Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:51:29, 16.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН  РЕСПУБЛИКАСЫ  МӘМЛЕКЕТЛИК ҒӘРЕЗСИЗЛИГИНИҢ  ЖИГИРМА  СЕГИЗ  ЖЫЛЛЫҚ  БАЙРАМЫНА ТАЯРЛЫҚ  КӨРИЎ  ҲӘМ  ОНЫ  ӨТКЕРИЎ  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимиздиң тарийхында өшпес бет ашқан уллы ғәрезсизлик себепли Өзбекстан өткен дәўир даўамында дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай исенимли илгерилеп бармақта.

Бүгинги күнде елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты беккемлеў, инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплерин тәмийинлеў, Ўатанымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин жоқарылатыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бизлер ушын жоқары әҳмийетке ийе болған ўазыйпалар — халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасын жақсылаў, исбилерменлик ҳәм жеке мүлктиң раўажланыўына кеңнен имканият ашып бериў, жаслар, ҳаял-қызлар, кексе әўлад ўәкиллери, социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға турақлы итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиўге қаратылған бағдарламаларымыздың унамлы нәтийжелери тек ғана мәмлекетимиз емес, ал, халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де тән алынбақта.

Халқымыз ушын ең уллы, ең азиз байрам, еркин, абат ҳәм абадан турмыс қурыў жолындағы барлық жетискенликлеримиз ҳәм табысларымыздың тийкар­ғы дереги болған Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығын үлкен таярлық пенен күтип алыў, бул уллы сәнени оның мазмун-мәнисине, халқымыздың пидакерлик мийнети, ийгиликли умтылысларына мүнәсип тәризде белгилеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Республикалық комиссия бир ҳәпте мүддетте «Әзиз Өзбекстаным, мәңги бол аман!» деген идеяны өзинде жәмлеген шөлкем­лестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳәм үгит-нәсият жумысларының бағдарламасын ислеп шықсын.

Бул бағдарламада 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ, «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле», «Ҳәр бир шаңарақисбилермен», «Жасларкелешегимиз», «Бес унамлы баслама» сыяқлы әҳмийетли бағдарламалар ҳәм режелер шеңберинде алып барылып атырған түпкиликли реформалардың мазмун-мәниси ҳәм руўхы жәмлениўине айрықша итибар қаратылсын.

Әсиресе, соңғы жылларда жәмийетлик-сиясий, экономикалық қатнасықлардың мазмун-мәниси, жәми­йетимиздиң келбети пүткиллей өзгергени, усы унамлы өзгерислер ўатанласларымыздың турмысында өз көринисин таўып атырғаны, халқымыздың турмыс дәрежесин, сана-сезими, билими ҳәм мәдениятын арттырыў бойынша исленген жумысларды конкрет дәлил ҳәм мысаллар, терең илимий таллаўлар ҳәм экспертлик баҳалар арқалы мәмлекетимиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликке жеткериў жоқары әҳмийетке ийе болып есапланады.

  1. Республикалық комиссия тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында Ғәрезсизлик байрамына бағышлап халықтың кең қатламлары арасында руўхый-ағартыўшылық ушырасыўлар, ашық-айдын пикирлесиў ҳәм сәўбетлесиўлер, әдебий-көркем өнер кешелер, әҳмийетли темалар бойынша пикир алысыўлар, мәдений илажларды нәтийжели өткериў мақсетинде белгили илимпазлар, дөретиўши зыя­лылар ҳәм атқарыўшылардан ибарат үгит-нәсиятлаў топарлары шөлкемлестирилсин ҳәм олардың анық реже тийкарында жумыс алып барыўы тәмийинленсин.

Бул илажларды шөлкемлестириўде мәмлекетимизди модернизациялаў, ҳәр қыйлы тараў ҳәм тармақларды либералластырыў бо­йынша қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм нәтийжелер усы жолдағы дәслепки қәдемлер екенин атап өткен ҳалда, бәлентпәрўазлық, рәсмийшилик ҳәм жүзекилик жағдайларына жол қоймастан, қалыслық ҳәм ҳақыйқатлық принциплери тийкарында жумыс алып барыўға айрықша итибар қаратылсын.

  1. Республикалық комиссия өзиниң мәжилислеринде белгиленген илажлар мәмлекетимиз пайтахты, ўәлаят ҳәм районларда қандай әмелге асырылып атырғаны бойынша ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйым басшыларының есапларын турақлы түрде тыңлап барсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын байрам бағдарламаларын таярлаўға ғалабалық тамашалар бойынша жоқары шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, композитор ҳәм балет­мейстерлер, сахна художниклери, талантлы жас атқарыўшылар, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнер ўәкиллеринен ибарат дөретиўши топарлар кеңнен тартылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлары ҳәм мелодистлери аўқамы менен биргеликте елимиздиң ғәрезсизлигин жырлайтуғын ең жақсы қосық ҳәм нама шығармалары ушын «Жалғызсаң сен, муқаддес Ўатанреспубликалық таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышын өткерсин.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери Ғәрезсизлик байрамы алдында жәриялансын ҳәм сыйлықлансын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Сүўретлеў айнасы» дөретиўшилик бирлеспеси ҳәм басқа да ти­йисли шөлкемлер менен биргеликте «Ең уллы, ең әзиз», «Реңлер жилўасындаана-Ўатаным», «Ўатан ушын жасайықсыяқлы дәстүрий таңлаўларды жоқары дәрежеде өткериўди тәмийинлесин.
  2. Өткерилетуғын байрам илажлары:

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда жергиликли бюджетлер ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары есабынан;

Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетиниң қаржылары есабынан тең үлеслерде қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллық байрамына таярлық көриў және оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды ҳәр тәреплеме сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 8-июль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF