Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 14:26:29, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТАШКЕНТ ҚАЛАСЫНДА «МЭИ» МИЛЛИЙ ИЗЕРТЛЕЎ УНИВЕРСИТЕТИ» ФЕДЕРАЛ МӘМЛЕКЕТЛИК БЮДЖЕТИ ЖОҚАРЫ БИЛИМЛЕНДИРИЎ  МӘКЕМЕСИНИҢ ФИЛИАЛЫН ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республиканың энергетика тармағы ушын жоқары қәнигели инженер-техник кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў, жоқары билимлендириў тараўында халық­аралық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, 2018-2019-жылларда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы арасында сия­сий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша келисимлерди әмелге асырыў ушын әмелий илажлар режеси («Жол картасы»)н орынлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Энергетика министрлиги, Энергетика министрлиги жанындағы Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги, «Өзбекгидроэнерго» АЖ, «МЭИ» миллий изертлеў университети Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң (Россия Федера­циясы) (кейинги орынларда — Университет) Ташкент қаласында «МЭИ» миллий изертлеў университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын (кейинги орынларда — Филиал) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Төмендегилер Филиал жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

мәмлекетимиздиң энергетика тармағы ушын билимлендириў бағдарламалары ҳәм жоқары билимлендириўдиң сапасына қойылатуғын халықаралық талапларға муўапық жоқары қәнигели инженер-техник кадрларды таярлаў;

заманагөй билимлендириў бағдарламалары ҳәм оқытыў түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, оқыў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, илим ҳәм техниканың ең соңғы жетискенликлерин енгизиў, оқыў педагогикалық потенциалды раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў;

энергетика, электротехника, ыссылық техникасы тараўында фундаменталь, әмелий илимий ҳәм инновациялық изертлеўлер алып барыў, электр үскенелери ҳәм системаларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў, электр энергетикасы системаларының үнем­лилигин, исенимлилигин ҳәм турақлылығын арттырыўға қаратылған инновациялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

илим ҳәм билимлендириўдиң сапасын, үзликсизлигин ҳәм өз-ара байланысын арттырыў, жәҳән билимлендириў ҳәм илимий жәмийетшилигине мақсетли интеграцияласыўы арқалы қәнигелер ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў системасын жетилистириў, билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм санаат өндириси жумысының өз-ара интеграциясы ушын шараятлар жаратыў;

билимлендириў ҳәм илимий-техникалық тараўларда сырт еллердиң жетекши билимлендириў мәкемелери, илимий-изертлеў орайлары менен узақ мүддетли қатнасықларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў;

шәртнама тийкарында энергетика тармағы шөлкемлериниң зәрүрликлерин есапқа алған ҳәм келисилген ҳалда талап жоқары болған бакалавриат билимлендириў бағдарлары (магистратура қәнигеликлери) бойынша қәнигелердиң маманлығын арттырыў ҳәм оларды қайта таярлаў.

  1. Филиал Университеттиң айрықша структуралық бөлими — жоқары билимлендириў мәкемеси есапланатуғыны;

Филиал кадрларға бол­ған зәрүрликти есапқа ал­ған  ҳәм келисилген ҳалда бакалавриат билимлендириўиниң тийкарғы бағдарлары (магистратура қәнигеликлери) бойынша барлық дәрежедеги қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды, соның ишинде, илимий-педагогикалық кадрлар таярлаўды әмелге асыратуғыны;

Филиалда билимлендириў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў минис­трлиги менен келисе отырып Университет тәрепинен тастыйықланатуғын оқыў режелери ҳәм билимлендириў бағдарламалары тийкарында Россия Федерациясының федерал билимлендириў стандартларына муўапық рус тилинде, кейин ала басқа тиллерде де әмелге асырылатуғыны;

Филиалдың билимлендириў жумысы 2019-2020- оқыў жылынан басланатуғыны;

Филиалға абитуриентлерди қабыллаў ҳәм питкериўшилерди аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисе отырып Университет тәрепинен белгиленетуғын илажлар, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;

Филиал питкериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университеттиң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны;

Филиалдың жумысы Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы нызамшылығына муўапық әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Университет:

оқыў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, илим ҳәм техниканың ең жаңа жетискенликлерин енгизиў;

Филиал қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў ҳәм профессор-оқытыўшылардың қурамын қайта таярлаў;

Филиалдың китапхана фондын қәлиплестириў және оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыўға жәрдемлесетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Төмендегилер:

Ташкент қаласындағы «МЭИ» миллий изертлеў университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалында кадр­лар таярлаў бойынша бакалавриат билимлендириўиниң тийкарғы бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери 1-қосымшаға муўапық;

Ташкент қаласындағы «МЭИ» миллий изертлеў университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының Қәўендерлик кеңеси (кейинги орынларда — Қәўендерлик кеңеси) қурамы 2-қосымшаға муўапық;

Ташкент қаласындағы «МЭИ» миллий изертлеў университети» Федерал мәмлекетлик бюджети жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөл­кем­лестириў бойынша Шөл­кемлестириў комиссиясының (кейинги орынларда — Шөлкемлестириў комиссиясы) қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) Филиалға қабыллаў квоталары Университет, Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Энергетика министрлиги шөлкемлери, «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың қәнигелерге болған реал зәрүрлигин есап­қа алған ҳалда, Қәўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық тастыйықланатуғыны;

б) мәмлекетлик грант тийкарында билим алған Филиал питкериўшилери Қәўендерлик кеңеси тәрепинен бес жылдан кем болмаған мүддетке мәжбүрий ислеп бериў ушын республикалық энергетика тармағы шөлкемлерине бөлистирилетуғыны;

в) Филиалдың жумысын қаржыландырыў төмендегилердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын:

студентлерди мәмлекетлик грантлар бойынша оқытыў ушын Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан, бирақ, Филиалға оқыўға қабылланатуғын студентлер улыўма санының 30 процентинен артық болмаған муғдарда;

студентлерди төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар;

Қәўендерлик кеңесиниң қарарлары тийкарында қәлиплестирилетуғын ақша қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың Қәўендерлик қайырқомлықлары және мақсетли төлемлери;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел шөлкемлериниң грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар;

г) Университет қәнигелерин тартыў менен байланыслы хызмет сапары қәрежетлери, Филиалдағы жергиликли оқытыўшылардың стажировка өтеў ҳәм қәнигелигин арттырыў қәрежетлерин қаржыландырыў «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзбекгидро­энерго» АЖ, Филиалдың бюджеттен тысқары қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың қәўендерлик қайырқомлықлары және мақсетли төлемлериниң есабынан әмелге асырылады;

д) Университеттен тартылатуғын профессор-оқытыўшылардың хызмет сапары қәрежетлери ушын төлем:

30 күнге шекем болған қысқа мүддетли хызмет сапарлары бойынша — Россия Федерациясының нызам ҳүжжетлеринде жоқары билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери ушын белгиленген нормаларға муўапық;

узақ мүддетли хызмет сапарлары бойынша — оқыў процесиниң зәрүрликлеринен келип шыққан ҳалда, дүзилетуғын шәртнамаларға муўапық әмелге асырылады;

е) Қәўендерлик кеңесиниң қарарына муўапық Филиал хызметкерлерине Қәўенлерлик кеңеси тәрепинен қәлиплестирилетуғын қаржылар ҳәм Филиалдың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан арнаўлы үскенелер менен ислесиў көнликпесине ийе, жоқары қәнигели хызметкерлер ушын жеке үстемелер белгилениўи мүмкин;

ж) Филиалдың тәмийнаты ушын бюджет ажыратпалары 2019-жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң социаллық тараў бойынша тастыйық­ланған қәрежетлер пара­метр­лери шеңберинде ажыратылады, 2020-жылдан баслап болса усы тараўдың жыллық қәрежетлер параметрлеринде нәзерде тутылады.

  1. «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ ның Филиалды шөлкемлес­тириў, оның материаллық-техникалық ҳәм оқыў базасын қәлиплестириў, соның ишинде, Филиал ушын ажыратылған имаратлар менен объектлерди қурыў, реконс­трукциялаў, капитал оңлаў, оларды заманагөй оқыў-лабораториялық үскенелер, компьютер ҳәм оргтехника, әдебиятлар ҳәм китапхана фонды, инвентарь, мебель ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен үскенелеў бойынша шөлкемлестириў илажларын төмендеги қатнасларда өз қаржыларының есабынан қаржыландырыў ҳақ­қындағы усынысына келисим берилсин:

«Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ — 50 процент;

 «Өзбекгидроэнерго» АЖ — 50 процент.

  1. Төмендегилер оперативлик басқарыў ҳуқықы тийкарында:

Ташкент қаласы, Алмазар районы Мирза Ғолиб көшеси, 1-жай мәнзилинде жайласқан Алмазар политехника ҳәм стандартластырыў кәсип-өнер колледжиниң имаратлары менен объектлери тутас аймағы менен бирге Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәниге­лестирилген мектеп-интер­натына берилсин;

Ташкент қаласы, Алмазар районы, Қарақамиш-3 мәнзилинде жайласқан Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанындағы Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернатының имаратлары ҳәм объектлери тутас аймағы менен бирге Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетине берилсин ҳәм кейин ала усы жерде Филиал бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жай­ластырылсын.

Ҳәзирги күнде Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернатының имаратларында билим алып атырған Ташкент банк колледжи оқыўшылары оқыў тамамланғанға шекем билимлендириў процесин Ислам Кәримов атындағы Ташкент мәмлекетлик техника университетине берилип атырған имарат ҳәм объект­лерде, Алмазар политехника ҳәм стандартластырыў кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары болса Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернатына берилип атырған имаратлар менен объектлерде даўам еттиретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Шөлкемлестириў комиссиясы (А.Султонов):

2019-жыл 1-июльге шекем филиалға берилип атыр­ған имаратлар ҳәм объектлер, соның ишинде, оқыў-лаборатория корпусы ҳәм спорт имаратларының реконструкцияланыўы, сондай-ақ, Филиалдың сту­дентлери ҳәм оқытыўшылары жасаўы ушын жатақханалар таярланыўы;

2019-жыл 20-августқа шекем Филиал орналастырылыўы, Филиалға берилип атырған имаратлар менен объектлердиң заманагөй оқыў-лабораториялық үскенелер, компьютер ҳәм оргтехника, әдебиятлар ҳәм китапхана фонды, инвентарь, мебель ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен үскенелениўин тәмийинлесин.

  1. Филиалға оқытыўшылық ҳәм илимий жумыслар ушын шақырылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының жасаў ҳәм транспорт қәрежетлерин дүзилетуғын шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасы пуқаралар ушын белгиленген тарифлерде төлеўге рухсат берилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Университет, «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ ҳәм «Өзбекгидроэнерго» АЖ менен биргеликте:

бир ай мүддетте шөлкемлестириў ҳүжжетлери ислеп шығылыўын ҳәм келисилиўин, сондай-ақ, белгиленген тәртипте Филиал мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин;

еки ай мүддетте Филиалдың структурасы тастыйықланыўын;

2019-жыл 1-августқа шекем Филиалды таңлаў тийкарында қәнигели профессор-оқытыўшылар қурамы менен толықтырылыўын тәмийинлесин.

  1. Филиалға берилип атырған имаратлар менен объектлерди реконструк­циялаў, қурыў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў менен байланыслы жумыслардың орынланыўы бойынша төмендегилер:

«4-санлы қурылыс дирекциясы» ЖШЖ — буйырт­пашы;

«Гидрожойбар» АЖ — бас жойбарлаў шөлкеми;

«Tupalang HPD Building» УК — бас жумысты бөлип алыўшы шөлкем етип белгиленсин.

  1. Филиалға еки жеңил автотранспорт, соның ишинде, бир хызмет ҳәм бир нәўбетши автотранспорт қуралын сақлаўға лимит ажыратылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2020-жыл ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Инвести­циялық бағдарламаны қәлиплестириўде тастыйықланған жойбарлаў-сметалық ҳүжжетлерге муўапық «Ыссылық электр станциялары» АЖ, «Өзбекстан миллий электр тармақлары» АЖ, «Аймақлық электр тармақлары» АЖ, «Өзбекгидроэнерго» АЖ қаржыларының есабынан қаржыландырылатуғын, Филиалға берилип атырған имаратлар менен объектлерди қурыў, реконс­трукциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў бойынша жойбарлар белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
  3. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер минис­трлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпаларына муўапық усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм административлик хызметкерлер және олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық және басқа да жыйымлар өндирилмей, белгиленген тәр­типте рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер минис­трлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпаларына муўапық усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшыларының қурамы ҳәм административлик хызметкерлер және олардың шаңарақ ағзалары ушын кириў визалары консуллық және басқа да жыйымлар өндирилмей, белгиленген тәр­типте көп мәртелик визалар берилиўи ҳәм создырылыўын, сондай-ақ, олардың жасаў орнында ўақтынша дизимнен өткерилиўин ҳәм оның мүддети создырылыўын тәмийинлесин.
  5. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Филиал буйыртпаларына муўапық Филиалдың жумысын шөлкемлестириўде қатнасатуғын қәнигели сырт ел қәнигелерин республикаға тартыў ушын белгиленген тәртипте рухсатнамалар берилиўин (мүддети узайтылыўын), сондай-ақ, көрсетип өтилген пуқаралардың Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына тастыйықлаўлар берилиўин (мүддети создырылыўын) тәмийинлесин.
  6. 2022-жыл 1-январьға шекем Филиалды реконструкциялаў, капитал оңлаў, үскенелеў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплес­тирилетуғын дизимлер бо­йынша алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын оқыў ҳәм илимий лабораториялық үскенелер, компьютер техникасы, программалық өнимлер, оқыў ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар, инвентарь, қурылыс материаллары ҳәм материаллық-техникалық ресурслар бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестирилиўи ушын жыйымлардан тысқары) азат етилсин.
  7. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 19-июльдеги «Әбу Әли ибн Сино атындағы жас биологлар ҳәм химиклер қәнигелестирилген мектеп-интернатын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 557-санлы қарарының 4-бәнти өз күшин жойыт­қан деп есаплансын.
  8. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Энергетика министрлиги мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас минис­триниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

 

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2019-жыл 4-июнь.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF