Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 07:16:00, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САЛАМАТЛЫҚ — ДУРЫС  АЎҚАТЛАНЫЎДАН  БАСЛАНАДЫ

Саламатлықтың тийкарғы шәрти дурыс аўқатланыўға, тазалыққа байланыслы. Денсаўлықтың гиреўи болған тазалық ҳәм аўқатланыў мәдениятына жас өспиримлерди есин билгеннен баслап үйретип барыўымыз лазым.

Буның ушын биринши гезекте бул қағыйдаларды ата-аналар билиўи шәрт. Уллы илимпаз Гиппократтың «Кеселликлердиң көбиси аўыздан киреди» деген пикирине итибар қаратсақ, ол надурыс аўқатланыўды нәзерде тутқан. Мезгилсиз, ҳәдден зыят ҳәм шала-шарпы аўқатланыў көплеген кеселликлердиң жүзеге келиўине себеп болады.

Соңғы изертлеўлерге қарағанда, гөш өнимлерин ҳәдден тыс көп пайдаланыў денсаўлығымызға зыян екенлиги анықланған. Инсан денеси ушын ҳайўан гөшин ҳәм майын аз муғдарда пайдаланыўдың өзи жетерли. Қара мал, қой, шошқа гөшлеринен көре балық, таўық, мәйек, дәнли өсимликлерден көбирек пайдалан­ған мақул. Себеби, тойынбаған май усы өнимлерде көбирек болады. Инсан денесине болса, тойынбаған майлар көбирек пайдалы. Және бир итибар беретуғын мәселе, майсыз гөш сатып алған мақсетке муўапық. Қандағы темир элементлерин көбейтиў ушын баўыр, дәнли өсимликлерден лобыя, мәш өнимлери жүдә пайдалы.

Картошка крахмаллы өнимлерге киреди оның қурамында белок, витамин, минерал дузлар бар. Сол ушын, ҳәр күни картошка, гүриш ҳәм нан, овощ ҳәм мийўелерди көбирек пайдаланыўды әдет түсине ендириў керек. Бирақ, мазалы өнимлерди қаншелли кем пайдалансаңыз, соншелли дурыс болады. Себеби, қант қурамында пайдалы элементлер аз ҳәм тислердиң тез шириўине, семизликке алып келеди.

Инсан денесине ғарбыз оғада пайдалы. Ол суйықлықтың көплеп сыртқа шығыўына жәрдем береди, бүйректиң тас, цистит, неврит пиелонефрит кеселликлеринде көп пайдалы, денедеги топланып қалған дузлардың шығып кетиўинде тәсири үлкен. Бир килограмм ғарбыз жесеңиз организмде бир грамм темир элементи пайда болады.

Илажы болғанынша майлы аўқатлардан кемирек пайдаланыў, аўқатты қуўырмалап писиргеннен көре суўға қайнатып яки пуўға писирген мақул. Мийўе ҳәм овощ өнимлерин көп пайдаланыў менен бирге дуздың йодланғанлығына итибар берген мақул. Шайды аўқатланып болғаннан еки сааттан кейин ишиўге ҳәрекет етиў лазым. Шайдың қурамындағы фенол темир элементлерин өзине сиңирип алып, организмнен шығарып таслайды. Сол себепли темир жетиспеўшилиги пайда болады.

Аўқатланыўдың муғдары азанғы ўақытта 25-30, түсте 45-50, кеште 25-30 процентти қураўы керек. Кешки аўқатты ата-бабалар да душпаныңа бер, деп бийкарға айтпаған. Себеби, кеште инсан кем ҳәрекетте болады.

 

М.ҚЫЛЫЧЕВА, 

Нөкис қаласы 9-санлы шаңарақ поликлиникасының шыпакери. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF