Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:12:40, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

СЕРГЕК  БОЛАЙЫҚ!

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 1987-жыл 7-декабрьдеги қарарына тийкарланып БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен ҳәр жылы «26-июнь — Халықаралық нәшебентликке қарсы гүресиў күни» деп жәрияланған.

Нәшебентлик — наркотикалық затлар қатарына киретуғын дәрилер яки басқа нәрселерди қабыл етиў нәтийжесинде пайда болатуғын кеселлик ҳәм оның даўасы жоқ. Ол инсан саламатлығына қәўип салатуғын иллет болып, адам организминиң тәсирли наркотикалық нәрселерге үйренип қалыўын аңлатады.

Нәшебентлик темеки шегиў, оны ийискелеўден басланады. Егер ата-аналар перзентлерине сигарета, насыбай сатып алып келиўди буйырса, олар ата-аналарынан жасырып бул иллетлерге үйренеди. Нәшебентлик ата-аналардың итибарсызлығы, бийпәрўалығы ҳәм перзентлерин ҳәдден тыс еркелетип, еркине таслап қойыўдан келип шығыўы мүмкин. Және де перзентлер жаман иллетлерди өзиниң әтирапындағы адамлардан, жора-жолдасларынан, досларынан үйренип алыў итималы жоқ емес. Сонлықтан да, ҳәр бир ата-ана перзентиниң ким менен дос болып, қандай адамлар менен жақын жүргенин ҳәр дайым бақлап барыўы лазым.

Нәшебентлик — бул ең жаман иллет. Оның алдын алыў мүмкин. Усы тийкарда 1993-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Наркотикалық затлар үстинен бақлаў жүргизиў ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў Басқармасының Орайлық Азия­дағы ўәкилханасы Ташкент қаласында ашылған. Өзбекстан Республикасы 1995-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 1961-жылғы «Наркотикалық затлар ҳаққында»ғы Конвенциясына, 1971-жылғы «Психотроп қураллар ҳаққында»ғы ҳәм 1988-жылғы «Наркотикалық затлар ҳәм психотроп қураллардың нызамсыз айланысына қарсы гүрес ҳаққында»ғы Конвецияларына қосылған. 1996-жылы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанында наркотикалық затлар үстинен бақлаў жүргизиў бо­йынша Миллий мәлимлеме-таллаў Орайы шөлкемлестирилди. 1999-жылы «Наркотикалық қураллар ҳәм психотроп затлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Булардың барлығы елимизде нәшебентлик сыяқлы унамсыз иллетке қарсы гүрестиң қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенин көрсетеди.

Нәшебентликке қарсы гүресиўге ҳәр биримиз теңдей жуўапкермиз. Өйткени, нәшебентлик жолына түсип қалған инсан ертеңги күни өзимиздиң жақын адамларымызға зыян тийгизиўи мүмкин. Нәшебент адам жәмийетке де өзиниң тәсирин тийгизбей қалмайды. Келешек ушын да қәўипли. Нәшебент адамнан наўқас перзентлер дүньяға келеди. Оның көзине ҳеш нәрсе көринбейди. Ол өзиниң наркотикалық затларға болған қумарын басыў ушын ҳеш нәрседен қайтпайды. Нәшебент адам әсте-ақырынлық пенен өзиниң денсаўлығынан айырылады, ата-анасынан, шаңарағынан, дос-яранларынан, жәмийеттен ажыралып қалады. Нәшебентлик иллети ең соңында өлим менен жуўмақланады. Бундай унамсыз ҳәдийселердиң болыўын ҳеш биримиз қәлемеймиз. Сонлықтан да, ҳәр биримиз әтирапымызда болып атырған ўақыяларға, жанымыздағы инсанларда, перзентлеримизде сезилген өзгерислерге бийпәрўа болмаўымыз керек. Өйткени, жаман иллетлердиң ҳәммеси усы бийпәрўалық ҳәм итибарсызлықтың нәтийжесинде жүз бериўи мүмкин. Ҳәр биримиз сергек болайық!

Дамегүл СУЛТАНБАЕВА,

ҚМУ журналистика қәнигелигиниң

3-курс студенти.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF