Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 03:50:55, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚ ПЕНЕН ПИКИРЛЕСИЎДИҢ НӘТИЙЖЕЛИ МЕХАНИЗМИ

Пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиўди жолға қойыў­дың жаңа нәтийжели механизмлерин ҳәм усылларын, лаўазымлы шахслардың халық алдында есап бериў системасын тур­мыс­қа енгизиўи,  усы тийкарда халықтың мәм­лекетлик ҳәкимиятқа бол­ған исенимин беккемлеўге бағдарланған илажлар бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен алып барылып атырған сиясаттың баслы бағдарларының бири.

Жақында Нөкис қаласындағы Спорт комплекси имаратында Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуратурасы тәрепинен көшпели қабыллаў шөл­кемлестирилди. Оған Өзбекстан Республикасы Әскерий прокуратурасы прокуроры И.Абдиҳакимов, Қарақалпақстан Республикасы Халық қабыллаўханасы баслығы Ҳ.Халимов, Арқа-батыс әскерий округының басқарыў аппараты, Нөкис әскерий прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасы ҳәм Нөкис қалалық Қорғаныў ислери бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер, МОБ, Халық билимлендириў ҳәм  мектепке шекемги билимлендириў минис­трликлери, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық банки, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары  министрлиги, Өзбекстан Республикасы Жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Өзбекстан Республикасы Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм басқа да мәкеме, шөлкемлерден  жуўапкер қәнигелер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Көшпели қабыллаў барысында пуқаралар тийкарынан жумыс пенен тәми­йинлеў, өз исбилерменлигин жүргизиў, банк­тен жеңиллетилген кредитлер алыў, жоқары оқыў орынларына кириў ҳәм тағы бас­қа да машқалалар бойынша 300ден аслам пуқаралар мүрәжат етти. Бул мүрәжатлардың басым көпшилиги унамлы шешимин таўып, айырым мүрәжатлардың ийе­лерине ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде Халық қабыллаўханалары шын мәнисинде пуқаралардың өз шешимин күтип тур­ған машқалаларын өз ўақтында унамлы шешиўге хызмет етиўши орайға айланды. Себеби, ҳәр бир мүрәжаттың артында инсан тәғдири бар.

Бундай көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимиятқа, жәмийетке ҳәм ертеңги күнге болған исенимин арттырыўда оғада әҳмийетли саналады. Орынларда өткерилген бул тәриздеги көшпели қабыллаўлар пуқаралардың мүрәжатларының өз ўақтында унамлы шешимин табыўына имкан жаратпақта.

 

Сағынбай ОРАЗЫМБЕТОВ,

өз хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: көшпели қабыллаўдан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF