Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:56:00, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨРТ ҚӘЎИПСИЗЛИГИ ПРОФИЛАКТИКАСЫ КҮНЛЕРИН НӘТИЙЖЕЛИ ӨТКЕРЕЙИК

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-майдағы «Ишки ислер уйымы өрт қәўипсизлиги бөлимлери жумысларын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-2992-санлы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК ҳәм оның қурамындағы объектлерди өрттен қорғаў бойынша өрт қәўипсизлиги бөлиминиң өрттиң алдын алыў топары инспекторлары ҳәм нәўбетши смена жеке қурамы тәрепинен бир қанша ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, ҳәр ҳәптениң шийшемби күнлери «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК аймағында жайласқан цех ҳәм участ­калардың өртке қарсы жағдайлары, өртке қәўипли орынларға орнатылған автомат өрт өшириў ҳәм өрттен хабарландырыў қурылмаларының, ишки ҳәм сыртқы өрт өшириў суў тармақларының сазлығы объекттиң жуўапкерли хызметкерлери менен бергеликте тексерилип барылмақта ҳәм анықланған кемшиликлер бо­йынша объект басшыларына хабарландырыўлар берилип, кемшиликлерди тез арада сапластырыў илажлары көрилмекте.

Соның менен бирге, объекттеги Еркли өрт өшириў топары ағзалары менен пайда болған өртлерди сапластырыў бойынша әмелий өрт тактикалық шынығыўлар өткерилмекте ҳәм объект исшилери арасында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, өрттиң алдын алыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Объектте профилактика жумысларын алып барыў ҳәм нәўбетши смена «гүзет» хызметиниң, сақшылар хызмети күшейттирилген тәртипте өткерилип атыр. Ҳәзирги ўақытта «Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚКын ҳәм оның қурамындағы объектлерди өрттен қорғаў бойынша өрт қәўипсизлиги бөлими қурамындағы 5-санлы Әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлимшеси нәўбетши смена жеке қурамы ҳәм бөлимниң өрттиң алдын алыў топары инспекторлары бақлаўында объекттиң өртке қарсы жағдайлары күни-түни гүзетип барылмақта.

Объектте ишки ҳәм сыртқы өртке қарсы суў тармақларын саз ҳалда услаў, автомат өрт өшириў ҳәм өрттен хабарландырыў қурылмаларының сазлығына итибар қаратыў, объектти керекли өрт өшириў қураллары менен жетерли дәрежеде тәмийинлеў, өрт өшириў қуралларына барыў жолларын беккемлеў, соның менен бирге төгилген майларды өз ўақтында тазалаў ҳәм цехларды өрт қәўипсизлиги бойынша Қолланбасы талапларын орынлаў жумыслары ӨААТ инспекторлары тәрепинен қатаң қадағалаўға алынды.

Бөлим ҳәм қурамындағы бөлимше жеке қурамы тәрепинен объект аймағында жайласқан пуқаралардың турақ жайларының өртке қарсы жағдайлары тексерилип, үй ийелериниң ҳәр бири менен өрт қәўипсизлиги қағыйдаларын сақлаў ҳаққында үгит-нәсият ислери алып барылып атыр.

 

А.УТЕПОВ,

«Uz-Kor Gas Chemical» ЖШЖ ҚК ҳәм оның қурамындағы объектлерди

өрттен қорғаў бойынша  өрт қәўипсизлиги бөлими өрт қадағалаў ҳәм профилактикасы топары

өрт қәўипсизлиги инспекторы, лейтенант.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF