Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 10:39:47, 18.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ИНТЕЛЛЕКТУАЛЛЫҚ  МҮЛК ҲУҚЫҚЛАРЫН  ҚОРҒАЎҒА  АРНАЛДЫ

Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў, мәлимлеме сия­саты ҳәм технологиялары мәселелери комитети, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк  агентлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық шәртнамаларға қосылыўы ҳаққындағы нызамлардың мазмуны ҳәм әҳми­йети»темасында семинар өткерилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Еркин Халбутаев «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында халықаралық шәрт­намаларға қосылыўы ҳаққындағы нызамлардың тийкарғы қағыйдалары», Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Интеллектуаллық мүлк  агентлиги директорының орынбасары Воҳиджон Аллаяров «Өзбекстан Республикасының интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында бир қатар халықаралық шәртнама­ларға қосылыўы мүнәсибети менен мәмлекетлик ҳәкимият пенен басқарыў уйымлары ҳәм басқа да субъектлерге жүкленген ўазыйпалар» темаларында баянатлар оқыды.

Баянатларда атап өтилгениндей, соңғы жылларда авторлық ҳуқықты қорғаўға қаратылған тиккелей ҳәм тиккелей емес байланыслы 50 ден аслам ҳәр қыйлы нормативлик ҳүжжетлер, 10 нан аслам нызамлар қабыл етилген. Атап айтқанда, «Авторлық ҳуқық ҳәм түрлес ҳуқықлар ҳаққында»ғы, «Электрон есаплаў машиналары ушын жаратылған программаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамлар ҳәм басқа да Президентимиздиң, Министрлер Кабинетиниң қарарлары қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 2018-жылы интеллектуаллық мүлк ҳуқықларын қорғаў тараўында 3 халықаралық ҳүжжет кирип келди. Өзбекстан Республикасы Президенти «Фонограмма таярлаўшылардың мәплерин, олардың фонограммаларын нызамсыз тәкирарланыўдан қорғаў ҳаққында»ғы Женева конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы, «Жер жүзилик Интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң авторлық ҳуқықы бойынша шәртнамасы»на Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы, «Жер жүзилик Интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң атқарыўшылық ҳәм фонограммалар бойынша шәртнамасы»на Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы нызамларға қол қойды.      

Мысалы, «Фонограмма таярлаўшылардың мәплерин, олардың фонограммаларын нызамсыз тәкирарланыўдан қорғаў ҳаққында»ғы Женева конвенциясына Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққындағы Нызам жойбары ислеп шығылып, өткен жылы 26-декабрьде Президентимиз тәрепинен қол қойылды. Усы конвенцияға бола, Өзбекстан Республикасына бул бағдарда халықаралық көлемдеги бир қанша ўазыйпалар жүклеп қойды. Яғный фонограммалардың нусқаларын фонограмма таярлаўшының (автордың) рухсатысыз ислеп шығарыў, тар­қатыў, сатыў қадаған етилди, қатнасыўшы мәмлекетлер аймағында фоно­граммалардың ҳуқықый ийе­лериниң рухсатысыз ислеп шығарылған усындай нусқаларды алып кириў, халық арасында тарқатыў ҳәм бас­қа да шеклеўлер орнатыл­ған. Бүгинги күнде бул конвенцияға 79 мәмлекет ағза болған.

Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден тийисли жуўапларды алды.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF