Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:28:47, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ЖАС ӘЎЛАД»ТАҒЫ БАХЫТЛЫ БАЛАЛЫҚ

Әлбетте, ҳәр пасылдың өз алдына заўқы болғанындай, жаз мәўсиминиң де өзине тән жылўалары бар болып, көпшилик балаларымыз бул мәўсимди асығыслық пенен күткени анық.

Себеби, олар оқыў жылын тамамлап, демалысқа шықты. Әйне усы күнлери олардың кимиси ата-аналарына жәрдем берсе, кимиси дем алыў орайларында кеўилли дем алып, дослар аттырып, есте қаларлықтай ўақыялардың гүўасы болыўы сөзсиз.

Быйылғы жылы да республикамыздың барлық жерлериндеги дем алыў орынларында кишкенелеримиздиң кеўилли дем алыўлары ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Мине, усындай пайызлы орынлардың бири — Нөкис қалалық ХББне қараслы «Жас әўлад» балалар дем алыў ҳәм саўалландырыў орайы болып, бул жердеги дем алыўшылардың кеўиллери шад екенлигин жүзлериндеги қуўаныш сезимлеринен аңлаў қыйын еместей.

— Бул дем алыў орнына ҳәр жылы келемен. Ал, быйыл болса класымыздан еки жорам менен келдик. Қуўанарлысы, өзимиз бенен теңлес көплеген дослар аттырдық. Орайда жийи-жийи топарлар арасында ҳәр қыйлы ойын түрлеринен жарыслар өткерилип барылады. Балалардың көпшилиги ендиги жылы да келмекши. Бул жерде денсаўлығы­мызға да жүдә үлкен итибар қаратылады. Дем алыў, аўқатланыў режими балалардың кеўлиндегидей,-дейди дем алыўшылардың бири нөкисли Дәўран Үргинбаев.

Тийкарынан «Жас әўлад» дем алыў ҳәм саўалландырыў орайында быйылғы жылы ҳәр гезекте 85 баладан жәми бес гезекте 425 баланың кеўилли дем алыўы режелес­тирилген. Сондай-ақ,  орайда ҳәр қыйлы дөгереклер ислеп тур. Балалар өзлериниң интасына қарап «Жас сүўретшилер», «Жас эколог», «Аяқ ойын», «Инглис тилин үйрениў» ҳәм спорт түрлери бойынша дөгереклерге тартыл­ған. 

Және де айта кететуғын нәрсе,  орайда ҳәр қыйлы ушырасыў кешелери, жарыслар ҳәм спорттың шахмат-шашка, арқан тартысыў, ҳәм китапқумарлықты раўажландырыў, балалардың китап оқыўға бол­ған қызығыўшылығын арт­тырыў мақсетинде топарлар арасында жарыслар өткерилип, жеңимпаз деп табылғанлары баҳалы саў­ғалар менен сыйлықланып келинбекте.

 

 

Меҳрибан ЮНИСОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 1-топар студенти.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: орай турмысынан көринислер.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF