Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 09:20:15, 23.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТРЕНЕРЛИК ХЫЗМЕТИ: БУҒАН РУХСАТНАМАНЫ ҚАЛАЙ АЛСА БОЛАДЫ?

«Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий сис­темасын түптен реформалаў ис-илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги Пәрманына муўапық усы системаны раўажландырыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-апрель күнги қарарына тийкарланып Тренерлик хызмети менен шуғылланыўға рухсатнама алыў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң ҳәкимшилик регламенти ислеп шығылды.

Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса Өзбекстан Республикасы Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлери порталы (ЯИДХП) арқалы Тренерлик хызмети менен шуғылланыў ушын аттестациядан өткериў бо­йынша республика комис­сиясы тәрепинен аттестация өткизиў жолы менен әмелге асырылады.

«Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен спорт устазы» ямаса «Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен спорт устазы» атағына, дене тәрбия ҳәм спорт тараўында илимий дәрежесине ийе болған шахс­лар аттестациядан өтпестен ҳәм аттестациядан өтиў ушын ҳақы төлеместен тренерлик хызмети менен мүддетсиз шуғылланыўға рухсатнамалар алады.

Арза бериўши бул хызмет түринен пайдаланыў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайына өзи келип мүрәжат етеди ямаса мәмлекетлик хызметтен электрон пайдаланыў ушын ЯИДХП да дизимнен өтеди.

Арза бериўши өзи келип мүрәжат еткенде Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси мәлим бир спорт түри хызметин таңлап тийисли көринистеги арзалардан бирин толтырады. Егер спорттың екинши ҳәм оннан да көбирек түри бойынша рухсатнама алыў ушын бул ҳаққында арзада көрсетеди.

Арза толтырылғаннан соң арза бериўши оны өзиниң Электрон санлы қолы (ЭРИ) менен тасты­йықлайды.

 Арзаны қабыл етиў ҳәм көрип шығыў ушын ең кем айлық ис ҳақының 10 процент муғдарында;

- аттестациядан өткериў ушын төлеў күниндеги ең кем айлық ис ҳақының бир есеси муғдарында жыйым төлениўи керек.

Ўәкилликли орган арза түскеннен баслап 10 жумыс күнинде аттестацияның биринши басқышы болып өтетуғын сәне ҳәм орны туўралы яки аттестациядан өткериўдиң бийкарланғаны ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм бул ҳаққында арза бериўшини Мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы хабардар етеди.

Аттестацияның биринши басқышы 20 жумыс күни даўамында өткизиледи.

Спорт түрлери бойынша республика шөлкемлери 15 күннен аспайтуғын мүддетте аттестацияның биринши басқышынан өткен арза бериўшилерди белгиленген спорт түрлеринен жазба яки әмелий билимлери бойынша аттестацияның екинши басқышы өткизиледи ҳәм сынаў жуўмақлары бойынша шешимди ўәкилликли органға жибереди.

Ўәкилликли орган 5 жумыс күни ишинде  аттестацияның биринши ҳәм екинши басқышлары жуўмақлары бойынша усынысларды көрип шығады ҳәм тренерлик хызмети менен шуғылланыўға 14-код (матрик штрихли код) қойылған рухсатнама бериў ямаса рухсат бериўди бийкарлаў ҳаққында қарар қабыл етиў ушын Комиссияға киргизиледи ҳәм Комиссия қарарын таярлайды.

Комиссия қарары қабыл етилгеннен соң ўәкилликли орган 3 жумыс күнинде рухсатнаманы Мәмлекетлик хызметлер орайына ямаса арза бериўшиге ЯИДХП арқалы электрон тәризде жибереди.

Қарардан гөзленген мақсет — «Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципи тийкарында қағазбазлықтың алдын алыў, пуқаралардың ўақтын тежеў ҳәм де мәмлекетлик уйым­ларға халқымыздың исенимин еле де арттырыў болып табылады.

 

А.Досымбетов,

Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы бөлим баслығы.    

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF