Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:11:26, 28.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПУҚАРАЛАРДЫҢ МҮРӘЖАТЫ ҲӘМИЙШЕ ИТИБАРДА

Бүгинги раўажланып атырған жәмийетимизде пуқаралар ушын барлық шараятлар жаратылған. Бурынлары пуқаралар бир неше мәкемелерге қатнап ҳәм нәўбет күтип, сергизданлыққа түсип жүрген болса, бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлер орайы арқалы өз машқалаларын аңсат шешиў имканиятына ийе болды.

Орайдың Қоңырат ра­йонлық бөлими тәрепинен де бүгинги күнде бир қатар унамлы жумыслар алып барылмақта. Орай хызметлеринен пайдаланған пуқаралар ўақытларын, қаржыларын тежеп, өз мәселелерин унамлы шешиў имканына ийе болды.

Қоңырат районы мәмлекетлик хызметлер орайының хызметкерлери тәрепинен усы күнге шекем районның алыс аймағында жайласқан «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» елатлық пуқаралар жыйыны аймағындағы бөлимшемиз тәрепинен усы күнге шекем 1200 түрдеги мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 20-апрельдеги «Пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өз билдигинше қурылған турақ жайларға байланыслы мүлк ҳуқықын тән алыў бо­йынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акцияны өткериў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, пуқаралардың турақ жайларына ийелик етиў ҳаққындағы ҳүжжетлери өз ийе­лерине жеткерилип берилди. Соның менен биргеликте, орайға келиў мүмкиншилиги болмаған екинши топар майыплығы бол­ған пуқаралардың үйлерине барып көшпели хызметлер көрсетилмекте. Бүгинги күнге шекем орай тәрепинен жәми 138 юридикалық, 273 жеке тәртиптеги исбилерменлер мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Буннан көринип турғанындай, мәмлекетлик хызметлер орайы хызмети тәрепинен орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар халқымыздың күнделикли мәселелерине тезлик пенен шешим табыўда әҳмийетли орын тутпақта.

Бердақ МӘТНИЯЗОВ,

Қоңырат районлық Мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм рухсат бериўши

ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бөлими бас қәнигеси.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF