Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:51:41, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАСЛЫҚ»ТА КӨШПЕЛИ ҚАБЫЛЛАЎ

Усы жылдың 6-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ер­ния­зовтың пуқараларды көшпели қабыллаўы пайтахтымыз Нөкис қаласынан 300 км узақлықтағы, республикамыздың  ең шетки аймақларының бири есапланған Қоңырат районының «Жаслық» посёлка пуқаралар жыйынында болып өтти.

Илажға министрликлер менен ве­домстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, район ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жол­ға қойыл­ған бундай қабыллаўлар тек қала ҳәм ра­йон орайларында емес, ал, ең шетки аўылларда да шөлкемлестирилмекте. Бул өз гезегинде мүрәжат етиўши пуқараларымызға бираз қолайлықлар жаратыў менен бирге, олардың турмысында ушырасып атырған машқалалардың өз ўақтында, унамлы шешилиўине хызмет етпекте.

Район орайынан узақта, Қазақстан Республикасы менен шегаралас аймаққа жақын жайласқан бул посёлкада бүгинги күнде 4 мыңнан аслам халық жасайды.

Өткерилген көшпели қабыллаў барысында пуқаралар тийкарынан жумыссызлық, жол қурылысы, билимлендириў, медициналық ҳәм коммуналлық хызмет көрсетиў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти.

Қабыллаўда пуқаралардың 50ден аслам мүрәжаты тыңланып, соннан 30ға шамаласы орнында өз шешимин тапты. Қосымша үйрениў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң басшыларына анық тапсырмалар белгилеп берилди.

C.ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF