Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 06:22:45, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРДЫҢ ХАЛҚЫМЫЗ ТУРМЫСЫНДАҒЫ ОРНЫ

Тилимизде аз сөз бенен көп мәни беретуғын нақыл-мақаллар халық аўызеки дөретиўшилигиниң әжайып дүрданаларынан бири болып есапланады.

Олар әўладтан-әўлад­қа мийрас болып, барлық заманларда да өз қәдир-қымбатын жойтпастан халқымыздың сөз өнериниң негизин қурап, инсанларды туўрылыққа, ҳадаллыққа баслап, дидактикалық ой-пикирлерди сәўлелендирген. Нақыл-мақаллар туўры ҳәм астарлы мәнисте айтылады. Халқымызда:

Нақылды бир айтпаса,

Ақылсыз айтпайды.

Ақыллы адам әңгимесин,

Нақылсыз айтпайды, - деген даналық гәп бар.

Шынында да, ҳәр бир ҳәрекетимизде, ислеген исимизде үлкенлердиң нәсият түринде айтқан нақыл-мақаллары бәрҳа туўры жолға баслайды. Шийрин сөзлилик, адамлар менен жақсы қарым-қатнаста болыўға бағдарлайтуғын нақыл-мақаллардың тәрбиялық әҳмийети жүдә жоқары. Мәселен, «Оқ жарасы питсе де, сөз жарасы питпейди», «Жақсы сөзге жан семиреди, жаман сөзге жан секиреди» яки болмаса «Бийдай наның болмаса да, бийдай сөзиң болсын» сыяқлы даналықлары балалықтан қулағымызға сиңип қалған. Өйткени, «Өнер алды қызыл тил». Себеби, инсанның сөйлеў мәденияты дурыс қәлиплеспеген болса, қаншама қурамалы, қыйын ислерди орынлағаны менен де қәдири болмайды. Соның ушын да, халқымыз «Адамның ардақлы адам болмағы, сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан белгили» дейди.

Әййемнен Арал теңизи жағалаўларына қоныс басқан халқымыз сөздиң қүдиретин айрықша баҳалаған. Тарийхтан белгили болғанындай, олардың арасынан ханды да шешенлиги менен жеңген сөзге шешен уламалар жетилисип шыққан. Ҳәтте нақыл-мақалларда да олар ҳаққында пикирлер айтылған... «Әйтеке келсе сөз баслар, анна келсе жамбаслар», «Журттың аўзы ҳаўалы, шешенниң аўзы дуўалы» сыяқлы даналық қатарлардан халқымыз турмысында шешенлик өнериниң үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын көриўимизге болады.

Солай екен, тилимиздеги терең мәнили гәплер нақыл-мақалларсыз пайда болыўы мүмкин емеслигине исенимимиз кәмил болады. Нақыл-мақаллар бир-бирине уқсас бол­ғаны менен ҳәр қайсысының өзине тән өзгешеликлери бар. Сонлықтан, ондағы сөзлер қосымша түсиндириўди талап етпейди.

Жуўмақлап айтқанда, қысқа ҳәм тужырымлы адамгершилик пазыйлетлерди сәўлелендирип, жалқаўлық ҳәм ериншекликке қарсы қаратылған бай аўызеки дүрданаларымыз болған нақыл-мақаллар барлық заманларда да халқымыз тарийхында жол көрсетиўши шамшырақ жулдыз болып қала береди. Биз нақыл-мақалларды бәрҳама жас әўладқа үйретип барыўымыз тийис.

Айжамал ЖИЕМУРАТОВА,

Нөкис қалалық ХББне қараслы 38-санлы улыўма орта билим бериў

мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF