ОЛАР ҲҮЖЖЕТЛИ БОЛДЫ
1-июнь — Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен ҳәм Президентимиздиң 2018-жыл 12-июньдеги «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, көп жыллар даўамында туўылғанлық гүўалығы тийисли ҳүжжетлери болмағанлығы себепли дизимге алынбаған еки перзентке Нөкис қалалық Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлими тәрепинен туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық рәсмийлестирилип, салтанатлы түрде тапсырылды.
Қаратаў посёлкасынан Замира Жәмиеваның қызы, 2005-жылы туўылған Ешчанова Нуршад Габитовна ҳәм Нөкис қаласынан «Туран» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Мүбарек Атабаеваның қызы Қуралайлар өз ҳүжжетлерин үлкен қуўаныш пенен қолға алды. Олар айрықша итибар ҳәм меҳир көрсетилип, саўғалар менен қоса байрам кейпиятын инам еткен шөлкемлестириўшилерге шексиз миннетдар болды.
Усындай қайырқомлық илаж өткен 2018-жылы да әмелге асырылып, онда 74 балаға, ал, быйылғы жылдың усы дәўирине шекем болса улыўма 19 балаға туўылғанлық ҳаққындағы гүўалық Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлими тәрепинен берилди.
Мурат САЙЫМБЕТОВ,
Нөкис қаласы.
СҮЎРЕТТЕ: Нөкис қалалық ПҲАЖ бөлиминиң баслығы
С.Пирназарова балаларға туўылғанлық ҳаққындағы гүўалықты тапсырыў пайытында.