Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:53:20, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХОЖЕЛИДЕ БИР ЦЕХ, 30 КВАРТИРА ПАЙДАЛАНЫЎҒА БЕРИЛДИ

Жақында Хожели ра­йоны аймағында жаңа еки объект пайдаланыўға тапсырылды.

Атап айтқанда, райондағы «Саманкөл» АПЖ аймағында «Rayana Text» ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген тигиў цехы иске түсти.

Оның ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары — республикалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова, Президент Халық қабыллаўханасының ра­йонлық бөлими баслығы К.Жамалов ҳәм сектор басшылары қатнасты.

— Бизиң басламамызды ҳаял-қызлар комитети қоллап-қуўатлап, бизге ра­йонымыз ҳаял-қызларының бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, жәми 110 миллион сумлық кредит ажыратылған еди,-дейди кәрхана баслығы Гүлмийра Абдихаликова. — Цехта 20 ҳаял-қыз кепилленген жумыс орны менен тәмийинленип, ҳәзирги күнде олар тәрепинен заманагөй үлгидеги кийим-кеншеклер тигилмекте. Әсиресе, жаңа оқыў жылы ушын тигилип атырған әжайып мектеп формалары қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық пайда етти.

Сондай-ақ, районның «Жан-Қоңырат» МПЖ аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңа үлги жойбарлар тийкарында арзан турақ жайлар салыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына муўапық, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж, бир үйде көпшилик болып жасайтуғын шаңарақлар, перзентлери кем тәми­йинленген шаңарақларда тәрбияланып атырған, соның менен бирге, шаңарағында майыплығы бол­ған, майыплыққа алып келиўши кеселликке шалын­ған, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм бас­қа да 30 шаңарақ заманагөй турақ жай менен тәми­йинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF