Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 11:12:11, 20.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ВЕЛОСИПЕД КҮНИНЕ БАҒЫШЛАНДЫ

Өткен екшемби күни Нөкис қаласында «Халықаралық велосипед күни»не бағышланып веломарафон болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Велосипед спорты федерациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен шөлкемлестирилген илажға  18-30, 31-45 жас аралығындағы ҳәм 45 жастан жоқары болған ҳаял-қызлар ҳәм ерлер қатнасты.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның екиншиси бул жасларды физикалық жақтан шынықтырыў, олардың спорттағы жетискенликлерин жүзеге шығарыў болып табылады. Велосипед спорты федерациясы тәрепинен спорттың усы түрин халқымыз, соның ишинде, ҳаял-қызларымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды турақлы шуғылланыўға тартыў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта.

Жарыс жуўмағында 18-30 жастағы ҳаял-қызлар арасында Камила Досжанова, ерлер арасында Амангелди Бердибаев, 31-45 жастағы ҳаял-қызлар арасында Гөззал Қудайбергенова, ерлер арасында Зарлықбай Нурабуллаев, 45 жастан жоқары болған ҳаял-қызлар арасында Рая Жуманбетова, ерлер арасында Қуўаныш Қудайбергенов биринши орынларды ийеледи.

— Ҳәўескерлер арасында жарысқа биринши мәрте қатнасып атырған болсам да, менде айрықша тәсир қалдырды,-дейди жеңимпазлардан бири, Нөкис компьютер ҳәм хабар технологиялары кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Камила Досжанова. — Келешекте бундай жарысларға турақлы қатнасыўды өз алдыма мақсет етип алдым.

Жарыс жеңимпазларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, республика Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы, Велосипед спорты федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы З.Ибрагимова қутлықлап, оларға диплом және естелик саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF