Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 13:27:12, 29.03.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲАЙЫТ НАМАЗЛАРЫ ОҚЫЛДЫ

Усы жыл 5-июнь — сәршемби күни Мүбәрек Рамазан ҳайты мүнәсибети менен республикамыздағы 50 жомъе мешитинде ҳайыт намазлары оқылып, оларға 15 мыңнан аслам журтласымыз қатнасты.

Усы мүнәсибет пенен пайтахтымыздағы Имам Ийшан Муҳаммед жомъе мешитинде өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қазысы Ш.Бауатдинов жыйналғанларды мүбәрек Рамазан ҳайыты байрамы менен қутлықлады.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң  басшылығында муқаддес Ислам динин улығлаўға,  оның ағла пазыйлетлерин кеңнен үгит-нәсиятлаўға,  халқымыздың диний мәдениятын арттырыўға, мешит ҳәм медиреселердиң, сондай-ақ, диний билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын бекемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Мүбәрек Рамазан ҳайыты ҳәм Қурбан ҳайыты байрамларын кеңнен белгилеў, Ҳаж ҳәм Умра зыяратларына барыў бойынша жаңа имканиятлардың жаратылыўы-елимизде Ислам динине болған жоқары ҳүрмет-итибардың нәтийжеси болып табылады.

Өткен жылдың 15-16-ноябрь күнлери Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары ўақтында усы мәселелерге де айрықша итибар қаратып, муқаддес динимиздиң жақсылыққа шақырыўшы қәдириятларын қарақалпақ тилинде үгит-нәсиятлайтуғын жаңа қолланбаларды таярлаў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Өткен қысқа ўақыт ишинде оғада баҳалы болған «Қураны кәрим» мәнилериниң қарақалпақ тилиндеги аўдармасы ҳәм тәфсириниң 8 мың нусқада сапалы баспадан шығарылыўы халқымыздың мәнаўий турмысындағы ири ўақыялардың бири саналады.

Быйылғы «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры тәрепинен кем тәмийинленген 100 шаңараққа бийпул азық-аўқат өнимлериниң берилгенлиги, имкания­ты шекленген 15 пуқараға майыплық арбашаларының тапсырылғанлығы, Нөкис қаласында медиреседе билим алып атырған жасларға бийпул кийим-кеншеклердиң тарқатылғанлығы сыяқлы көплеген мысалларды атап өткен орынлы. Буннан тысқары, Рамазан айында кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж, майыплығы болған шахсларға, «Меҳрибанлық үйи», Балалар үйи, Мүриўбет үйлерине, арнаўлы мектеп-интернатларға  материаллық жәрдем көрсетилди.

Ҳайыт намазынан шыққан журтласларымыз бир-бирин байрам менен қутлықлады. Елимизге тынышлық, хал­қымызға мол ырысқы-несийбе, дийқанларымызға бәлент қырман тиледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF