Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:56:09, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР  ӨНДИРИСКЕ  ЖОЛЛАМА  АЛДЫ

УНИВЕРСИТЕТ. Бүгинги күни ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды Ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, руўхый дүньясы жетик ҳәм  физикалық жақтан бәркамал әўладты камалға келтириў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Сонлықтан да, Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен тараўдағы жумысларды түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жоқары сапа басқышына көтериў мақсетинде 2018-жыл 5-июнь күнги «Жоқары оқыў орынларында билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, онда жоқары билимлендириў системасына тийисли бир қатар ўазыйпалардың ишинде жоқары оқыў орнын питкериўшилердиң өз қәнигеликлери бойынша маман қәнигелер болып жетилисиўи ушын нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Усы жылдың 9-июль сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында 2018-2019-оқыў жылы питкериўшилерине салтанатлы диплом тапсырыў кешеси болып өтти.

Илажды университет ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы У.Ташкенбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, питкериўшилерге келешекте республикамыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын маман қәнигелер болып жетилисиўи ушын тилеклерин билдирди.

­ Быйылғы оқыў жылында университетимизди 42 бакалавр тәлим бағдары бойынша жәми 2013 студент, 22 қәнигелик бо­йынша 86 магистрант питкерип шықпақта. Ҳәзирги ўақытта бул питкериўшилердиң республикамыздағы 950 ден аслам жумыс бериўши мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен «Жас қәнигени жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесиўши» үш тәреплеме шәртнамалары рәсмийлестирилген болып, бүгинги күнде оларға оқыўды тамамлағаннан соң дүзилген шәртнамаларға сәйкес жумыс орынларына жолламалар бериў нәзерде тутылмақта,-дейди университеттиң буйыртпалар портфелин қәлиплестириў, питкериўшилерди жумыс орынларына бөлистириў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы Сабит Габбаров.

Илаж соңында қатнасыўшыларға республикамызға белгили эстрада қосықшылары ҳәм университеттиң «Ҳүрлиман» халық ансамблиниң таярлаған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

 

ПЕДИНСТИТУТ. Жаслар ­ елимиз келешегиниң беккем тийкары. Олардың заманагөй билим ийелеўи, өзи таңлаған тараўда мийнет етиўи ушын мәмлекетимизде барлық шараятлар жаратылмақта. Ҳәзирги күнлери республикамыздың жоқары оқыў орынларында питкериўшилердиң диплом алыў илажлары өткерилмекте. Усы мүнәсибет пенен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 20l8-20l9-оқыў жылында институттың бакалавр ҳәм магистратура тәлим бағдарларын питкериўши жасларына қәнигелик дипломларын тапсырыўға бағышланған «Ҳақ жол сизге, питкериўши!» атамасында салтанатлы кеше шөлкемлестирилди. 

Кешени институт проректоры Қ.Қадиров ашты ҳәм питкериўшилерди қутлықлады. Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов ҳәм бир қатар устаз оқытыўшылар, ата-аналар шығып сөйлеп, питкериўши жасларды қутлықлап, келешектеги жумысларында табыслар тиледи.

Быйылғы оқыў жылында бакалавр бағдары бойынша 1282, магистратура қәнигелиги бойынша 32 питкериўши қәнигелик дипломларын алып, үлкен өмирге қәдем қоймақта. Бул питкериўши жаслар арасында ҳәр қыйлы халық­аралық таңлаўлар ҳәм фестивальлар, спорт жарысларында жоқары нәтийжелерге ерискен белсенди студентлер, сондай-ақ, Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия ийелери барлығын мақтаныш пенен айтып өтсек болады. Әлбетте, булардың барлығы институт профессор-оқытыўшыларының пидайы мийнетлериниң нәтийжеси десек асыра айт­қан болмаймыз.

Ҳақыйқатында да, өзиниң 85 жыллық тарийхына ийе бул уллы дәргай республикамызға белгили қаншадан-қанша инсанларды жетилистирип, илим менен сырлас болыўға тийкар жаратты.

­ Институттың шет тиллери факультетиниң инглис тили ҳәм әдебияты қәнигелигин питкерип, қолыма диплом алғанымнан қуўанышлыман. Барлық профессор-оқытыўшы устазларыма миннетдаршылығым шексиз. Олардың берген билимлерин, мийнетлерин ақлаўға исеним билдиремен, -дейди питкериўши Айсәнем Нийетуллаева.

Ҳақыйқатында да, бул питкериўши жаслардың жүзлери қуўанышқа толылығынан олардың алдағы мақсетлериниң жоқары екенлигин сезиўимизге болады. Илаж соңында бир топар питкериўши жасларға диплом ҳәм естелик саўғалары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

И.МАТЕКОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF