Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:23:50, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР

Өзбекстан Республикасының усы жыл 23-майдағы 542-санлы Нызамы менен Жынаят Кодексиниң бир қатар статьяларына қосымша ҳәм өзгерислер киргизилген болып, атап айтқанда, жаңадан «Тергеў ҳәрекетлерин видеоконференцбайланыс режиминде өткериў» атамасындағы 91-1 статьясы менен толтырылды, бунда гүўалар, жәбиркешлер, гүман қылыныўшылар ҳәм айыпланыўшылар қатнасындағы тергеў ҳәрекетлери (сораў, шахсларды танып алыў ҳәм нәрселерди танып алыў, жүзлестириў) шахсларды олар турған жердеги ўәлаяттың яки районның ямаса қаланың ҳуқық қорғаў уйы­мына яки судына шақырған техник қуралдан пайдаланған ҳалда видеоконференцбайланыс режиминде өткерилиўи мүмкинлиги, бул байланыс даўамында тергеў ҳәрекети қатнасыўшылары, тергеў ҳәрекети процеси ҳәм нәтийжелерин туўрыдан-туўры трансляция арқалы тиккелей бақлап барыў, тергеў ҳәрекетлерин видеокон­ференцбайланыс режиминде өткериў ҳаққында қарар, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен өз хызмети менен ямаса жынаят процеси қатнасыўшыларының илтимасына көре, қабыл етилетуғынлығы, тергеў ҳәрекетлерин видеоконференц байланыс режиминде өткериўде пайдаланатуғын техник қураллар ҳәм үскенелер көринис сыпаты бойынша өлшеми 1920 х 1080, секундына 50 кадр, даўыс сыпаты бойынша частота диапазоны 100-12000 Гц, мағлыўмат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша VРN қоршалған байланыс каналынан пайдаланатуғын талапқа жуўап бериўи кереклиги белгилеп берилген.

Жаңадан толтырылған «Тергеў ҳәрекетлерин видеоконференцбайланыс режиминде өткериў тийкарлары» атамасындағы 91-2 статьясында болса, шахстың жынаят исин тергеў қылып атырған органға ямаса тергеў ҳәрекети өткерилип атырған орынға денсаўлығының жағдайына яки басқа себепли жағдайларға көре, тиккелей келиў имканияты болмағанда, жынаят процеси қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүрлиги туўылғанда, кешиктирип болмайтуғын тергеў ҳәрекети өткерилгенде, тергеў ҳәрекетин өткериў қыйынласыўы яки артықша қәрежетлер келтирип шығарыў мүмкинлиги ҳаққында тийкарлы себеплер болғанда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тийисли қарар шығаратуғынлығы белгилеп берилген.

Сондай-ақ, жаңадан толтырылған «Тергеў ҳәрекетлерин видеокон­фе­ренцбайланыс режиминде өткериў шәртлери ҳәм тәртиби» атамасындағы 91-3 статьясында болса, белгили бир тергеў ҳәрекетин видеоконференцбайланыс режиминде өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген жағдайда сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд жынаят процесиниң анық қатнасыўшысын шақыртыўды ҳәм тергеў ҳәрекетин видеоконференцбайланыс режиминде өткериўди шөлкемлестириўди сорап, тийисли органға кодекс талабына муўапық тапсырма жиберилетуғынлығы, сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судтың тапсырмасын орынлаўшы лаўазымлы шахс шақыртылған жынаят процеси қатнасыўшысының шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин тексериўи, оның кодексте нәзерде тутылған ҳуқықларын тәмийинлеўи ҳәм тергеў ҳәрекети тамамланғанға шекем оның қасында болыўы, тергеў ҳәрекетин өткериўде қәнигелердиң қатнасыўы, видеоконференцбайланыс режиминде сораў шахс­ларды яки нәрселерди танып алыў ямаса жүзлестириў әмелге асырылыўы, Тергеў ҳәрекети қатнасыўшыларына видеоконференцбайланыста қатнасып атырған шахсларға сораўлар бериў ҳәм олардан жуўаплар алыў, кодексте нәзерде тутылған процессуал ҳуқық ҳәм миннетлемелерди әмелге асырыў имканияты тәмийинлениўи кереклиги белгиленген.

Буннан басқа, жаңадан толтырылған «Видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген тергеў ҳәрекети процеси ҳәм нәтийжелерин  белгилеў» атамасындағы 91-4 статьясында болса, видеоконференцбайланыс  режиминде өткерилген тергеў ҳәрекети процеси ҳәм нәтийжелери электрон мағлыўматларды тасыўшы тийисли қуралларға баяннама дүзилген ҳалда жазылады ҳәм белгиленетуғынлығы, тергеў ҳәрекетиниң баяннамасы сорастырыўшы, тергеўши, прокурор яки суд тапсырмасын орынлаўшы лаўазымлы шахс тәрепинен дүзилетуғынлығы ҳәм де материаллары баяннамаға қосып қойылатуғыны, баяннама болса кодекс талапларына муўапық дүзилетуғынлығы ҳәм онда процесс қатнасыўшылары көрсетпелериниң мазмуны сәўлеленетуғыны, видеоконференцбайланыс режиминиң ўақты өткерилген тергеў ҳәрекетиниң ўақтына сәйкес келиўи кереклиги, видеоконференцбайланыс режиминде өткерилген тергеў ҳәрекети баяннамасы сорастырыўшы, тергеўши, прокурор яки суд тапсырмасын орынлаўшы лаўазымлы шахс ҳәм басқа да процесс қатнасыўшылары тәрепинен имзаланатуғыны, тапсырманы орынлап атырған лаўазымлы шахс тәрепинен дүзилген баяннама сорастырыўшы, тергеўши, прокурор яки судқа жиберилетуғыны белгилеп берилген болып, усы нызам рәсмий жәрия етилген күннен баслап өз күшине кирди.

 А.САРЫЕВ,

Хожели районлық ИИБ жанындағы ТБ баслығы, капитан.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF