Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:43:18, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАЗҒЫ  БИАТЛОН  БОЙЫНША ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БИРИНШИЛИГИ  ӨТКЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикаси Президентиниң 2017-жыл  5-июльдеги «Жасларға тийисли мәмлекетлик  сиясатының  нәтийжелилигин арттырыў  ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының хызметин қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы Пәрманының әмелге асырылыўын тәми­йинлеў  мақсетинде Өзбекстан Қорғаныў министрлигине көмеклесиўши «Ватанпарвар»   шөлкеми  Әмиўдәрья районы оқыў-спорт  техника клубында спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлеринен бири  жазғы биатлон   бойынша Қарақалпақстан бириншилиги  өткерилди. Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де  тереңлестириў барысында жаслардың белсендилигин тәмийинлеў,  жоқары мәнаўиятлы, еркин  пикирлейтуғын, ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты тәрбиялаўға қаратыл­ған жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың  әмелге асырылыўына айрықша итибар қаратылмақта.

Жасларды ҳәр тәреплеме кәмил, Ўатанға садық, әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда Өзбекстан Қорғаныў министрлигине көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң де мүнәсип орны бар. Тийкарынан шөлкемниң  қала ҳәм район оқыў-спорт техникалық клублары  арасында өткерилип барылатуғын  спорттың  техникалық ҳәм әмелий түрлери жасларды физикалық  шынықтырыўға, сондай-ақ, спорт тараўына қызығыўшылығының артыўына хызмет етеди. Президентимиздиң жаслардың мәнаўиятын жетилистириўге  қаратылған бес әҳмийетли бағдарының  бири  болған жаслардың спорт  тараўындағы қәбилетлерин көрсетиў ушын қолайлы шараятлар жаратылған усы жарыста Нөкис қаласы ҳәм Әмиўдәрья, Төрткүл, Беруний, Елликқала, Қоңырат, Хожели, Кегейли хәм де Шымбай районларындағы оқыў-спорт техника клубы ағзаларынан  қурал­ған 9 команда қатнасты.

Илажда «Ватанпарвар» шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының орынбасары М. Шамуратов сөзге шығып, өткерилип атыр­ған бундай спорт  жарыслары жаслардың спортқа, әскерий тараўға болған қызығыўшылықларының артыўында әҳмийетли екенлигин айтып өтти. «Биз Ўатансүйиўшилермиз!»  ураны астында өткерилген жарыста ер балалар ҳәм қызлар арасында жазғы биатлон жарысы қызғын ҳәм бәсекиге бай болды. Нәтийжеде командалық ҳәм жеке бириншиликте  ер балалар ҳәм  қызлар арасында  жеңимпазлар анықланды. Командалар арасында Әмиўдәрья районы биринши, Нөкис қаласы командасы екинши орынларды ийелеген болса, жеке бириншилик бойынша биринши орынды  Ш.Жумабаев, екинши орынды  Ш.Кенже­баев, үшинши орынды Д.Дәўлетовлар жеңип алды. Ал, қызлар арасында Р.Купалова биринши,  Г.Курбанбаева екинши,  М.Гулманова үшинши орынларды ийеледи. Жеңимпазлар «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. 

А.ҚАЛБАЕВА,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниң

1-курс студенти.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF