Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:22:31, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЛЕ ТУРА БИЛМЕГЕНГЕ САЛЫП...

Турмыстың ғалма-ғаллары көп. Оларды жеңиў ушын дурыс жолдан жүрсең ғана адаспайсаң. Адымыңды қыя бассаң, әлбетте, жазаға тартыласаң. Хожели районында жасайтуғын Римажан Ешимбетова да жасы әдеўирге барғанда «ҳеш нәрсе болмас» деген ойда адымын қыя басқанын аңламай қалды.

Ол 2016-жылы 5-август күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги сырт елге шығыў-кириў ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимине Бирлескен Араб Әмирлигине саяхатқа шығыўды көрсетип виза алыўы ушын арза-анкета толтырып мүрәжат еткен. Римажан сырт елге шығыўдың әмелдеги нызамшылықта орнатылған ҳуқықый жағдайларын, тәртип-қағыйдаларын биледи, бирақ, ол билип турса да нызамшылықты бузып, сырт елге шығыў ушын Хожели районы Б.Қудайбергенов көшесинде жасайтуғын танысы Г.Әбдирахманова менен тил бириктирип, өзиниң мүрәжатының жуўабын күтпестен пуқаралық паспортында сырт елге шығыў ҳуқықын бериўши арнаўлы стикер (виза) алмастан 2016-жыл 3-ноябрь күни республикамыздан шығып, Әзербайжан Республикасына өтеди.  4-ноя­брьде сырт ел мәмлекети есапланған Бирлескен Араб Әмирлигине барып, Дубай қаласында 2017-жыл 10-август күнине шекем жасаған ҳәм усы күни Бирлескен Араб Әмирлигинен шығып, Россия Федерациясына барып, 14-август күни қайтадан Әзербайжан Республикасы аймағы арқалы 2017-жыл 15-августта Бирлескен Араб Әмирлигине қайтып келип, Дубай қаласында усы жылдың 21-март күнине шекем жасаған.

Нызамшылықта Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 1995-жыл 6-январьдағы «Өзбекстан Республикасы пуқараларының сырт елге шығыў тәртиби ҳаққында»ғы қарарында «Сырт елге ўақтынша шыққанда пуқараларға сырт елге барыўы ушын еки жыл даўамында әмел етилетуғын рухсатнама жазыўы стикери рәсмийлестириледи. Пуқаралар көрсетилген мүддет ишинде бирнеше мәрте сырт елге шығыўы мүмкин. Стикердиң әмел етиў мүддети паспорттың әмел етиў мүддетинен аспаўы керек» ҳәм 6-бәнтинде көрсетилген талапларды да бузған. Сонлықтан, ол нызам тийкарында жазаға тартылды. Бирақ, оның бурын судланбағанлығы, жақсы минезлемеге ийе екенлиги ҳәм жәмийеттен ажыралмастан дүзелиў имканияты барлығын есапқа алып, сынақ мүддети белгиленди.

Сынақ, әлбетте, үлкен жуўапкершилик. Ол өзинен жуўмақ шығарып, бул жуўапкершиликти ҳәм үлкен исенимди ақлаўы шәрт.

Б.ЖОЛДАСБАЕВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF