Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:10:00, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЫЛҒАЛЛЫ ПӘТ —  ҚУРЫЛЫСҚА ЖАН ЕНДИРМЕКТЕ

Мойнақ — жыл басынан үлкен қурылыс майданына айланғанда Мәдияр Оразбаев басшылық еткен, жуўапкершилиги шекленген хожалықлар­аралық механизациялас­қан кәрханасы жәмәәти бириншилер қатары жетип келди.

Мәдияр жас болса да пайтахтымыздағы көп қабатлы турақ жайлар, өндирис объектлерин сапалы қурып питкергендеги пидәкерли мийнетлери өз ўақтында ылайықлы баҳаланып, ғәрезсизлигимиздиң 25 жыллық байрамы ҳүрметине көкирек нышаны, «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған. Қурылыс кәрханасының материаллық-техникалық базасы жылдан-жылға беккемленип, арнаўлы қурылыс механизмлери, жүк машиналары, ең баслысы, ҳәр бири үш-төрттен жоқары маманлықтағы қәнигелик ийелеген қурылысшылар топары  қәлиплескенликтен ел-халқымыздың сый-ҳүрметине бөленип келмекте.

—  Жаздың таңы ерте,  бес ярымға қалмай атарын есапқа алған бөлип алып ислеўши бригадаларымыздың ағзалары жумысты азан­ғы салқында өндирип таслаў ушын ис басынан табылады,-дейди жетекшилик етип жүрген Көмек Айтмуратов бир тыныспа гезинде.

— Бригада ағзаларының көбиси Мойнақта туўылып өскен жигитлер. Төрт қабатлы, жигирма төрт бөлмели турақ жайдың тырнағын қалаўдан баслап, бүгинги күнде үшинши қабатының гербиш өриў жумысларында белсендилик көрсетип атырған О.Бегжанов, М.Қурбанов, Г.Төремуратов, А.Аралбаев, жүк көтериўши кран басқарыўшыларынан Ж.Нурмухаммедов, С.Жолмурзаевлар ўақыт пенен санаспай мийнет етпекте. Узақлардан гербиш, ҳәр қыйлы маркадағы бетон плиталар тасып жеткерилгенде иркинишсиз монтажланбақта. Ис басында қолайлы турмыс шараятлары жаратып берилген. Көшпели вагон үйлерде жасаймыз. Еки мезгил ыссы аўқат, шай-суўы басында. Бос ўақытларымызды кеўилли өткериў ушын телевизор, радио, шахмат-шашка ойнап, газета-журналлар менен китаплар оқыў мүмкиншилигине ийемиз.

Бригада баслығы Көмек Айтмуратовтың сөз еткениндей, Мойнақта жедел пәтлер менен қурылыс жумысларын алып барыўшы ҳәр бир бөлимше усындай мақтаўларға ылайық. Олар өз лебизинен табылып, турақ жайлардың гилтин ғәрезсизлик байрамы ҳүрметине ийелерине тапсырмақшы.

Сондай-ақ, қурылыс жәмәәти район орайындағы «Тоқпақ ата» мешити ҳәм «Асака банки»ниң ра­йондағы бөлимшеси тәрепинен берилген буйыр­тпаға тийкар еки қабатлы ҳәм дүканлы коттедж жайдың қурылысында  да жедел пәтлер менен ислеп атыр.

Ө.ӨТЕЎЛИЕВөз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF