Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:57:40, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘДИЛ СУДЛАЎ ҲӘМ КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎГЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының мәжилислер залында Коррупцияға қарсы гүрес ҳәм судьялар, суд хызметкерлериниң әдеп-икрамлық қағыйдаларына бағышланған профилактикалық илажлар бойынша мәжилис өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бо­йынша суды судьялары, суд хызметкерлери, суд нураныйлары, суд хызметкерлериниң ата-аналары қатнасты.

Мәжилисти усы судтың баслығы Г.Базарбаева басқарып барды. Өз сөзинде Президентимиздиң басшылығы астында суд-ҳуқық системасында өткерилип атырған реформаларға, коррупцияға қарсы  гүресиў бағдарында әмелге асырылып атырған ислерге, сондай-ақ, жас судьялар ҳәм суд хызметкерлерине көрсетилип атырған әмелий жәрдемлерге, бул илаждың Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң 2019-жыл 19-апрельдеги қарары менен тасты­йықланған «Судьялар тәрепинен әдил судлаўды әмелге асырыў, судьялық анты, әдеп-икрамлылыққа әмел етилиўин тәмийинлеў, өз лаўазымына қыянет етиў, парақорлық ҳәм бас­қа да нызамсыз ис-ҳәрекетлерди ислеў жағдайларының алдын алыў, болдырмаў, халық пенен ашық сәўбетлесиў, судлардың жәриялылығы ҳәм айқынлығын тәмийинлеўге байланыслы комплексли ис-илажлар» Бағдарламасының орынланыўы мақсетинде өткерилип атыр­ғанлығын атап өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының судьясы А.Абдикаримов «Коррупцияға қарсы тоқтаўсыз ҳәм аяўсыз гүрес дәўир талабы», Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси жанындағы судьялар корпусын қәлиплестириўге көмеклесиўши комиссияның Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы, суд нураныйы Б.Бекжанова «Судьялар әдеп-икрамлық кодексиниң талапларын сақлаў әдиўли ўазыйпа», Өзбекстан Республикасы Судьялар ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы, суд нураныйы А.Жанибекова «Мийнет етип абырай тапқан елде әзиз» баянатларында бүгинги күнде коррупцияға қарсы гүрес ҳәм оның алдын алыўға дүнья жүзинде, соның ишинде Өзбекстан Республикасында да айрықша дыққат қаратылғанлығын, БМШ тәрепинен қабыл етилген «Коррупцияға қарсы Конвенцияға» мәмлекетимиз қосылғанлығын, коррупцияға қарсы гүрес алып барыў мақсетинде Өзбекстан Республикасында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгенлигин, коррупция пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм еркинликлерине зыян келтиретуғынлығын, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына кери тәсир ететуғынлығын айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, ҳуқық қорғаў тараўында халқымызға көп жыл хызмет еткен, исмлери елимизге мәлим марҳум Д.Алланазаров, Д.Ожраевлардың, ҳәзирги күнде де хызмет етип атырған У.Мыңбаев, П.Айтниязов, нураныйлар  А.Қайыпназаров, Н.Абдуллаев ҳәм бас­қа да устазлардың әдил судлаў, ҳуқық қорғаў тараўында халқымызға көрсеткен әдиўли, жасларға өрнек болатуғын хызметлерине тоқтады. Соның менен бирге, баянатшылар суд, басқа да ҳуқық қорғаў уйымларының жумысларында буннан бир неше жыллар бурын ушырасқан машқалалар ҳәм ҳәзирги күнде жаратылып атырған үлкен имканиятларға салыстырмалы түрде баҳа берди. Жасларды усы имканиятлардан халқымыз мәплерин қорғаўда әдил, өнимли пайдаланыўға шақырды.

Мәжилис соңында жас судья ҳәм суд хызметкерлериниң ата-аналары, жақын туўысқанлары, жас­ларға өз ис-тәжирийбелеринен, турмыстан алған сабақларынан шығарған жуўмақлары бойынша нәсиятларын берип, усындай илажды өткергенлиги ушын Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды басшылығына өз миннетдаршылығын билдирди.

Т.ҚАЛЛИБЕКОВ,

юрист, 2-дәрежели әдиллик мәсләҳәтшиси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF