Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:57:20, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХЫЗМЕТ ТҮРЛЕРИ КЕҢЕЙМЕКТЕ

Соңғы жыллары мәмлекетлик хызметлер орайы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың жумысын жеңиллетиўде ҳәм артықша әўерегершиликлердиң алдын алыўда халқымызға сапалы хызмет көрсетип келмекте.

Жақында Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен Президентимиздиң усы жыл 17-январьда қабыл етилген «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвес­тициялар ҳәм социаллық раўажландырыў жылы»н­да әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Пәрманында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.

Оған тараў хызметкерлери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Онда Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары Е.Досанов ҳәм усы басқарманың шөлкемлестириў қадағалаў бөлими баслағы А.Юсуповлар сөзге шығып, тараўда жүргизилип атырған жумыслар ҳәм мәмлекетлик бағдарламада көрсетилген 2019-2020-оқыў жылынан баслап, абитурентлердиң жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыўда аймақтағы мәмлекетлик хызмет орайлары тәрепинен де қабыл етилетуғынлығы ҳаққында айрықша тоқтап өтти.

 Соңынан Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы М.Абдуллаев Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июнь сәнесинде қабыл етилген «Жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламентин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының мазмуны бо­йынша түсиник берди.

Атап өтилгениндей, жоқары оқыў орынларына бакалавриатқа оқыўға кириў ушын абитурентлер мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден-бир интерактив хызметлер парталы арқалы мүрәжат етиўи мүмкин. Сондай-ақ, быйыл­ғы оқыў жылынан баслап алдынғы жылларда орта арнаўлы билимлендириў мәкемесин тамамлаған абитурентлерден тест сынаўларында қатнасыў ушын ең кем мийнет ҳақының ярым есеси муғдарында төлем өндирилиўи белгиленген.

Илаж соңында журна­листлер өзлерин қызықтыр­ған сораўлары бойынша қәнигелерге мүрәжат етип,  тийисли жуўаплар алды.

А.ОРАЗОВ.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF