Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:05:33, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАРАЎҒА ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР ЕНГИЗИЛМЕКТЕ

Мәмлекетимизде өндирис тараўында бәсекиликти қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти, соның ишинде экспорт имканиятларын  кеңейтиў, ишки базарларды сапалы тутыныў товарлары менен тәмийинлеўге қаратыл­ған салыққа тартыў ҳәм бажыхана-тариф системасын тәртипке салыў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылмақта.

Тилекке қарсы, экономиканың айрым секторларында исбилерменлик субъектлерине сезилерли дәрежеде жеңилликлер ҳәм преференциялардың берилгенлигин есапқа алған ҳалда қосымша қун салығын есаплаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртибинде бар бол­ған теңсизликлер барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ушын теңликти тәмийинлеўде қосымша қун салығының толық шынжырын жаратыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын  арттырыў имканиятын бермей атыр.

Мәмлекетимизде инвестиция тартымлылығын арттырыў, тең бәсекилик принципин енгизиўди тәмийинлеў ҳәм де салық ҳәм бажыхана төлемлери бо­йынша жеңилликлер бериўди тәртипке салыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң усы жыл 27-июнь күни «Салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң берилиўин және де тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Усы Пәрманға тийкарланып, көп жыллардан берли сырт мәмлекетлерден алып келинген айрым товарлар ушын қосымша қун салығы бойынша берилген жеңилликлер 2019-жыл 1-октябрь сәнесинен баслап бийкар етиледи. Олар төмендегише:

асбест, көмир, ағаш материаллары, ағаш ҳәм оннан таярланған буйымлар, углеводород шийки өними;

соя дәнеси, айғабағар ҳәм гүнжи туқымлары, майлы шийки өним ҳәм шекер шийки өнимлери;

аўыл хожалығы техникасы, автотранспорт қураллары, автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўда пайдаланылатуғын қосымша буйымлар, материаллар ҳәм әсбап-үскенелер нәзерде тутылан.

Бирақ, қосымша қун салығы бо­йынша берилген жеңилликлер мәмлекетимизде жаңадан енгизилген салық концепциясы ҳәм бул тийкарда салық кодексине киргизилген өзгерислерге көре, импортқа алып келинген товарлардан бажыхана уйымлары тәрепинен қосымша қун салығы өндирилсе, салық уйымлары тәрепинен өндирилетуғын қосымша қун салығын есаплаў ўақтында бажыхана уйымлары тәрепинен өндирилген қосымша қун салығы есапқа алынып, шегирип тасланады.

 

Нурлыбек ХОЖАНОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы

Жәми­йетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыс топары,

аға инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF