Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:02:58, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИН ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында пайтахтымыздағы орайлық амфитеатрда «26-июнь ­ Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни»не бағышланған арнаўлы илаж шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының бөлим баслығы, майор А.Сержановлар сөзге шығып, нәшебентликтиң унамсыз ақыбетлери ҳәм инсан саламатлығына, келешек әўладтың өсип раўажланыўына кери тәсир көрсетиўши иллет екенлиги ҳаққында айрықша атап өтти.

Инсан организми нәшебентлик затларды қабыл еткеннен кейин оған үйренип қалыўы тәбийғый жағдай. Ол АИЖС, гепатит, туберкулёз сыяқлы кеселликлерди келтирип шығарады. Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, нәшебентлик затларды қабыллаған ҳәр бир адам бир жыл даўамында орташа 7-8 адамды өзиниң қатарына қосады екен. Соны айрықша атап өтиў керек, кейинги 15 жылда 30 жасқа шекемги болған жаслар арасында нәшебентлердиң көбейип кеткенлиги анықланған.

Елимиздиң гүллеп-раўажланыўы жаслардың келешеги менен байланыслы екен, оларды бәркамал ҳәм кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда бәршемиз теңдей жуўапкермиз. Сонлықтан, нәшебентлик ҳәр биримиздиң шаңарағымыз, жақынларымыз ҳәм өсип кия­тырған жас әўладқа қәўип салыўшы иллет екенлигин умытпаўымыз тийис.

Илажда жыйналғанларға көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы инам етилди.

Улзира АЙМУРАТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF