Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:31:10, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА  МӘМЛЕКЕТЛИК БАҒДАРЛАМА  ҲӘМ ӘҲМИЙЕТЛИ  ЎАЗЫЙПАЛАР

Коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы мүнәсибетлерди тәртипке салыўшы, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықларды ислегенлиги ушын жуўапкершиликтиң шәртлилиги принциплерине бағдарланған Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы 2017-жыл 5-январь күни қабыл етилди. 

 Усы Нызамның 6-ста­тья­сына муўапық коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы мәмлекетлик сиясат тийисли бағдарламалар тийкарында әмелге асырылыўы мүмкин. Булар ҳәм басқа бағдарламалар усы Нызамның қағыйдаларының нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, корруп­цияның ҳалаты тенденцияларынан келип шыққан ҳалда коррупцияға қарсы гүресиў бо­йынша комплекс­ли ҳәм сис­темалы ис-илажлар көриў мақсетинде ислеп шығылады ҳәм әмелге асырылады.

Сол мақсетте, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-май күнги «Өзбекстан Республикасында Коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 5729-санлы Пәрманы қабыл етилди.

Усы Пәрман менен Коррупцияға қарсы гүресиў сис­темасы нәтийжелилигин аттырыў, ең жоқары дәрежедеги қолай исбилерменлик орталығын жаратыў, мәмлекеттиң халықаралық майдандағы унамлы абырай итибарын асырыў мақсетинде, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес үстин бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларға муўапық,  2019-2020-жылларда Коррупцияға қарсы гүресиў мәмлекетлик бағдарламасы, Коррупцияға қарсы гүресиў бо­йынша республикалық мәкемелер аралық комис­сиясының жаңаланған қурамы тастыйықланды ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы искерликтиң нәтийжелилигин асырыўға қаратылған ис-илажларды ислеп шығыў бойынша арнаўлы комиссия қурамы дүзилди. 

Буннан тысқары, Пәр­манға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқар­ғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы халық депутатлары кеңеслери, ра­йон ҳәм қала халық депутатлары кеңеслериниң қурамында коррупцияға қарсы гүресиў комиссияларын шөлкем­лестириў усыныс етилип, олардың жуўапкершилигине орынларда коррупцияға қарсы гүресиў саласындағы ислердиң жағ­дайын комплексли үйрениў, орынларда коррупция көринислери сәўлелениўине алып келетуғын системалы машқалалар ҳәм коррупцияның жағдайы ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери бойынша комитетлерине усы тараўдағы искерликти жетилистириў жүзесинен усыныслар киргизип турақлы рәўиште мағлыўмат берип барыў ўазыйпалары жүкленди.

Атап өтилген Пәрман менен «2019-2020-жылларда коррупцияға қарсы гүресиў» Мәмлекетлик бағдарламасы  тас­тыйықланды ҳәм ол өз ишине 4 бөлим 35 бәнтти қамтыйды.

Бунда белгиленген айырым ис-илажларға тоқталып өтетуғын болсақ:

Булар:

-жасларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша унамлы дүнья қарасты қәлиплестиретуғын ис-илажларды әмелге асырыў;

-билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларына коррупцияға қарсы гүресиўдиң арнаўлы курсларын киргизиў;

-мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен жумысқа қабыл етилгенинен кейин ҳәм де белгили ўақыт өткеннен кейин, кәсиплик әдеп-икрамлылық қағыйдаларына әмел етиў, мәплер кесилисиўиниң алдын алыў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўдиң басқа жөнелислери бойынша мүддетли оқыў курсларын мәжбүрий түрде өтеў тәртибин енгизиў;

-хабар технологиялары ҳәм коммуникациялардан пайдаланыў арқалы судьяларды ашық жәриялылық бенен таңлаў ҳәм тайынлаў механизмлерин жети­листириў;

-таңлаў нәтийжелерин ғалаба хабар қуралларында, Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңесиниң веб-сайтында жәриялаў;

-судьялар квалифика­циялық коллегиялары хаткерлериниң Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқар­ғы кеңесиниң судьялар қол қатылмаслығын тәмийинлеў бойынша Суд инспекциясы менен нәтийжели бирге ислесиў, соның менен олардың Кеңеске есап бериў механизмлерин жаратыў;

-судьялар ҳәм суд хызметкерлери ортасында профилактикалық ҳәм түсиник жумысларын турақлы түрде алып барыў;

-әдил судлаўды әмелге асырыў искерлигине араласыў фактлери бойынша судьялардың Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқар­ғы кеңесиниң Суд инспекциясына аноним тәризде мүрәжат етиў тәртибин енгизиў;

-коррупцияның келип шығыў себеплерин системалы ҳәм терең анализ етиўди ҳәм олардың алдын алыўды тәмийинлеў;

-коррупцияға қарсы гүресиў саласында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин ҳәм судьяларды таярлаў бо­йынша әмелий илажларды жетилистириў сыяқлы қатар илажлар белгиленди.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қабыл етилип атырған нызам хүжжетлериниң тек ғана қағазда емес, әмелде орынланыўын тәмийинлеў ушын судлар, ҳуқықты қорғаў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм кең жәмийетшилик жумыс алып барса, өз нәтийжесин береди.

С.Ниязов,

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судының судьясы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF