Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:44:28, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НИЙЕТИҢ ЖОЛДАСЫҢ БОЛСЫН, БИЙБИГҮЛ!

Буннан онлаған жылдың аржағында «Қарақалпақстаннан спорттың жүзиў түри бойынша мәмлекет чемпионлары, сайланды команда ағзалары жетилисип шығады» деген гәплерге исениўдиң өзи қыйын еди, десек пикиримизге көпшилик қосылады деген ойдамыз.

Себеби, жүзиў республикамызда раўажланбаған, бассейнлер, суў ҳәўизлери, қәнигели тренерлер жоқ еди. Бирақ, 2008-жылы Қарақалпақстан Республикасында «Бәркамал әўлад» спорт ойынларының өткерилиўи жағдайды пүткиллей өзгертип жиберди. Жарыстың шөлкемлестирилиўи мүнәсибети менен Нөкис қаласында «Арал» жүзиў бассейниниң қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўы спорттың бул түриниң раўажланыўына кең жол ашып бергенин қарақалпақстанлы жүзиў шеберлериниң бүгинги ерисип атырған табыслары айқын тас­тыйықлайды.

Жаратылған усындай шараятлардан утымлы пайдаланып, республикамыз спорты жылнамасына өз исмлерин жаздырып қойып атырған спортшыларымыз көпшиликти қурайды. Олардың бири, соңғы 20-30 жыл ишинде қарақалпақ спортының раўажланыўына салмақлы үлес қосып киятырған Қутыбаевлар династиясының және бир ўәкили, жүзиў бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, спорт шебери Бийбигүл Меңлибаеваның өмир жолы, үлкен спорттағы жетискенликлерине нәзер таслар екенбиз, оның мыңлап теңлеслери ҳәўес етсе арзыйтуғын табысларына гүўа боламыз.

Бийбигүл спортымыз мақтанышы, муайтай бойынша бес мәрте жәҳән чемпионы Еркинбай Қутыбаевтың туңғыш перзенти. Мүмкин, әкесиниң ҳәм ағалары менен апаларының жеңислери тәсир етти ме, яки болмаса басқа нәрселер себеп болды ма, қулласы, балалығынан-ақ спортқа меҳир қойып өскен ол бул жолды надурыс таңламағанын дәлиллеп киятыр.  

­ Балалығымда әкеме, оның спорттағы табысларына қатты ҳәўес етер едим. Дәслепки ўақытлары гимнастика, баскетболға қатнап жүрдим. Лекин, бул спорт түрлери мен ушын еместей түйиле берди. Сөйтип жүрип, үлкен теннис секциясына қатнай басладым. Спорттың бул түринен бир қатар жарыслардың жеңимпазы, бир неше мәрте Қарақалпақстан чемпионы болдым. Тенниске қатнап жүрген күнлеримниң биринде «Арал» жүзиў бассейнинде жарыс өткерилетуғын болып, бул жарыста өзимди сынап көрмекши болдым. Барлық қарсыласларымды жеңип, биринши орынды алғанымнан кейин жүзиў бойынша тренер Руслан аға Ильясов қасыма келип, спорттың усы түри менен шуғылланыўымды мәсләҳәт етти, ­ дейди ол.

Соны айрықша атап өтиў керек, жүзиў менен айланысқанлы бери Бийбигүл спорттың усы түри бойынша өзи қатнасқан жарыслардың дерлик барлығында сыйлы орынларды ийелеп киятыр. Өз теңлеслери арасында бир неше мәрте Қарақалпақстан, Өзбекстан чемпионы болған ол Өзбекстан сайланды командасы қурамына қабыл етилип, Болгария, Латвия мәмлекетлеринде өткерилген халықаралық турнирлерге қатнасты. Ригадағы жарыста еки мәрте екинши ҳәм бир мәрте үшинши орынды ийелеп, сайланды команда тренерлериниң өзине болған исенимин және бир мәрте арттырды. Ал, өткен жылдың ноябрь айында Аргентинаның пайтахты Буэнос-Айрес қаласында шөлкемлестирилген III жас өспиримлер олимпиадасы Бийбигүлдиң ядында бир өмир қалды. 17 саатлық пәрўаз, жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген ойынларды ҳасла умытыў мүмкин емес. Дурыс, ол Аргентинада сыйлы орын ала алмады, бирақ, бул жарысқа қатнасқанының өзи Бийбигүл ушын үлкен тәжирийбе мектеби болғанын атап өтиў керек.

Жүзиў бойынша гезектеги Өзбекстан чемпионаты бы­йылғы жылдың май айында Әндижан қаласында болып өтти. Онда брасс усылында l00 метрге жүзиў бойынша биринши орынды ийелеген Бийбигүл мүддетинен бурын студент болыў бахтына еристи. Бундай ҳуқыққа ийе болған ол ҳүжжетлерин Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетине тапсырды. Бийбигүл­диң Наўайыны таңлағаны тосыннан емес.  Себеби, оның ҳәзирги устазы Данил Тулупов усы қалада жасайды. Қала берсе, Наўайыда жүзиў спортына болған дыққат-итибар оғада күшли. Материаллық-техникалық базасы да беккем.

­ Спортта ерискен табысларым ушын биринши гезекте ата-анама, барлық жақынларыма, тренерлерим Руслан Ильясов пенен Данил Тулуповларға миннетдаршылығым шексиз. Усы жыл 21-июньде басланатуғын Тәжикстан ашық чемпионатына, сентябрь айында Ҳиндстанда болатуғын Азия чемпионатына қатнасыўды режелестирип отырман. 2020-жылы Японияда өткерилетуғын XXXII жазғы олимпиада ойынларына жолламаны қолға киргизип, ғәрезсиз Өзбекстанның абырайын қорғаўды мақсет етип қойғанман, ­ дейди Бийбигүл.

Елимиздиң Биринши Президенти И.Кәримовтың атап өткениндей, ҳеш бир нәрсе мәмлекетти спорт киби дүньяға тез таныта алмайды. Солай екен, мәмлекетимизди еле де танытыўда өзиниң табыслары менен ғәрезсиз елимиздиң гимнин жаңлатып, байрағын бәлент­лерге көтериўди мақсет еткен жас спортшы Бийбигүл Меңлибаеваға нийетиң жолдасың болсын, деп қаламыз.

 

С.ЖАНИЕВ,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: Бийбигүл Меңлибаева.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF