Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:48:39, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВТИҢ ОЛИЙ МАЖЛИС СЕНАТЫНЫҢ ЖИГИРМАЛАНШЫ ЖАЛПЫ МӘЖИЛИСИНДЕГИ ШЫҒЫП СӨЙЛЕГЕН СӨЗИ

Ассалаўма әлейкум, қәдирли Сенат ағзалары!

Ҳүрметли жалпы мәжилис қатнасыўшылары!

Бәринен бурын, бүгин сиз, әзизлер менен ушырасып, бәршеңизди саў-саламат, жақсы кейпиятта көрип турғанымнан қанаатланаман.

Усы имканияттан пайдаланып, сизлерге өзимниң жоқары ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының бүгинги жалпы мәжилиси турақлы миллий раўажланыўымыздың жаңа басқышында, жәмийетимиз турмысының барлық тараўлары ҳәм тармақларында кең көлемли және тезлетилген демо­кратиялық реформалар жедел алып барылып атырған жуўапкерли бир дәўирде болып өтпекте.

Ҳәзирги күнде көп миллетли халқымыз елимизде қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы мақсетлер ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў жолында аўызбиршиликли түрде, исенимли және пидәкерлик пенен мийнет етпекте.

Алдымызға қойған үлкен шеклерге ерисиў ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң барлық күш және имканиятлары жумсалмақта. Әсиресе, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс системасын жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, миллий экономикамызды раўажландырыў ҳәм либералластырыў, социаллық тараўды раўажландырыў, қәўипсизликти, миллетлер­аралық татыўлықты және кеңпейиллик орталығын беккемлеў, нәтийжели сырт­қы сиясат алып барыўдай тийкарғы бағдарларға айрықша итибар қаратылмақта.

Халық пенен турақлы ҳәм системалы пикирлесиў тийкарында улыўма саны 33 миллионнан артып бара­тырған халқымыздың ҳуқықлары, еркинликлери және нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарында жаңа қәдемлер тасланбақта. Соның ишинде, экономика тараўында социаллық бағдарланған ҳақыйқый базар қатнасықларын енгизиў, исбилерменлик, жеке  мүлктиң раўажланыўына кең жол ашып бериў, заманагөй өндирис кәрханаларын ҳәм инфраструктураларды шөлкемлестириў мәселелерине биринши дәрежели әҳмийет берилмекте. Жаңа жумыс орынларын жаратыў, заманагөй турақ жайлар, жоллар ҳәм көпирлер, балалар бақшаларын, мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынларын, емлеўханалар, мәденият және көркем өнер, спорт имаратларын қурыў, бир сөз бенен айтқанда, халқымыздың турмысы абат ҳәм абадан болыўына ерисиў, оны разы етиў — барлық буўындағы басшылар ҳәм жуўапкер адамлардың жумыс өлшемине айланбақта.

Әлбетте, турмысымыздағы бундай үлкен көлемдеги экономикалық-социаллық ҳәм сиясий-ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда миллий парламентимиз — Олий Мажлис ҳәм оның жоқары палатасы бол­ған Сенаттың, сиз, ҳүрметли сенаторларымыздың жумысы оғада үлкен әҳмийетке ийе екенин ҳәммемиз жақсы билемиз.

Биз Сенат дегенде, биринши гезекте, миллий парламентимиздиң сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений потенциалын әмелде көрсете алатуғын, халық мәплериниң шын мәнисиндеги әменгери ҳәм ҳақыйқый қорғаўшысы болған үлкен бир күшти көз алдымызға келтиремиз.

Есиңизде болса, буннан еки жыл бурын, яғный, 2017-жыл 12-июль күни сиз, қәдирли халық депутатлары менен ушырасып, парламентимиздиң жумысын бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўирдиң күшли талаплары тийкарында және де жетилистириў бо­йынша ең әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп алған едик.

Мен жақсы еслеймен, усы ушырасыўда «Парламентимиз ҳақыйқый демократия мектебине айланыўы, реформалардың баслаўшысы ҳәм тийкарғы орынлаўшысы болыўы керек», деген пикир ортаға қойыл­ған еди.

Әне, сол бағдарламалық идеяны әмелге асырыў ушын Олий Мажлиске Мүрәжатымызда да Өзбекстанның бүгинги жәмийетлик-сиясий турмысында миллий парламентаризмди раўажландырыўға байланыслы мәселелерге айрықша итибар қаратылғаны сизлерге жақсы белгили. Бул бағдарда, соның ишинде, Олий Мажлис палаталарының жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиз турмысындағы орнын және абырайын арттырыў, олардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүр шараят жаратыў, депутатлар менен сенаторлар жумысының материаллық-шөлкемлестириўшилик тәми­й­натын жақсылаўға қаратылған әҳми­йетли илажлар көрилди.

Өткен дәўир ишинде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған системалы демократиялық процесслерде Сенат тәрепинен нызам дөретиўшилиги менен бирге тәсиршең парламентлик қадағалаўды алып барыў, орынларға шығып, халқымызды қыйнап, тынышсызландырып атырған машқалаларды үйрениў, оларды ҳәм нызамлы, ҳәм әмелий көзқарастан шешиў бойынша бир қатар итибарға ылайық жумыслар әмелге асырылып атырғанын, әлбетте, атап өтиў зәрүр.

Биз өз жумысымызды баслаған дәслепки күнлерден баслап сиз, ҳүрметли халық ўәкиллери менен барлық әҳмийетли ўазыйпаларымыз қатарында еки ең тийкарғы мәселеге айрықша әҳмийет қаратыў ҳаққында келисип алған едик. Олардың  бириншиси-жәмийетимизде тынышлықты ҳәм парахатшылықты сақлаў болса, екиншиси-халқымыздың денсаўлығын қорғаў болып табылады.

Ҳәммемиз түсинемиз, тынышлық ҳәм денсаўлық — ол ҳәр бир инсан, пүткил халқымыз ушын ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайтуғын уллы жемис болып есапланады. Сонлықтан да мине усы еки тараўда биз жағдайды түп-тийкарынан өзгертип, унамлы нәтийжелерге ерисе алсақ, пүткил жәмийетимиздеги жағдай ҳәм социаллық орталық кескин өзгереди, мен оған исенемен.

Усы мақсетте биз парламент ағзаларына үлкен исеним билдирип, Нызамшылық палатасына — денсаўлықты сақлаў тараўында, Сенатқа болса  ишки ислер уйымлары системасында реформаларды әмелге асырыўда басы-қасында болыўды усыныс еткен едик.

Бүгинги күнде ишки ислер уйымларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, жынаятшылықтың алдын алыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын жолға қойыў, халықтың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, пуқаралардың санасында «Нызам-үстин, жынаятқа жаза бар» деген юридикалық принципти қәлиплестириў бағдарында ерисилип атырған табысларда Сенат ағзаларының да мүнәсип үлеси бар.

Ҳәзирги ўақытта елимизде жаңалаў ҳәм модернизациялаў, жәмийетимиздиң барлық тараўларын еркинлестириў, халқымыздың турмыс дәрежесин ҳәм турмыс сапасын және де жақсылаў, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин жоқарылатыўға байланыслы оғада әҳмийетли, кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаларды орынлаўда Сенаттың ролин ҳәм тәсирин арттырыўды турмыстың өзи талап етпекте.

Бул ҳаққында сөз еткенде, мен Сенаттың жумысында өз шешимин күтип турған бир қатар әҳмийетли мәселелерге итибарыңызды қаратпақшыман.

Бириншиден,  Сенаттың нызамшылық жумысында, жумысты дурыс шөлкемлестириўде талапшаңлық ҳәм пидайылық, инталылық ҳәм избе-излик жетиспей атырғанын атап өтиў лазым.

Мысал ушын, 2015-2018-жыллар даўамында жоқары палата тәрепинен 140 нызам мақулланған болса да, көпшилик нызамлардың мазмун-мәниси Сенатта көрип шығылғанынан соң сезилерли дәрежеде өзгермеген.

Бизге белгили, нызамларды додалаўдың дәслепки басқышларында миллий ҳәм аймақлық мәплер көзқарасынан Сенат ағзаларының усы додалаўда белсене қатнасыўлары талап етиледи. Тилекке қарсы, сол мақсетте дүзилген жумысшы топарлардың жумысына айырым Сенат ағзаларының жүзеки қатнас жасаў жағдайлары ушырасып турады.

Сенат нызамшылық интакери ҳуқықына ийе болмаса да, бул жағдай оның нызамларды жетилистириў бо­йынша усыныс көрсетиўине қарсылық етпейди. Бул бағдарда жоқарғы палата ўәкиллери тәрепинен социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм мәдений тараўлардағы машқалаларды терең таллап, нызамшылықты раўажландырыўға тийисли тийкарланған усынысларды киргизиў мәселеси, тилекке қарсы, талап дәрежесинде емеслигин тән алыў керек.

Екиншиден, Сенаттың парламент­лик қадағалаўына байланыслы әмелдеги ўәкилликлеринен толық пайдаланылмай атыр. Өткен 4 жыл даўамында Сенат тәрепинен тек ғана 10 парламентлик сораў жиберилгени де буны тастыйықлайды.

Атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жумысы үстинен нәтийжели парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў талап етилип атырған ҳәзирги шараятта бундай жағдай бизди, әлбетте, қанаатландырмайды.

Дурыс, соңғы ўақытта Сенат тәрепинен орайлық ҳәм жергиликли мәмлекетлик уйымлар басшыларының мәлимлемесин тыңлаў, ҳуқықты қолланыў әмелиятын орынларға шығып үйрениў бойынша 131 қадағалаў-таллаў илажлары өткерилген. Бирақ, усы илажлардың нәтийжелилиги төмен болып, олардың көпшилиги тек илаж өткериў ушын атына ғана шөлкем­лестирилмекте.

Парламентлик қадағалаў шеңберинде анықланған системалы машқалаларды улыўмаластырып, социаллық-экономикалық, суд-ҳуқық ҳәм басқа тараўларға тийисли нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын  жетилистириў бойынша анық, тийкарланған усынысларды ислеп шығыў және әмелге асырыў жумыслары қанаатландырарлы емес. Әсиресе, бул бағдарда халықаралық ҳуқық талапларын және раўажланған сырт мәмлекетлердиң нызамшылығын үйрениў, олардың алдынғы юридикалық тәжирийбесин қолланыў бойынша басламаларды алға қойыў бойынша Сенат жумысында өзгерис сезилмей атыр.

Үшиншиден, ҳәммемиз билемиз, Сенат — бул Олий Мажлистиң аймақлық ўәкиллик палатасы болып табылады. Бирақ, Сенаттың жумысында аймақлардың мәплерин инабатқа алыў, улыўма, аймақларға тийисли мәселелерди көрип шығыў жақын күнлерге шекем итибардан шетте қалып келгени ҳеш кимге сыр емес.

Жоқары палата тәрепинен белгили бир аймақты субвенция (дотация)дан шығарыў бойынша ҳәкимниң мәлимлемеси бир мәрте де тыңланбаған. Тек ғана 2018-жылы Сенат тарийхында биринши мәрте тийисли ўәлаят ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў бойынша есабын тыңлаў әмелияты жолға қойылды. Соның ишинде, Әндижан, Бухара, Ферғана ўәлаятлары ҳәкимлериниң аймақларды раўажландырыў және халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есаплары тыңланды. Лекин булар еле жетерли емес.

Соның менен бирге, жоқарыда атап өтилген парламентлик тыңлаўлар бойынша қабыл етилген қарарлардың мазмуны тийкарынан ҳәкимлик ҳәм жергиликли мәмлекетлик уйымларға улыўма руўхтағы тапсырмалар бериў менен шекленип қалмақта.

Бул ҳүжжетлерде ҳәр тәреплеме терең таярланған, ҳәр бир аймақтағы социаллық машқалаларды шешиўге, халықтың аўырын жеңил етиўге қаратылған анық ўазыйпалар өз көринисин таппай атыр. Соның менен бирге, усы қарарлардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў жумыслары да төмен алып барылмақта.

Төртиншиден, бизге белгили, Сенатқа халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў ўазыйпасы да жүкленген. Усы мәселе бойынша жоқары палатамызда арнаўлы комиссия да дүзилген.

Усы бағдарда дәслеп белгили бир илажлар әмелге асырылған болса да, соңғы жылларда Сенат тәрепинен халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысын күшейтиў бойынша жумыслар системалы тийкарда алып барылмай атыр. Орынлардағы жергиликли Кеңеслер депутатларының профессионаллық дәрежеси ҳәм ҳуқықый саўатлылығы, олардың депутатлық жумысын дурыс және нәтийжели шөлкемлестириў көнликпелери бүгинги күнниң талаплары дәрежесинде емес, десек, қәте болмайды. Атап айтқанда, биз келешекте ҳәкимлердиң атқарыўшы ҳәм ўәкилликли ҳәкимият басшысы сыпатындағы ўәкилликлерин бөлек-бөлек ажыратып қойыўды өз алдымызға ўазыйпа етип қойғанбыз, Сенаттың халық депутатлары жергиликли Кеңеслери менен нәтийжели бирге ислесиўди шөлкемлестириўдеги роли ҳәм жуўапкершилиги және де артыўы тәбийғый.

Бесиншиден,  және бир әҳмийетли мәселе — бул Сенаттың халықаралық бағдардағы жумысын күшейтиўге байланыслы. Бәршемизге белгили, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм мәртебесин көтериў, жедел сыртқы сиясат алып барыў тараўында да Сенаттың әҳми­йетли ўазыйпалары бар. Бул тараўда Сенат, атап айтқанда, Баслықтың биринши орынбасары Содиқ Солиҳович Сафоев тәрепинен көплеген жумыслар әмелге асырылып атырғанын, әлбетте, атап өтиўимиз керек.

Үлкен турмыслық ҳәм сенаторлық тәжирийбесине ийе С.Сафоев сырт мәмлекетлердиң парламентлери ҳәм халықаралық шөлкемлери менен көп қырлы ҳәм нәтийжели бирге ислесиў байланысларын күшейтиў, елимизде алып барылып атырған сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы түпкиликли реформалардың мазмун-мәнисин дүнья жәмийетшилигине жеткериўде пидакерлик пенен жумыс ислемекте.

Тек ғана усы жылдың өзинде Сенаттың қатнасыўында ҳәм қәўендерлигинде 50 ден аслам халықаралық әнжуманлар, семинарлар ҳәм дөгерек сәўбетлери өткерилди.

Лекин, жоқары палатамыздың халықаралық бағдардағы жумысының нәтийжелилигине анық баҳа беретуғын болсақ, еле толық иске қосылмаған имканиятлар бар. Соның ишинде, Парламентлераралық Аўқам, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Парламент ассамблеясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы парламентлераралық ассам­блеясы ҳәм Өзбекстанның атынан Олий Мажлис ағза болған басқа да халықаралық парламентлик шөлкемлер менен ислесиў стратегиясын белгилейтуғын, анық ҳәм узақ мүддетти гөзлейтуғын ис-режелерин Сенат белгилеп алыўы зәрүр.

Улыўма, парламентлераралық бирге ислесиў шеңбериде сенаторлардың шет еллерге рәсмий сапарлары алдын ала пуқта режелестирилиўи керек, сөйлесиўлер шеңберинде сырт елли шериклер менен додалаўға қойылатуғын мәселелерди пуқта белгилеп алыў шәрт.

Әпиўайы етип айтқанда, пар­ламент­лераралық бирге ислесиўге байланыслы сапар етиўлерге жоқары нәтийжелилик көзқарасынан қатнас жасаўдың ўақты-сааты келди.

Буннан тысқары, сырт ел инвестициялары ҳәм сыртқы саўда мәселелерине тийисли тастыйықланған көплеген «Жол карталары» үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша да Сенаттың жумысын және де жетилистириў мақсетке муўапық.

Өзбекстан Республикасы тәрепинен қол қойылған халықаралық шәртнамалардың орынланыўын парламентлик қадағалаў тәртибинде турақлы үйрениўди жолға қойыў лазым.

Әзиз дослар!

Бизге белгили, ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир халықтың турмысында Шахс-Шаңарақ-Жәмийет-Мәмлекет деген түсиниклер ҳәм қәдириятлар шешиўши орын ийелейди. Жәмийеттиң бирлемши ҳәм тийкарғы буўыны болған шаңарақты болса ҳүрметли ҳаялларсыз көз алдымызға келтирип болмайды.

Халқымыз әзелден муқаддес Анаға, ҳаял-қызларға бәрқулла жоқары ҳүрмет көрсетип келеди. Ҳаял-қызға болған ҳүрмет-итибар — бул бәринен бурын шаңараққа, жәмийеттиң келешегине болған ҳүрмет-итибар көриниси болып табылады.

Усы көзқарастан қарағанда, «Жер жүзиндеги ҳәр бир жәмийеттиң мәдений дәрежеси оның ҳаял-қызларға байланыслы мүнәсибети менен белгиленеди», деген ҳикметли сөзлерде, әлбетте, терең мәни бар.

Ҳәзирги глобалласыў дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў және де үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Әсиресе, ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў дәўир талабына айланбақта.

Бүгинги күнде елимиздеги мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер системасында 1 мың 400 ге шамалас ҳаял-қыз басшылық лаўазымларында ислемекте. Ҳаял-қызларымыз арасынан Олий Мажлис Сенатында — 17 сенатор, Нызамшылық палатасында — 21 депутат жумыс алып бармақта. Жергиликли кеңеслерде болса халық ўәкиллериниң 23 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурайды.

Республика бойынша быйылғы жылдың май айында пуқаралар жы­йынлары баслығы ушын өткерилген сайлаўларда 1 мың 25 ҳаял-қыз өзин-өзи басқарыў уйымларының баслығы лаўазымына сайланды.

Елимиздеги түрли кәрханаларда ислеп атырған басшы ҳаял-қызлардың саны да өсип бармақта. Бул көрсеткиш 2017-жылы 44,2 процентти қураған болса, 2019-жылы 45,3 процентке жеткен.

Ҳаял-қызлардың үлеси денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлер тараўында 82 проценттен асламды, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында 72 процент­ти, аўыл хожалығында 45 проценттен асламды, санаатта 38 процент­ти қурамақта. Елимиздеги жәми исбилерменлик субъектлери қурамында исбилермен ҳаял-қызлардың үлеси 29 проценттен ибарат.

Усы жерде БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң усы жыл 11-17-март күнлери болып өткен, елимиз делегациясы да қатнасқан БМШ Ҳаял-қызлар жағдайы бойынша комиссиясының 63-сессиясында айтқан бир пикирин келтирмекшимен. «Қай жерде сиясий ҳәм жәмийетлик турмыста ҳаял-қызлар белсене қатнасып атырған болса, сол жерде экономика өспекте, турақлылық беккемленбекте ҳәм пуқаралардың абаданлығы артпақта», деп атап өтти А.Гутерриш.

Бүгинги күнде Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, ҳаял-қызлардың елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында толық қатнасыўына ерисиў, гендер теңлик ҳәм репродуктивлик саламатлықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатқа дүнья жәмийетшилиги, соның ишинде, БМШ, Халықаралық мийнет шөлкеми, ЮНИСЕФ, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық қәнигелескен мәкемелер тәрепинен жоқары баҳа берилмекте.

Барлығымызды руўхландырып, жаңа күш-қуўат бағышлайтуғын бундай унамлы өзгерислерге, бәринен бурын, елимизде ҳаял-қызлардың жәми­йетлик турмысында мүнәсип орын ийе­леўи, олардың социаллық абыра­йын және де арттырыўға қаратылған салмақлы жумысларымыз беккем тийкар болып атырғанын атап өтиў зәрүр.

Өткен қысқа дәўирде бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2 пәрманы, 2 қарары, Ҳүкиметтиң 6 қарары ҳәм 4 бийлиги қабыл етилди және олар избе-из әмелге асырылмақта. Әлбетте, сизлер булардың барлығынан жақсы хабардарсыз. Сол ушын мен бул мәселеге ҳәр тәреплеме тоқтап отырмақшы емеспен.

Ең әҳмийетлиси, бул тийкарғы бағдар бизиң турақлы дыққат орайымызда болып келмекте. Соның ишинде, ҳаял-қызларды социаллық қорғаў, жумысқа орналастырыў, исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын зәрүр шараят жаратыў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў бойынша үлкен жумыслар алып барылмақта.

Мысал ушын, «Ҳәр бир шаңарақ — исбилермен» бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен өз бизнесин шөлкемлестирмекши болған 12 мың 651 ҳаял-қызға 1 триллион 235 миллиард сумнан аслам кредитлер берилди. Соның менен бирге, Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды есабынан кем тәмийинленген шаңарақлардағы 1 мың 949 апа-қарындасларымызға 42 миллиард сум муғдарында кредитлер ажыратылды.

Соңғы пайытта елимизде социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларды заманагөй турақ жайлар менен тәми­йинлеў бойынша жаңа система жаратылды. Әне усы система тийкарында 1 мың 564 ҳаял-қыз тек ғана турақ жайға емес, ал жумыс орынларына да ийе болып, олардың ертеңги күнге исеними беккемленип баратырғаны оғада әҳмийетли.

Хабарыңыз бар, бүгинги күнде «Бес унамлы баслама» шеңберинде басланған жумысларымыз барған сайын кеңнен тарқалмақта, халқымыз бул ҳәрекетти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатламақта. Атап айтқанда, ҳаял-қызлардың бәнтлигин арттырыўға ти­йисли бесинши баслама бойынша 2019-2020-жылларда ҳәр бир районда тигиў-трикотаж кәрханаларын қурыў ҳәм ҳаял-қызлар ушын дерлик 57 мың жаңа жумыс орынларын жаратыў нәзерде тутылмақта. Бул жойбарлар өзиниң дәслепки нәтийжелерин бермекте. Бирақ, олардың нәтийжесин арт­тырыў ушын еле көп жумыс ислеўимиз керек.

Ҳүрметли мәжилис қатна­сыў­шы­лары!

Итибарыңызды және бир әҳмийетли мәселеге қаратпақшыман. Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилиги бойынша өткерилген соңғы социаллық сораўларға қатнасыўшылардың 70,2 проценти мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый белсендилигин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылғанын атап өткен. Усы сораўда қатнасқан 81,5 процент респондентлердиң пикиринше, ҳаял-қызлардың жәмийетлик яки сиясий шөлкемлерде өз жумысын әмелге асырыўда ҳеш бир шахс ҳәм бирде-бир жағдай оларға кесент етпейди.

Усы жерде мени санамызда терең тамыр жайған бир догма көп ойландырады. Биз бәрқулла ҳаял — ол ана, шаңарағымыздың бийкеси, деп оларды улығлаймыз. Бул дурыс, әлбетте. Бирақ, ҳәзирги күнде ҳәр бир ҳаял-қыз демократиялық процесс­лердиң бақлаўшысы емес, ал белсенди ҳәм инталы қатнасыўшысы болыўы шәрт.

Тилекке қарсы биз узақ ўақыт бул мәселеге жетерлише итибар бермей, ҳүрметли апа-қарындасларымыздың дәрти менен тәшўишлерине бийпарўа қарап келгенимиз себепли жыллар даўамында топланып қалған социаллық машқалаларды шешиў бүгин, ашығын айтыў керек, аңсат болмай атыр. Лекин қаншелли қыйын ҳәм қурамалы болмасын, ҳүрметли апа-қарындасларымыз ушын мүнәсип жумыс ҳәм турмыс шараятларын жаратып бериў бо­йынша биз бар күш ҳәм имканиятларымызды толық жумсаймыз.

Себеби, қайталап айтаман, егер ҳаял, ана бахытлы болса, шаңарақ бахытлы болады, шаңарақ бахытлы болса, пүткил жәмийет,  мәмлекет беккем ҳәм турақлы болады.

Сиясий-жәмийетлик турмысымызда ҳүрметли ҳаял-қызларымыздың орнын ҳәм абырайын және де беккемлеў мақсетинде төмендеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўымыз зәрүр.

Бириншиден,  буннан он жыл бурын Сенат ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары қурамында ҳаял-қызлардың муғдары 20 проценттен аслам еди. Енди бул көрсеткиш жоқары палатада — 17 процентке, төменги палатада болса — 16 процентке түсип қалды. Бул неден дәрек береди!

 Жуўап анық — сиясий партияларымыз өз қатарларына билимли, инталы ҳәм шөлкемлестириўши ҳаял-қызларды тартыў, олардың сиясий ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыўға жетерлише итибар бермей атыр. БМШ мағлыўматларына қарағанда, парламентлерде ҳаял-қызлардың ўәкиллиги пүткил дүньяда өсип бармақта ҳәм 2018-жылы бул көрсеткиш 24,3 процентти қураған.

Сизлерге жақсы белгили, дүньядағы демократиялық тәжирийбеден келип шыққан ҳалда, мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығында парламент ҳәм жергиликли кеңеслерге болатуғын сайлаўларда ҳаял-қызлар арасынан көрсетилетуғын кандидатуралар бойынша 30 процентлик квота белгиленген.

Елимизде  өзиниң ақыл-парасаты, терең билими, үлкен турмыслық тәжирийбеси, пидакерлик мийнети, адамгершилик пазыйлетлери менен ҳәммеге өрнек ҳәм үлги болып киятырған апа-қарындасларымыз көплеп табылады. Быйыл Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўларда әне усындай сиясий дәрежеси жетик, мийнеткеш ҳәм ақыллы ҳаял-қызларымыз өз потенциалын көрсетип, депутат ҳәм сенатор болып сайланса, мен исенемен, буннан мәмлекетимиз де, жәмийетимиз де тек үлкен пайда көреди.

Парламентке ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайланатуғын ҳаял-қызлардың санының өсиўи нызам дөретиўшилиги процесинде ҳаял-қызлардың мәплери менен пикирлерин есапқа алыў имканиятын береди. Сондай-ақ, мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўинде гендер теңлиги мәселелерин инабатқа алыў мүмкин болады.

Екиншиден, Олий Мажлис системасында ҳаял-қызлар мәселеси менен тиккелей шуғылланатуғын бирде-бир комитет жоқ.

Дурыс, 2017-жылы Нызамшылық палатасының Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссиясы дүзилген еди. Бул структура негедур ислемеди, оның Режесинде белгиленген ўазыйпалар қағазда қалып кетти. Ақыбетинде бүгинги күнде шаңарақты беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўге, олардың жәмийеттеги абырайын арттырыўға қаратылған белгили бир структура Нызамшылық палатасында да, Сенатта да жоқ.

Үшиншиден, өткен еки жылда халықаралық стандартлар талаплары шеңберинде ҳаял-қызлардың жағда­йын түп-тийкарынан жақсылаўға ти­йисли 15 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетке қол қойылған ҳәм орынлаўға қаратылған. Бирақ, нызам дөретиўшилери өзлериниң бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпасы менен шуғылланыў орнына, еле де «уйқылап» отыр.

Белсендиликти ҳәм интакерликти арттырыў зәрүр. Жақын ўақыт ишинде еки жаңа нызам, яғный «Еркеклер ҳәм ҳаял-қызлардың тең ҳуқықлары ҳәм имканиятлары кепилликлери ҳаққында»ғы және «Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықлардан қорғаў ҳаққында»ғы нызамларды қабыл етиўимиз керек.

Төртиншиден, мәмлекетимизде пуқаралық жәмийети институтлары жедел раўажланбақта. Лекин 9 мыңнан аслам мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемнен тек ғана 376 сы ҳаял-қызлар машқалалары менен шуғылланады. Бул жетерли емес, әлбетте.

Социаллық жағдайы аўыр ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелеринде усы шөлкемлердиң қатнасыўы жетерли дәрежеде сезилмей атыр. Олар тек атына ғана мәжилис ҳәм илажлар өткериў менен шуғылланбақта.

Бул бағдардағы жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў ушын Сенат жумысының тийкарғы бағдарлары төмендеги мәселелерге қаратылыўы мақсетке муўапық болар еди.

Бәринен бурын, шаңарақты беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў және ҳаял-қызлардың ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў, социаллық, экономикалық, сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений турмыста ҳаял-қызлардың қатнасыўын кеңейтиў бойынша нызам дөретиўшилигин ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў лазым. Бул ушын қандай жаңа нызамлар қабыл етиў, қайсы нызамларды өзгертиў кереклиги ҳаққында пуқараларымыз, сайлаўшылар сиз, ҳүрметли сенаторларымыздан анық усыныслар күтпекте.

Және бир әҳмийетли мәселе — ҳаял-қызларды жумыс пенен тәми­йинлеў, ҳаял-қызлардың заманагөй кәсип-өнерлерди пуқта ийелеўи ушын шараят жаратыў, олардың исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, ҳаял-қызларды исбилерменликке кеңнен тартыўдан ибарат.

Гезектеги әҳмийетли ўазыйпа — ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў, шаңарақлардың медициналық мәдениятын арттырыўда көмеклесиў, орынларда, атап айтқанда, мәҳәллелерде, ҳаял-қызлар арасында алып барылып атырған ағартыўшылық-тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин күшейтиўге байланыслы. Бул бағдарда, қыз балаларды турмысқа таярлаў, оларды заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерге үйретиў, илим, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт тараўларына кеңнен тартыў арқалы олардың қәбилетин ҳәм потенциалын жүзеге шығарыў үлкен әҳмийетке ийе екенин, бәршемиз жақсы түсинемиз, деп ойлайман.

Усылар қатарында  бизиң мийрим-шәпәәтли, ҳақ кеўил ҳаял-қызларымызға улыўма жараспайтуғын унамсыз иллетлер, яғный, ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлықлар, соның ишинде, жынаятшылық, адам саўдасы, шаңарақтағы ажырасыўлар, ерте некелердиң, өз жанына қаслық етиў жағдайларының алдын алыў бәрқулла итибарымыз ора­йында болыўы зәрүр. Бул бағдарда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў бойынша мәмлекетимиз өз мойнына алған халық­аралық миннетлемелерди орынлаў да үлкен ўазыйпа болып есапланады.

Соңғы пайытта дурыс жолдан адас­қанларды кешириў ҳәм саламат турмысқа қайтарыў, шаңарақ, мәҳәлле ҳәм жәмийетте тынышлық және татыўлық орталығын беккемлеў бағдарында баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттириўимиз зәрүр.

Мине усындай оғада әҳмийетли ҳәм актуал ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында жаңа структура — Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комитет дүзиўди усыныс етемен.

Ҳүрметли Сенат ағзалары!

Ҳәммеңизге белгили, Ниғматилла Тўлқинович Йўлдошев 2015-жылдан берли Сенат Баслығы лаўазымында ислеп келди. Усы өткен дәўир ишинде Сенат тәрепинен ерисилген барлық табыслар ҳәм нәтийжелерде оның да мүнәсип үлеси бар, әлбетте.

Мен кеше Н.Йўлдошевты Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры етип тайынлаў ҳаққындағы пәрманға қол қойдым. Усы мүнәсибет пенен ол Сенат Баслығы лаўазымынан мүддетинен бурын азат етилди.

Ҳүрметли Ниғматилла Тўлқинович, сизге усы жуўапкершиликли ўазыйпада табыс тилеймиз.

Ҳүрметли сенаторлар!

Енди Сенаттың жаңа Баслығын сайлап алыўымыз керек. Бул лаўазым ийесине қандай жоқары талаплар қо­йылатуғынын бәршемиз, әлбетте, жақсы түсинемиз.

Сенат Баслығы, бәринен бурын, мәмлекетимизде алып барылып атырған демократиялық реформалардың мазмун-мәнисин терең түсинетуғын, жәмийетлик турмысымызда нызам ҳәм әдиллик үстинлигин тәмийинлеў, шаңарақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик институтларды өз-ара тығыз биргеликте раўажландырыўға билим ҳәм потенциалы, ҳуқықый ақыл-ойы жететуғын, үлкен шөлкемлестириўшилик қәбилетине ийе, Сенат жумысын бүгинги жаңа талаплар дәрежесинде шөлкемлестириўге уқыплы шахс болыўы керек.

Биз бул бойынша көп пикирлестик, дүнья парламентаризми әмелиятын ҳәм раўажланған демократиялық мәмлекетлердиң тәжирийбесин де үйрендик.

Билдирилген барлық пикир-усыныслардан келип шығып ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясының 86-статьясына тийкарланып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы лаўазымына Танзила Камаловна Норбоеваның кандидатурасын усыныс етемен.

Ол 1956-жылы Әндижан ўәлаятында туўылған, мағлыўматы жоқары, Ташкент мәмлекетлик университетин тамамлаған. Өзиниң мийнет жолын мектеп муғаллимлигинен баслаған, Халық демократиялық партиясында районлық кеңес хаткери, усы партияның Орайлық кеңеси сектор баслығы, 1995-жылдан 2010-жылға шекем Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметинде жуўапкер лаўазымларда ислеген.

2010-2016-жылларда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси баслығы ўазыйпасында жумыс ислеген. 2016-жылдан берли Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары — Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы лаўазымында ислеп келмекте.

Т.Норбоева қай жерде ислесе де, өзиниң мийнет сүйгишлиги, билим ҳәм тәжирийбеси, талапшаңлық ҳәм шөлкемлестириўшилик пазыйлетлери, өзине исенип тапсырылған ўазыйпаны жуўапкершилик пенен орынлаўы, кеңпейиллиги менен мәмлекетимиз жәмийетшилиги арасында мүнәсип абырай-мәртебеге ийе болған.

Танзила Камаловна Норбоеваның кандидатурасын Сенат Баслығы лаўазымына тастыйықлаў ушын даўысқа қойыўды илтимас етемен.

Ҳүрметли сенаторлар!

Бәршеңиз Сенатымыздың жаңа Баслығы басшылығында Ўатанымыздың раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы, әзиз Өзбекстанымыздың айдын келешегин тәмийинлеў ушын өзиңизди аямай, үлкен күш-ғайрат пенен мийнет ететуғыныңызға исенимим кәмил.

Усы ийгиликли мақсет  жолында бәршеңизге саў-саламатлық, жуўапкершиликли жумысыңызда табыс ҳәм әўметлер тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF