Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:10:50, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚТЫҢ ИСЕНИМИ АРТПАҚТА

Тақыятас районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен райондағы 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратында абитуриентлер ушын жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў бойынша көшпели қабыллаў илажы өткерилди.

Оған быйыл мектеп, колледж ҳәм лицейди тамамлаған 100 ге жақын питкериўшилер өз ата-аналары ҳәм жақынлары менен қатнасты.

Илажда 27 абитуриент өзлери қәлеген оқыў орынларына ҳүжжетлерин тапсырды. Олардың өзлери де, ата-аналары да бул ҳәрекетти пайтахтымызға ҳәм басқа да қалаларға ҳәлек болмай, районның өзинде-ақ әмелге асырғаны ушын қуўанышлы.

— Быйыл мектепти тамамлап, районымыздың Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигелериниң жәрдеминде Ташкент мәмлекетлик университетине ҳүжжетлеримди тапсырдым, - дейди абитуриент Светлана Кан. — Буның ушын бары-жоғы 5 минут ғана ўақтым сарп­ланды...

Көшпели қабыллаў даўамында сондай-ақ, жыйналғанларға жоқары оқыў орынларына ҳүжжет қабыллаўға байланыслы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм жаратыл­ған жеңилликлер ҳаққында да кең түрде мағлыўмат берилди.

Соны да атап өтиў керек, орайымыз тәрепинен районымыз пуқараларына басқа да мәмлекетлик хызметлер сапалы түрде көрсетилип келинбекте. Соңғы ўақытларда физикалық ҳәм юридикалық шахсларға көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны да, сапасы да сезилерли дәрежеде артты.

2018-жылы орайымыз тәрепинен оларға 15 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилген болса, быйылғы жылдың дәслепки алты айының өзинде бул көрсеткиш 25 мыңнан асып кетти, яғный, өткен жыл менен салыстырғанда 160 процент өсимге ерисилди. Бул мәмлекетлик хызметлер орайларына халық исениминиң артып атырғанын көрсетеди.

 А.ОРАЗЫМБЕТОВ,

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы Тақыятас

районлық Мәмлекетлик хызметлер орайының бөлим баслығы.

СҮЎРЕТТЕ: көшпели қабыллаўдан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF