Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:16:28, 25.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТ ТУРМЫС ТӘРИЗИНЕ БАҒЫШЛАНҒАН ТАҢЛАЎ

Усы жыл 10-июнь күни Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайында  «Иллетлерге қарсы бирге гүресейик» атамасында дөретиўшилик жумыслар бойынша таңлаў өткерилди.

Таңлаўға республикамыздағы барлық район (қала)лық «Бәркамал әўлад» балалар орайларының дөгерек ағзаларынан 34 оқыўшы қатнасты. Таңлаў еки басқышта, яғный, бириншиси сүўретлеў өнери, екиншиси Hande-made (шебер қоллар) шәртлери бойынша алып барылды.

— Таңлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Наркотикалық затларды қадағалаў миллий мәлимлеме-таллаў орайы менен биргеликте шөлкемлестирилмекте,-дейди орайдың массалық илажларды шөлкемлестириўши қәнигеси Д.Ембергенова. — Таңлаўдың мақсети — оқыўшыларда саламат турмыс тәризи бойынша көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм олардың дөретиўшилик қәбилетин раўажландырыў, олар арасында нәшебентлик ҳәм токсин затлардан пайдаланыўдың алдын алыў, АИЖС кеселлигиниң унамсыз ақыбетлери туўралы үгит-нәсият жумысларын алып барыўдан ибарат.

Таңлаў барысы тийисли қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.

Онда оқыўшылардың ҳәр бири таңлаўдың темасына байланыслы таярлаған 2 дөретиўшилик жумысы менен қатнасты. Көркем сүўретлеў бағдары бойынша олардың жумысларының өзлери тәрепинен исленгени, темаға сәйкеслиги, өзгешелиги, техникалық талапларға жуўап бериўи, еркин сүўретлеп бериўи сыннан өтти. Hande-made (шебер қоллар) шәрти бойынша оқыўшылардың дөретиўшилик жумысы еркин түрде болды. Онда оларға дөретиўшилик жумысын ямаса композицияны жаратыўда барлық техника түрлеринен, турмыслық шығындылардан, пластилин, тас, ылай, қамыр, пластикалық буйымлар, тәбийғый минераллардан пайдаланыў мүмкиншилиги берилди.

Таңлаўдың көркем сүўретлеў бағдары бойынша Республикалық «Бәркамал әўлад» балалар орайынан Фазылбек Шарапов биринши,  Тақыятас районлық «Бәркамал әўлад» балалар орайынан  Саёра Рейимбаева екинши, Елликқала ра­йонлық «Бәркамал әўлад» балалар орайынан  Хайрулла Раджапов  үшинши орынды ийеледи. Ал, Hande-made (шебер қоллар) шәрти бо­йынша Шымбай районлық «Бәркамал әўлад» балалар орайынан Әзизбек Кеңес­баев биринши, Беруний ра­йонлық «Бәркамал әўлад» балалар орайынан Севара Жуманиязова екинши, Кегейли районлық «Бәркамал аўлад» балалар орайынан Диларам Қәлимбетова үшинши орынды ийе­леди.

Сондай-ақ, таңлаўда «Ең әҳмийетли жойбар авторы», «Турмыслық жолларды ашып берген жойбар авторы», «Ең тәсирли идея авторы» номинациялары бойынша жеңимпазлар да анықланды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF