбийғый газди ҳәм суйық углеводородларды қазыў, қайта ислеў, тасыў, жибериў ҳәм сатыўдың барлық бас­қышларында ресурслар есабын жүргизиў бойынша электрон үскенелерди қолланыў арқалы олардың өз алдына есабы жүргизилиўин енгизиў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитети углеводород шийки затының жаңа кәнлерин анықлаў, резервлерди көбейтиўди тәмийинлеў мақсетинде республиканың углеводород шийки заты резервлерин жедел раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў, геологиялық излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша функцияларды бериў.

  1. Ҳәзирги басқыштағы ең әҳмийетли ўазыйпа сыпатында төмендегилер белгиленсин:

а) «Өзбекнефтьгаз» АЖ ушын — 2024-жылға келип углеводород шийки заты, соның ишинде, тәбийғый газ қазып алыў көлемин 42,3 миллиард метр кубқа ҳәм су­йылттырылған газди 1,5 миллион тоннаға жеткериў, соның менен экономика тармақлары ҳәм халықтың талапларын толық қанаатландырыўды, сондай-ақ, компания дәраматының артыўын, соның ишинде, төмендегилер есабынан тәмийинлеў:

инвестиция киргизиўдиң сырт ел әмелиятында кеңнен тарқалған шәртлери ҳәм механизмлери тийкарында қазып алыныўы қыйын болған кәнлерде углеводород шийки затын қазып алыўға дүньяның ири нефть-газ компанияларын тартыў;

бийғәрез сырт ел экспертлерин тарт­қан ҳалда нефть-газ тармағы кәрханаларының операциялық нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәрежетлерди бөлис­тириў, сондай-ақ, олардың қарыздарлық жүгин азайтыў;

ислеп шығылған кәнлерде заманагөй технологиялар тийкарында углеводород шийки затын қазып алыўдың өнимдарлығын арттырыў;

2020-2022-жылларда миллий нефть-газ шөлкемлери тәрепинен әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар бойынша халықаралық тендер саўдаларында қатнасыў ушын кеминде 6 сырт ел нефтьсервис шөлкемлерин тартыў;

сырт ел тәжирийбесин есапқа ал­ған ҳалда, соның ишинде, «Цифрлы кән» концепциясын әмелге асырыў тийкарында жумысқа заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў;

халықаралық консалтинг компа­нияларын тартқан ҳалда нефть-газ тармағындағы инвестициялық жойбарларды сын көзқарастан үйрениў ҳәм жергиликли нефть-газди қазып алатуғын кәрханалардың реал финанслық имканиятларына бола бөлистириў;

б) «Өзтрансгаз» АЖ ушын — соның ишинде, төмендегилердиң есабынан газ транспорт системасының «әззи» тәреплерин сапластырыў ҳәм оның транзит потенциалын раўажландырыў:

газ қубырлары ҳәм компрессор станцияларын, соның ишинде, ХФИ/ХҲФШ қаржыларын тартыў арқалы қурыў, реконструкциялаў;

жоқары басымлы газди бөлистириў пунктлеринде газ ағымларының мониторингин және басқарыў системасын (SCADA) ҳәм автоматластырылған қадағалаў системаларын енгизиў;

в) «Аймақгазтәмийнат» АЖ ушын — тәбийғый газди тутыныўшыларға жеткериўде жоғалтыўларды, соның ишинде, төмендегилер есабынан азайтыў:

жумыс алып барып атырған газ бөлистириў пунктлери ҳәм тармақларын модернизациялаў ҳәм реконструкциялаў;

2022-жылға шекем Тәбийғый газди қадағалаў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасын барлық түрдеги тутыныўшылар ушын толық енгизиў;

мәмлекетлик-жеке меншик шәртлери тийкарында газ бөлистириў тармақларын ҳәм тийисли үскенелерди эксплуатациялаў, сондай-ақ, тутыныўшыларға тәбийғый газди сатыў функцияларын орынлаў ушын газ тәмийнаты объектлерин жеке меншик операторлардың басқарыўына басқышпа-бас­қыш бериў.

  1. Агентлик Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте:

акционерлик жәмийетлериниң ўазыйпалары ҳәм функцияларын толық баян еткен ҳалда «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ устав капиталларының қәлиплестирилиўин ҳәм шөлкемлестириў ҳүжжетлериниң тастыйықланыўын;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, «Аймақтәмийнат» АЖ шөлкемлес­тириў структуралары ҳәм атқарыўшы аппарат структураларының тастыйықланыўын, олардың басқарыў уйымы қәлиплестирилиўин белгиленген тәртипте тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги:

а) Агентлик пенен биргеликте еки ай мүддетте «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлерди қайта шөлкемлестириў бойынша ҳәр бир илаждың анық әмелге асырыў мүддетин ҳәм жуўапкер шахслар көрсетилген илажлардың режелерин тастыйықласын, онда қайта шөлкемлестирилип атырған «Өзтрансгаз» АЖ, «Өзбекнефтьгаз» АЖ шөлкемлериниң активлери ҳәм миннетлемелерин хатлаўдан өткериў, корпоратив басқарыўдың заманагөй формаларын енгизиў, усы акционерлик жәмийетлериниң бақлаў кеңеси қурамына бийғәрез ағзаларды тартыў нәзерде тутылсын;

б) Қаржы министрлиги және Экономика ҳәм санаат министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем ХФИ/ХҲФШ ҳәм халықаралық консалтинг компанияларының техникалық жәрдеминде «Өзбекнефтьгаз» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖдағы басшы лаўазымларына нефть-газ тармағындағы ири сырт ел компанияларында ямаса халықаралық басқарыў компанияларында жумыс ислеў тәжирийбесине ийе болған менеджерлерди тартыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

в) 2019-жыл 1-сентябрьге шекем Газ бөлистириў тармақлары ҳәм тийисли үскенелерди эксплуатациялаў, сондай-ақ, тутыныўшыларға тәбийғый газди сатыў функцияларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында орынлаў ушын газ тәмийнаты объектлерин жеке меншик операторларға бериў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шықсын, онда, соның ишинде, инвесторларды таңлаў, шәртнаманы дүзиў ҳәм бийкарлаў, сондай-ақ, дәлдалшылық төлемлериниң муғдарын белгилеў ҳәм төлеў, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросының басқарыўына берилетуғын аймақта тәбийғый газ ушын төлемлерди жыйнаў бойынша ўазыйпаларды олар­ға бериў тәртиби ҳәм инвесторларға қойылатуғын басқа да талаплар нәзерде тутылсын;

г) 2019-жыл 1-сентябрьге шекем Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги менен биргеликте әмелге асырылып атырған ҳәм ислеп шығылып атырған инвестициялық жойбарлардың турақлы мониторингин, пайдаланылып атырған кәнлер ҳәм қудықлар супервайзингин әмелге асырыў ушын халықаралық инженерлик-мәсләҳәт компанияларын тартыўды нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шықсын;

д) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитети, «Өзбекнефтьгаз» АЖ менен биргеликте 2019-жыл 1-октябрьге шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитетине углеводород шийки затының жаңа кәнлерин анықлаў, резервлерди көбейтиў мақсетинде республиканың углеводород шийки заты резервлерин жедел раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў, геологиялық излеў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша функцияларды бериў;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитетине геологиялық излеў жумысларын алып барыў бойынша әмелдеги жойбарларды, хатлаўдан өткериў нәтийжелери бойынша перспективалы участкалар, инвестициялық блоклар ҳәм углеводород шийки заты кәнлерине байланыслы бар фонд ҳәм басқа да материалларды бериў;

бар геофизикалық ҳәм бураўлаў үскенелери, терең илимди талап ететуғын  технологиялар, программалық өнимлер ҳәм зәрүр арнаўлы және автотранспорт техникасын басқышпа-басқыш модернизациялаўды есапқа алып, 2020-жылдан баслап углеводород шийки заты бойынша алып барылатуғын геологиялық излеў жумысларын қаржыландырыў дәреклери етип Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржыларын белгилеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экономика ҳәм санаат министрлиги, Энергетика министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте ҳәм ХФИ/ХҲФШ және халықаралық консалтинг компанияларының техникалық жәрдеминде 2019-жыл 1-ноябрьге шекем қазып алыў, қайта ислеў, тасыў ҳәм сатыў бойынша тийкарланған эксплуа­тациялық, операциялық және инвестициялық қәрежетлердиң толық қапланыўын нәзерде тутқан ҳалда, нефть өнимлери, тәбийғый және суйылт­тырыл­ған газ тарифлерин белгилеў усылын жетилистириў бойынша ҳүкимет қарары жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзтрансгаз» АЖ:

а) 2019-жылдың жуўмағынан баслап финанслық есаплар мәжбүрий тәртипте финанслық есап жүргизиўдиң халық­аралық стандартларға муўапық дүзилиўин ҳәм халықаралық аудиторлық компанияларын тартқан ҳалда бийғәрез сыртқы аудит өткерилиўин тәмийинлесин;

б) 2020-жыл жуўмағынан баслап төмендегилерди:

Есап ҳәм есап бойынша халықаралық стандартлар (ISAR)дың принциплери және талапларына муўапық есап жәриялаўдың корпоратив стандартларын енгизиў;

Финанслық есаптың халықаралық стандартлары (ISAR)ын қоллап-қуўатлаў ҳәм ҳәр шеректе жумыстың тий­карғы бағдарлары бойынша финанслық есап дүзиў және жәриялаў;

Глобаллық есап басламасы (GRI)на муўапық, соның ишинде, экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық мәселелер бойынша есап басып шығарыў;

халықаралық рейтинг агентликлери, финанслық ҳәм юридикалық консультантлар менен биргеликте корпоратив кредит рейтингин алыў;

саўдалар, активлер рентабельлиги, активлер ҳәм миннетлемелердиң айланыс дәрежеси ҳәм басқа да көрсеткишлер бойынша халықаралық әмелият тийкарында белгиленетуғын минимал талапларды әмелиятқа енгизиў;

Углеводород ресурсларын басқарыў системасы (PRMS) талапларына муўапық углеводород ҳәм оның резервлериниң есабын алып барыў, классификациялаў ҳәм басқарыўдың халықаралық системасын енгизиў;

халықаралық стандартларға муўапық углеводород шийки заты резервлериниң аудитин өткериўди тәмийинлесин;

в) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәм Агентлик пенен биргеликте ХФИ/ХҲФШ ҳәм халықаралық консалтинг компанияларының жәрдеминде 2024-жылдан кешиктирмей устав капиталларында мәмлекетлик үлесин 51 проценттен кем болмаған муғдарда сақлап қалған ҳалда, жергиликли ҳәм халықаралық фонд базарларында акцияларды бирлемши ҳәм екилемши ғалабалық жайластырыў арқалы «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Өзтранс­газ» АЖға инвесторларды тартыў бо­йынша илажлар көрсин.

  1. «Өзбектнефтьгаз» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын кәрханалардың усы қарардың 4 ҳәм 5-қосымшаларында көрсетилген үлесин жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларына ҳәм Агентликке бериў ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖның «Өзтрансгаз» АЖ устав капиталындағы үлесин Агентликке бериў мәмлекеттиң «Өзбекнефтьгаз» АЖ устав капиталларындағы үлесин ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖның өз қурамына киретуғын шөлкемлердеги үлесин азайтыў есабынан баланс баҳасында әмелге асырылатуғыны;

Агентликтиң жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қоры ықтыя­рында қалатуғын қаржылардан тысқары, усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген активлерди сатыўдан түсетуғын қаржылар «Өзбекнефтьгаз» АЖның кредит ҳәм миннетлемелерин қаплаў ушын мақсетли жумсалған ҳалда, «Өзбекнефтьгаз» АЖ устав капиталына мәмлекеттиң үлеси сыпатында бағдарланатуғыны;

усы қарарға муўапық бир шөлкемнен басқа шөлкемге, соның ишинде, олардың қайта шөлкемлестирилиўи ҳәм жабылыўы ўақтында тапсырылып атырған және алынып атырған мүлклер, мүлк ҳуқықлары, атап айт­қанда, акциялар ҳәм устав капиталларындағы үлеслердиң баҳасы барлық түрдеги салықлар бойынша салыққа тартыў объекти есапланбайтуғыны;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ. «Өзтрансгаз» АЖ, «Аймақгазтәмийнат» АЖ ҳәм олардың шөлкемлери баҳалы қағазлар эмиссиясы шығарылыўын мәмлекетлик дизимнен өткериў жыйымларын ҳәм тапсырылып атырған автотранспорт қуралларын қайта дизимнен өткериўде автотранспорт жыйымларын төлеўден азат етилетуғыны;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ структурасына киретуғын шөлкемлердиң қайта шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде оларға қараслы юридикалық шахслардың 50 процент ҳәм оннан зыят акция­ларына Агентлик ҳәм «Өзбекнефтьгаз» АЖниң ийе болыўы жаңадан сатып алынған акциялар пакети есапланбайтуғыны;

«Өзбекнефтьгаз» АЖ «Өзбураўлаўнефтьгаз»,   «Өзнефтьгазқазыпшығарыў», «Өзнефтьөним» ҳәм «Өзнефтьгазмаш» акционерлик жәмийетлериниң шәртнамалары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланатуғыны;

«Өзтрансгаз» АЖниң әмелдеги шәртнамалары бойынша ҳуқық ҳәм миннетлемелер өзинде сақланып қалады;

«Ўзтрансгаз» АЖ ҳәм «Аймақгазтәмийнат» АЖ арасындағы бөлистириў шегараларында газ есаплаў әсбапларының көрсеткишлерин ҳәм техникалық жағдайын қадағалаў ўазыйпасы Өзбекстан Республикасы Энергетика минис­трлиги жанындағы Нефть өнимлери ҳәм газден пайдаланыўды қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм «Өзстандарт» агентлигине жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Агентлик 2020-жыл 1-апрельге шекем усы қарардың 5-қосымшасында көрсетилген шөлкемлердиң устав капиталындағы үлеслериниң сатыўға шығарылыўын тәмийинлесин, онда олар ғалаба түрде сатыўға шығарыл­ған күннен баслап үш ай ишинде сатылмаған жағдайда, айырым жағдайларда бақлаў кеңесиниң қарарына бола төлемлерди үш жылдан бес жылға шекемги мүддетте бөлип төлеў имканияты нәзерде тутылсын.
  2. 2020-жыл 1-июльге шекем төмендегилер:

республика сыртына «бажыхана аймағынан басқа жерде қайта ислеў» бажыхана режими бойынша алып шығып кетилген үскенелер (газ генераторлары, двигательлер, күш трубиналары ҳәм басқалар) оларды қайта алып кириўде бажыхана төлемлеринен (бажыхана жыйымлары буған кирмейди);

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 3-ноябрьдеги «2017-2021-жылларда «Өзбекнефтьгаз» АЖның минерал-шийки зат базасын раўажландырыў ҳәм қайта тиклеў бо­йынша мәмлекетлик бағдарламаны тас­тыйықлаў ҳаққында»ғы 3372-санлы қарарына муўапық «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм оның шөлкемлестириў структурасына киретуғын  кәрханалар тәрепинен әмелге асырылатуғын геологиялық излеў жумыслары қосымша қун салығынан азат етилсин.

  1. Төмендегилерге:

газ тәмийнаты шөлкемлериниң мүлкине Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 269-статьясының 1-бәнтинде нәзерде тутылған юридикалық шахслардың мүлкине салынатуғын салық бойынша салық жеңилликлери;

 2021-жылдың 1-январына шекемги мүддетке «Өзбекнефтьгаз» АЖ қурамынан шығарылатуғын шөлкемлерге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 27-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3953-санлы қарарына қосымшаның 9-бәнти енгизилсин.

  1. Қазып алыныўы қыйын резервлерге ийе исленип атырған кәнлерди таңлаўлар өткериў ар­қалы, тиккелей инвестицияларды углеводород шийки затын қазып алыў көлеминен қайтарыў шәрти менен, бөлистирилмейтуғын тәўекелшиликлерге ийе шәртнамалар тийкарында углеводород шийки затын қазып алыў бойынша жоқары технологиялы хызметлерди көрсетиў тараўында тәжирийбеге ийе болған компаниялардың басқарыўына тапсырыў әмелиятқа енгизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети:

а) бир ҳәпте мүддетте бөлистирилмейтуғын тәўекелшиликлерге ийе шәртнамалар дүзиў тийкарында углеводород шийки затын қазып алыў ушын жеке инвесторлар қаратылатуғын Нефть ҳәм газ кәнлериниң дизимин тастыйықласын;

б) үш ай мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2020-2022-жылларда Өзбекстан Республикасында энергия нәтийжелилигин арттырыў бағдарламасын қабыл етсин:

қуяш панельлери ҳәм суў ысытқышлар, сондай-ақ, тутыныўшылар ушын нәтийжели энергия қазанларын орнатыў, соның ишинде, оларды сатып алыў қәрежетлерин шамалы субсидиялаў жолы менен хошаметлеў;

бюджеттен тысқары Тармақлараралық энергия үнемлеў қорын қәлип­лестириў дәреклерин кеңейтиў;

стандарт емес газ горелка үскенелерин заманагөй ҳәм нәтийжели  энергия газ горелка үскенелери менен алмастырыў;

экономиканың ең көп энергия жумсайтуғын тараўларында энергия ресурс­ларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергия нәтийжелилиги бағдарламаларын ислеп шығыў мақсетинде мәжбүрий түрде энергоаудит өткериў.

  1. Энергетика министрлиги, Экономика ҳәм санаат министрлиги, жанылғы-энергетика кәрханалары тәрепинен ислеп шығылған 2019-2021-жылларда жанылғы-энергетика тармағының талаплары ушын өзлестириўге усыныс етилетуғын таяр өнимлер, үскенелер, ком­п­лектлеўши өнимлер. аўысық бөлек ҳәм материаллардың түрлери, сондай-ақ, оларды оңлаў ҳәм модернизациялаў бойынша жумыслар ҳәм хызметлердиң дизими 6-қосымшаға муўапық мақуллансын.

Усы дизимге киргизилген жойбарларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 1-майдағы «Санаат кооперациясын буннан былай да раўажландырыў ҳәм талап жоқары болған өнимлерди ислеп шығарыўды кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4302-санлы қарарында нәзерде тутылған әмелге асырыў механизмлери ҳәм қоллап-қуўатлаў илажлары енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. 2019-жыл 1-октябрьден баслап:

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамындағы мониторинг, қадағалаў, ашық-айдын, нәтийжели таллаўын тәмийинлеў бағдарындағы талаплар стратегиялық әҳмийетке ийе болған товарлар (жумыслар, хызметлер) ды сатып алыўдың айрықша тәртиби белгиленген хожалық жәмийетлери ҳәм кәрханалар тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўдың барлық түрлерине енгизиледи;

мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен дүзилген шәртнамалар реестрине қойыл­ған талапларға муўапық, мәмлекетлик буйырт­пашыға өзиниң ямаса жоқары турыўшы уйым­ның рәсмий веб-сайтында мәмлекетлик сатып алыўлардың сыпатламасын келтирген ҳалда, олардың нәтийжелерин жәрия­лаў миннетлемеси де жүкленеди;

Өзбекстан Республикасы Есап палатасы ҳәм Монополияға қарсы гүресиў комитети турақлы түрде мәмлекетлик сатып алыўлардың нәтийжелилиги аралықтан таллаўды, зәрүр жағдайларда объектлерге шығып алып барады және арнаўлы мәмлекетлик сатып алыўлары мәлимлеме порталы ҳәм өз рәсмий веб-сайтларында таллаў жуўмақларын жайластырады;

жеткерип бериўшилердиң қатнасыўына имканият жаратыў мақсетинде, соның ишинде, импорт товарлар, жумыслар ҳәм хызметлерди, ең жақсы усынысларды таңлап алыў ҳәм тиккелей шәртнамалар менен сатып алыў ушын контрактлерди дүзиў алдыннан мәмлекетлик сатып алыўлар арнаўлы мәлимлеме порталында тийисли мағлыўматлар жайластырылған ҳәм кейин сайлап алыў нәтийжелери сәўлелендирилген ҳалда әмелге асырылады. 

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги бир ай мүддетте барлық мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бо­йынша талапларды күшейтиўди, қадағалаўдың анық механизмлерин ҳәм онда жәми­йетшиликтиң белсене қатнасыўын хошаметлеў илажларын, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлердиң, соның ишинде, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми және Жәҳән банкиниң коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм ҳәр жылғы «Бизнес жүргизиў» есабы бағдарындағы усынысларын енгизиўди нәзерде тутқан ҳалда, Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлары ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минераллық ресурслар комитети, Экономика ҳәм санаат министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте төмендегилерди:

2019-жыл 1-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасының «Өнимлердиң бөлистирилиўине байланыслы келисимлер ҳаққында»ғы ҳәм «Жер асты байлықлары ҳаққында»ғы Нызамларының, соның ишинде, сырт ел инвесторларына жер асты байлықлары майданларын бериў бойынша таңлаў (аукцион) саўдаларын өткериўдиң ашық-айдын механизмлерин, өнимниң бөлистирилиўине байланыслы келисимлерди дүзиўдиң шәртлерин, атап айтқанда, қазып алынған углеводород шийки затының Өзбекстан Республикасына тийисли болған бөлегин ишки базарға жеткерип бериў бойынша талапты нәзерде тутатуғын жаңа редакциядағы жойбарларын;

еки ай мүддетте халықаралық қәнигелер ҳәм экспертлерди тартып, бөлистирилмейтуғын тәўекелшиликлерге ийе шәртнамалар тийкарында углеводород шийки затын қазып алыўдың ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиң жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-июньдеги «Нефть-газ тармағын басқарыў системасын жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3107-санлы қарарының 1-4, 7 ҳәм 8-бәнтлери және 1-16 қосымшалары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниң айырым қарарларына 7-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги басқа да мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усынысларды киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас минис­три А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

        Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы, 2019-жыл 9-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF