Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:45:43, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БИЗИҢ БИЙБАҲА ДОСТЫМЫЗ

Китап — инсанның жақын досты, ақыллы сәўбетлеси, ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайтуғын сырласы саналады. Китаплар бизди уллы мақсетлерге жетелейди.

Адам баласының ой-өрисиниң, сана-сезиминиң раўажланыўында, ҳәр тәреплеме кәмил инсан болып жетилисиўинде китаптың тутатуғын орны айрықша. Китап оқыў арқалы инсанның руўхый камалатқа ерисетуғыны илимпазлар тәрепинен дәлилленген.

Ҳәзирги ўақытлары ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен оқыўшы жасларды китап­қумарлыққа тартыў, олардағы билим көнликпелерин еле де арттырыў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Буның айқын мысалы ретинде ҳәр жылы өткерилиўи үрдиске айланып баратырған «Жас китапқумарлар» таңлаўын айтып өтсек болады.

Көпшилик теңлеслерим қатары мен де бос ўақытларымда әдебий китаплар оқыўға қызығаман. Сонлықтан да өзим тәлим алған НМПИ академиялық лицейиниң мәлимлеме-ресурс орайына тез-тез барып, жәҳән әдебияты, туўысқан халықлар ҳәм қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң шығармаларын оқып барыўға ҳәрекет етемен. Өйткени, инсан қаншелли көп китап оқыр екен, оның жетискенликлери де соншелли көп болады деп ойлайман.

Усы жылдың 19-март сәнесинде Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты, мәденият, дөретиўшилик, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кең тартыў, оларда мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, жаслар арасында китапқумарлықты ен жайдырыў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы халықтың, әсиресе, жаслардың руўхый мәдениятын раўажландырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мәселесине айрықша тоқтапF «Ҳәр бир басшы өзиниң жеке китапханасынан билим алған мектебиниң китапханасына китаплар саўға етсе, бул жақсы баслама болып, китап­қумарлықты раўажландырыў менен перзентлеримиз тәрбиясына жақсы тәсир көрсетеди», деп атап өтти.

Журтбасшымыздың бул пикирлерине жуўап ретинде биз, яғный НМПИ академиялық лицей питкериўшилери де лицейимиздиң мәлимлеме-ресурс орайына ҳәр қыйлы атамадағы әдебий китапларды естелик ретинде тапсырдық. Бундағы тийкарғы мақсетимиз — бул китапларды оқыў арқалы бизден кейинги оқыўшы-жаслардың руўхый дүньясының байып, елимиздиң ҳақый­қый перзентлери болып жетилисиўине өз үлесимизди қосыўдан ибарат.

 

М.БЕРДИМУРАТОВА,

НМПИ академиялық лицейи питкериўшиси. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF