Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:57:53, 08.12.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

АВТОМОБИЛЬ  ТРАНСПОРТЫНДА  ЖҮКЛЕРДИ  ХАЛЫҚАРАЛЫҚ  ТАСЫЎДЫ  БУННАН БЫЛАЙ  ДА  РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА  БАЙЛАНЫСЛЫ  ҚОСЫМША  ИЛАЖЛАР  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда автомобильде жүклерди халықаралық тасыў тараўында сырт мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиў мәселелерин тәртипке салыў, миллий тасыўшылардың үлкен жүк автотранспорт қураллары паркин жаңалаў ҳәм модернизациялаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў және транспорт хызметлерин халықаралық базарда олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша шәртнамалық-ҳуқықый базаны жетилистириўге бағдарланған салмақлы илажлар көрилди.

Соның менен бирге республиканың өсип атырған экспорт потенциалы ҳәм экспорт етилетуғын өнимлердиң баҳасында транспорт қәрежетлерин оптималластырыў зәрүрлиги үлкен жүк автотранспорт қураллары паркиниң қуўатлылығын арттырыў, жергиликли тасыўшылардың жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлардың көрилиўин талап етеди.

Миллий тасыўшылардың үлкен жүк автотранспорт қураллары паркин және де жаңалаў ҳәм модернизациялаў ушын қосымша шараятлар жаратыў, ишки ҳәм сыртқы базарларда олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң сыртқы саўда жумысын транспорт-логистикалық тәмийинлеў системасын жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Қаржы минис­трлигиниң 2019-2021-жыллар даўамында автомобильде халықаралық жүк тасыў ушын пайдаланылатуғын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорынан автомобиль транспортында жүклерди халықаралық тасыйтуғын исбилерменлик субъектлерине төмендегилерди бериўди нәзерде тутатуғын жергиликли ҳәм сырт елде ислеп шығарылған үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди сатып алыўда миллий тасыўшыларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў тәртибин енгизиў:

коммерциялық банклердиң тартылатуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаўға, миллий валютадағы кредитлер бойынша — коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 25 проценти муғдарында, бирақ, 5 процентли пункттен көп болмаған муғдарда, сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша — коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген ставканың 40 проценти, бирақ, 3 процентли пункттен көп болмаған муғдарда компенсация бериў;

коммерциялық банклердиң кредитлер бойынша кредит суммасының 50 процентине шекем, бирақ, 2 миллиард сумнан көп болмаған муғдарда кепиллик бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2019-2021-жыллар дәўиринде Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына усы бәнтте көрсетилген мақсетлер ушын зәрүр қаржылардың басқышпа-басқыш ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген үлкен жүк автотранспорт қураллары, сондай-ақ, ислеп шығарыл­ған ўақтынан баслап 6 жылдан артық мүддет өтпеген тиркемелер ҳәм ярым тиркемелер коммерциялық банклер тәрепинен оларды кредитке сатып алыўда ҳәр еки тәрептиң келисими менен гиреў тәмийнаты сыпатында қабыл етилиўи мүмкин екенлиги;

салық салыў мақсетинде жол қо­йылыўы мүмкин болған жоқары массасы 12 тоннадан аслам болған жүк автомобильлери (самосваллардан тыс­қары), отырғышлы тягач, сондай-ақ, максимал массасы 10 тоннадан артық болған тиркемелер ҳәм ярым тиркемелердиң жыллық шекленген амортизация нормасы 10 процентти қурайтуғыны;

миллий тасыўшыларға сатыў ушын үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди импорт етиў техникалық тапсырмаларды Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги  жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларды комплексли экспертиза етиў орайы» МУКда мәжбүрий экспертиза етпестен ҳәм дизимнен өткер­местен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Бир автотранспорт қуралы есабынан жүк тасыў бойынша хызметлер экспортынан бир жылда 20 000 АҚШ долларынан аслам түсим алған миллий тасыўшыларға олардың арзасы бойынша халықаралық тасыўларда пайдаланылатуғын ҳәр бир автотранспорт қуралына шереклер бойынша бөлистирилген рухсатнамалар саны шеңберинде халықаралық автомобильде тасыўға анық бир мәмлекеттиң 2 рухсатнамасы берилетуғыны.

Онда, тасыўшы тәрепинен алдынғы есап бериў жылында халықаралық автомобильде тасыўға алынған сырт ел ҳәм (ямаса) көп тәреплеме рухсатнамалар санының кеминде 70 процентинен пайдаланыў усы норма қолланылыўының мәжбүрий шәрти есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Сырт ел ҳәм (ямаса) көп тәреплеме рухсатнама берилгенлиги ушын жыйым муғдары рухсатнама берилген сәнеде Өзбекстан Республикасында белгиленген базалық есап-санақ муғдарының төрттен бирине шекем төменлетилсин.
  2. Миллий тасыўшыларға (резидент­лерге)

а) резидент емеслерден Өзбекстан Республикасынан тысқарыда нақ сырт ел валютасын транспорт экспедициясының шәртнамалары (жүклерди тасыў) бойынша ҳақы төлеў есабынан алыўға, алынған сумманы Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклеринде ашылған өзиниң сырт ел валютасындағы талап етип алғанға шекем депозит есап бетлерине өткериўге рухсат берилсин. Онда, халықаралық товар-транспорт жүк хаты халықаралық тасыўлар орынланғанлығын тастыйықлайды;

б) жүклерди халықаралық автомобильде тасыйтуғын айдаўшыларға хызмет сапарында, соның ишинде, жолда болған ўақытта олар тәрепинен турақ жай ижарасы ҳәм суткалық қәрежетлерин ҳәр бир сутка ушын тасты­йықлайтуғын ҳүжжетлерди усынбастан улыўмалық төлем форматында:

Өзбекстан Республикасы аймағында болған ўақыт ушын — белгиленген базалық есап-санақ муғдарының 50 процентине шекем;

Өзбекстан Республикасынан тысқарыда болған ўақыт ушын — 60 АҚШ долларына шекем болған муғдарда қаплаўға рухсат берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги Транспорт министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте 2019-2021-жыллар дәўиринде ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген жергиликли ҳәм сырт елде ислеп шығарылған үлкен жүк автотранспорт қураллары, тиркемелер ҳәм ярым тиркемелерди, соның ишинде, лизинг тийкарында сатып алыўды қаржыландырыў ушын ҳәр жылы сырт ел финанслық институтларының кеминде 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы узақ мүддетли кредит ресурсларын тартыў илажларын көрсин.
  2. «JV MAN – Auto Uzbikistan» ЖШЖ ҚК ҳәм «MAN Truck and Bus AG» (Германия) компаниясы арасында:

мәмлекетимизде ислеп шығарыл­ған отырғышлы тягачлардың ишки ҳәм сыртқы базарлардағы бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде олардың баҳасын оптималластырыў шеңберинде автотранспорт қуралларын ислеп шығарыў ушын Германия тәрепинен аўысық буйымлар ҳәм узеллерге 10 процент муғдарында шегирме  берилетуғыны;

ислеп шығарылған ўақтынан баслап 4 жылдан артық мүддет өтпеген, Европада ислеп шығарылған «MAN» маркалы үлкен жүк автотранспорт қураллары орайластырылған тәртипте жеткерип берилетуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында толық түрде сервис хызмети тәмийинленетуғыны ҳаққындағы келисимге ерисилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

8 «Өзавтосанаат» АЖниң « JV MAN – Auto Uzbekistan » ЖШЖ ҚК ҳәм «UzAuto Trailer» тәрепинен ислеп шығарылған жаңа өнимлер өнимниң баҳасына инфляция дәрежеси шеңберинде дүзетиў киргизиў имканияты менен еки жылға шекемги мүддет пенен төлемди процентсиз бөлип-бөлип төлеў шәртлеринде сатыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Транспорт минис­трлиги, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Инвестициялар және сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Министрлер Кабинетине 1957-жыл 30-сентябрьде Женева қаласында қол қойылған Европа қәўипли жүклерди жолларда халықаралық тасыў ҳаққындағы келисимге Өзбекстан Республикасының қосылыўы бо­йынша усыныс киргизсин.
  2. Қаржы министрлиги Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша төлемлерди кепиллеў қоры менен биргеликте үш ай мүддетте Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлерине миллий тасыўшыларға Өзбекстан Республикасы аймағында қамсызландырыў полислерин «Жасыл карта» халықаралық сис­тема бойынша сатып алыў ушын шараятларды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар бойынша Минис­трлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги еки ай мүддетте Евро-3, Евро-4, Евро-5 стандартлары дизель жанылғысын импорт етиў ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында сатыў ушын исбилерменлик субъектлерин ҳәм сырт ел компанияларын олардың жумысы ушын зәрүр шараятлар жаратылған ҳалда тартыў бойынша әмелий илажлар көрсин.
  4. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық ҳәкимликлери халық­аралық автомобильде жүк тасыўшы миллий тасыўшылардың буйыртпалары бойынша ҳәрекетленетуғын қурамды сақлаў, техникалық хызмет көрсетиў ҳәм тәмийинлеў ушын мөлшерленген автотранспорт кәрханаларын жайластырыў ҳәм қурыў ушын пайдаланылмай атырған имаратлар ҳәм өндирис майданларын, сондай-ақ, егин егилетуғын жерлерден тысқары аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкаларын белгиленген тәртипте бериўди тәмийинлесин.
  5. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги, Транспорт министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинетине Логистикалық орайлар ҳәм жолбойы инфраструктурасы объектлериниң интеграцияластырылған тармағын раўажландырыў концепциясы және оны әмелге асырыў бойынша Илажлардың жобасы жойбарларын киргизсин.
  6. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  7. Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги:

еки ай мүддетте жүк тасыўлардың потенциал буйыртпашыларын системалы хабардар етиў ушын улыўма тар­қалған электрон системаларда пайдаланылатуғын автотранспорт қуралларының тийкарғы сыпатламалары ҳаққындағы мағлыўматлар бар бол­ған миллий тасыўшылардың бирден-бир реестри қәлиплестирилиўин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизилиўин;

алдын қабыл етилген ведомстволық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң усы қарар­ға муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары Н.С.Отажоновқа жүкленсин.

 

        Өзбекстан Республикасы Президенти    Ш.МИРЗИЁЕВ.

        Ташкент қаласы 2019-жыл 7-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF