Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:29:05, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢАША ҚӘДЕМЛЕР

Усы жылдың 16-17-июнь күнлери Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидов республикамызда болып, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 24-май күнги  Өзбекстан Миллий университетинде илим, билимлендириў тараўы ўәкиллери менен болып өткен ушырасыў мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың мазмунын Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынлары студент-жасларына, профессор-оқытыўшыларына ҳәм басшы хызметкерлерине жеткериў мақсетинде ушырасыўлар өткерди.

Ушырасыўларда жоқары оқыў орны басшылары, академиклер, алымлар, жас илимпазлар ҳәм студентлер менен мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыў бойынша тараў алдына қойылған мәселелерди талқылады.

Министрдиң студентлер менен ушырасыўы дослық тәризинде өтип, онда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Булардан оқыў процесин шөлкемлестириў, сабақ өтиўге тәжирийбели жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў, өзлериниң стартап жойбарларын әмелге асырыўдағы тосқынлықлар ҳәм қаржы мәселелеринде ушырасып атырған қыйыншылықлар ҳаққында ашықтан-ашық пикирлести.

— Әлбетте, усы сыяқлы ашық пикирлесиўлер тез-тезден болып турса студент-жаслардағы машқала ҳәм кемшиликлердиң өз ўақтында шешимин табыўына және оқыў процесслерине өз нәтийжесин бериўине исенемиз,-дейди ҚМУ студенти А.Қалбаев.

Сондай-ақ, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм профессор-оқытыўшылары менен илимий жумысларды коммерцияластырыў, жас илимпазларды илим менен шуғылланыўға қызықтырыў, өндирис ийелери менен бирге ислесиўди беккемлеў, халықаралық алдынғы тәжирийбелер ҳәм методика бойынша инновациялық инвестицияларды тартыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Және Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған жоқары билимлендириў мәкемелериниң 2019-2020-оқыў жылына қабыллаў процесине таярлық жағдайы үйренилди. Үйрениў барысында қабыллаў процесин кеўилдегидей өткериў бойынша ЖОО басшыларына тийисли усыныслар берилди. Соның менен бирге министр И.Мажидов Әжинияз атындағы НМПИның жаңадан қурылып атырған имаратларында алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Р.АРЗИЕВ,

ҚМУ Баспасөз хаткери.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Б.ИБРАГИМОВтың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF