Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:24:56, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТЁРЛАРҒА КЕҢ ИМКАНИЯТЛАР

Усы жылдың 1-июнь сәнесинде Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң мийўе-палыз өнимлери экспортёрларына мүрәжаты комитеттиң рәсмий сайтында жәрияланған еди.

Усы мүрәжаттың жолланылыўынан тийкарғы мақсет — мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик субъ­ект­лерине бир қанша жеңилликлер жаратып берилип атырғанлығын есапқа алған ҳалда оларды нызамға қайшы болған ис-ҳәрекетлерге жол қоймаўға шақырыў арқалы басқа исбилерменлик субъектлерине де тәсир жасаўдан ибарат.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде дийқанларымыздың машақатлы мийнети менен жетистирилетуғын түрли мийўе-палыз өнимлериниң даңқы пүткил әлемге жеткен болып, бунда оларды сырт еллерге экспорт етип атыр­ған исбилерменлердиң үлеси салмақлы.

Сол себепли мәмлекетимизде экспорт хызметин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдарда барлық бюро­кратиялық тосықларды сапластырыў бойынша соңғы жыллар даўамында бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, исбилерменлер ушын дерлик барлық имканиятлар жаратылды.

Атап айтқанда 2019-жылдың 1-мартынан баслап бажыхана рәсмийлестириўи процесине толық рәўиште енгизилген «Қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы» жәрдеминде усы жылдың өткен дәўиринде экспорт режимине 82 процент товарлар әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилди.

Экспорттан түсетуғын валюта түсимлерин мәжбүрий сатыў тәртиби бийкар етилди. Барлық валюта қаржылары экспортёрлардың есап-бетинде қалмақта. Сондай-ақ, дерлик барлық товарларды, әсиресе, мийўе-палыз өнимлерин алдыннан төлеў, аккредитив, банк кепиллиги ямаса қамсызландырыў полисин талап етиў тәртиби бийкар етилди.

Ендигиден былай исбилерменлерге мийўе-палыз өнимлерин экспорт контрактын дүзбеген ҳалда, инвойслар тийкарында экспорт етилиўге рухсат берилген болып, бул имканиятлар өз гезегинде жергиликли өнимлеримиздиң және де қысқа мүддетлерде сыртқы базарларға жетип барыўына кең имканиятлар есигин ашты.

Буннан тысқары, ақырғы жаратылған имканиятлардан бири, алдынлары барлық түрдеги товарлар 100 процент бажыхана хызметкери қатнасыўында бажыхана тексериўинен өткерилетуғын еди. Бул процесс өз гезегинде мәлим ўақытты талап етер, исбилерменлер саны бажыханашылар санынан көпшиликти қурайтуғын болғанлықтан исбилермен бажыхана хызметкерин бир нешше саатлап күтип туратуғын еди. Бул тәртип-нормалар жеңиллистирилип, «Қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы» енгизилди. Бунда экспортёр бажыхана жүк декларациясын усынғаннан соң қәўип профильлери тийкарында тийисли өткеллерге жибериледи. Бунда тек ғана «Қызыл» өткелге түскен товарлар мәжбүрий тәртипте бажыхана тексериўинен өткериледи. «Сары» ҳәм «Жасыл» өткеллерден өткен товарларға бажыхана тексериўи өткерилмейди. Бунда бажыханашылар исбилерменлерге исенген ҳалда олар усынған ҳүжжетлер тийкарында бажыхана рәсмий­лестирилиўин әмелге асырады.

Тилекке қарсы, мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған ғамқорлықты аяқ асты етип, берилип атырған имканиятлардан ғәрезли мақсетте пайдаланып, нызамсыз дәрамат табыўға урынып атыр­ған айы­рым «исбилермен»лерде жоқ емес. Исбилерменлик субъектлери арасында соңғы ўақытлары сондай жағдайлар гүзетилмекте, яғный, олар тәрепинен экспорт режиминде товарлар алып шығыўда бажыхана жүк декларациясында тек ғана 1 түрдеги товар көрсетилип, сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана постында рәсмийлестирилип, шегара бажыхана постларына жетип барғаннан кейин бул жерде үлкен сы­йымлықтағы жүклерди қадағалаўшы сканер қурылмалар жәрдеминде тексерилгенде декларацияда көрсетилген товардан басқа түрдеги товарларды жүклеп алып шығыў ҳалатлары жүз бермекте.

Усы орында «Қәўипти басқарыў системасы»нда енгизилген «Қызыл», «Сары» ҳәм «Жасыл» өткел түсиниклерине анықлық киритетуғын болсақ:

«Қызыл» ҳәм «Сары» өткел 2018-жыл 1-декабрьден, «Жасыл» өткел 2019-жыл 1-марттан баслап бажыхана системасына енгизилди. Бул Халықаралық аэропортларда гүзеткенимиздей, жөнелисли (коридор) өткеллер емес, бул автоматластырылған электрон программа арқалы белгилеп берилген әпиўайыластырылған тәртип болып есапланады. Бунда бажыхана жүк декларациясы экспортёр ямаса импортёр тәрепинен яки болмаса бажыхана уйымы хызметкери тәрепинен жөнелтириледи. Бунда программаның өзи автомат рәўиште бажыхана уйымы хызметкерине байланыссыз ҳалда толтырылған декларацияның пәс, орта ҳәм жоқары қәўип дәрежелерин анықлайды. Жоқары қәўип дәрежеси анықланған товарлар «Қызыл» өткелге түсириледи. Орта қәўип дәрежеси анықланған товарлар «Сары» өткелге, пәс қәўип дәрежеси анықланған товарлар, яғный көп муғдарда экс­порт қылыўшы, нызамларға толық рәўиште бойсынатуғын, салық ҳәм мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында төлеген исбилерменлер әпиўайыластырылған «Жасыл» өткелден пайдаланыў имканиятына ийе.

Егер статистикаға мүрәжат ететуғын болсақ, өткен 5 ай даўамында мәмлекетимиздиң экспорт дәрежеси өткен жылға салыс­тырғанда 35 процент­ке өскен. Өзбекстан Республикасы бойынша улыўма экспорт көлеми 3 млрд. долларды қурап, буннан мийўе-палыз, аўыл хожалығы өнимлерин ажыратып көрсететуғын болсақ, 359 млн. долларлық товарлар экспорт етилген болып, өткен жылға салыстырғанда еки есеге көп.

Бундай нәтийжеге ерисиўде «Қәўипти басқарыў сис­темасы» иске түсирилгенлиги үлкен әҳмийетке ийе. Бурын импорт режиминде бажыхана рәсмийлестирилиўине 48 саат ўақыт сарпланған болса, ҳәзирги күнде бул процесс орташа 20 саатта әмелге асырылмақта. Экспорт режиминде бурын 4  саат ўақыт сарп­лан­ған болса, ҳәзирги ўақытта бул 40  минутта әмелге асырылмақта.

Бажыхана Кодексинде 72 саатқа шекем бажыхана рәсмийлестириўин әмелге асырыў белгиленген болыўына қарамастан, «Жасыл» өткелдеги жүклер қандайда бир минутларда рәсмийлестирилмекте.

Улыўма алғанда, мәмлекетимизде енгизилген тәртип-қағыйдаларға, нызамларға бойсыныўшы исбилерменлер ҳәмме ўақытта мәмлекет қорғаўында. Сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана посты ҳәм де шегара бажыхана пост­ларында бажыхана уйы­мы хызметкерлери 24 саат даўамында экспорт товарларын рәсмийлестириўге таяр болып, бул бағдарда исбилерменлерден тек ғана ҳадаллық, нызамларға ҳүрмет пенен қараў талап етиледи.

 

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы

Мәлимлеме  хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF